Бүгинги муқаддес рамазан күнлеринде көплеген мәкеме, шөлкемлер тәрепинен жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алыў, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жәрдемге мүтәж шаңарақларға қайыр-сақаўат көрсетиў илажлары әмелге асырылмақта.

Күни кеше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Дүйсенбай Утамбетов Нөкис районында жасайтуғын кем тәмийинленген, жалғыз баслы, бағыўшысын жоғалтқан 20 шаңараққа барып, жағдайынан хабар алды. Өз есабынан олардың ҳәр бирине 250 мың сумнан жәрдем көрсетти.

– Жақсылық, қайыр-сақаўат, мийрим-шәпәәт сыяқлы жақсы пазыйлетлер халқымыздың әзелий қәдириятлары болып есапланады,-дейди Д.Утамбетов.

Республикамызда бундай қайырлы илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги