1924-жылы Шымбай районыныӊ Бахытлы елатында туўылған урысқа шекем колхозда бригадир болып жумыс ислейди.
1942-жылы армия қатарына шақырылған ол , дәслепки оқыў-шынығыў таярлықлардан соӊ, Беларуссия фронтыныӊ 70-армиясы 113-атқышлар полкында саўашларға пулемётшы болып қатнасады.
Бурын колхозда жумыс ислеп азы-кем болса да турмыслық тәжирийбе топлаған ол, 1944-жылдыӊ 28 –февраль күни изине өз қуралласларын ертип, Днепр дәрьясын кешип өтеди. Соӊынан душпан траншеясын басып алып, фашистлердиӊ оннан аслам әскерлерин жоқ етеди ҳәм Беларуссияныӊ Озерица аўылын душпанлардан толық азат етиўге ериседи.
Оныӊ саўашта көрсеткен ерлиги армия командирлери тәрепинен ылайықлы баҳаланып, оған 3-дәрежели «Даӊқ» ордени бериледи.
Сондай-ақ, мәрт жерлесимиз Жолдасбай Қәлимбетов 1944-жылдыӊ 24-июнь күни Беларуссияныӊ Гвардейское аўылын душпанлардан азат етиўде 45 тен аслам фашистти жоқ еткен болса, 27-июнь күни Новая Шароевщина аўылындағы саўашта душпан пулемётшысын өлтирип, 6 фашистти тутқынға алады.Ал, 12-июль күнги Заблоде аўылы ушын саўашта өз пулемёты менен 15 тен аслам душпан әскерин жоқ етиўге ериседи.
Бул ерликлери ушын оған 2-дәрежели «Даӊқ» ордени тапсырылады.
1944-жылдыӊ 1-сентябринде душпанлар менен болған қыян-кести қанлы саўашлардыӊ биринде Жолдасбай Қәлимбетов урыс даўамында үшинши мәрте жарақат алады. Бул сапарғы жарақат күтә аўыр еди ҳәм сонлықтан ол госпитальға жатыўға мәжбүр болады. Бирақ, өз пикиринен қайтпайтуғын қайсар жаўынгеримиз жарақаты жазылғаннан соӊ және саўаш майданына қайтып, 38-атқышлар дивизиясында бөлим командири сыпатында өз әскерлерин Уллы Жеӊиске қарай баслап барады.
Әсиресе, ол 1945-жылдыӊ 27-март күни Польшаныӊ Гдыня қаласы ушын болған саўашта биринши болып өз әскерлерин ҳүжимге баслайды ҳәм қаланы фашистлерден тазалап, жеке өзи 12 душпан әскерин жоқ етеди.
Ол саўашта көрсеткен усындай ерлиги ушын 3-дәрежели «Даӊқ» ордени менен және бир мәрте қайта сыйлықланады. Себеби, оныӊ сыйлыққа усынылған ҳүжжетлеринде алдын сыйлықланбаған деген жазыў болған.
1945-жылы урыстан қайтқан ол Нөкис районында 1961-жылға шекем совхозда жумысшы, тоғай хожалығында бригадир болып жумыс ислейди.
Ал, 1983-жылдыӊ 13-апрелинде СССР Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ Пәрманы менен 1945-жылдыӊ 14-апрелинде Армия сәркардасыныӊ шығарған буйрығы бийкараланып, оған 1-дәрежели «Даӊқ» ордени тапсырылады.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги