1923-жылы Шоманайда дийқан шаӊарағында туўылған Рейим Сайыпназаров мектептиӊ 7-класын тамамлап, урысқа шекем колхозда жумыс ислейди.
1942-жылдыӊ июнь айында армия қатарына шақырылған ол 2-Беларуссия фронтыныӊ 50-армиясыныӊ 385-атқышлар дивизиясында барлаўшы(разведкашы) сыпатында саўашларға қатнасады.
Әсиресе, аға сержант Рейим Сайыпназаров 1944-жылдыӊ 27-июнь күни түнде Беларуссияниӊ Могилёв ўәлаяты Лыково аўылына барлаўшылар топары менен бириншилер қатарында жетип келип, душпанлар менен шайқасқа түсип кетеди ҳәм олардыӊ пулемёт точкасын жоқ етеди.
Соӊынан ол қашып баратырған душпанлардыӊ изин қуўып, Днепр дәрьясын кешип өтеди ҳәм бир қанша фашистлерди жоқ етип, олардыӊ екеўин тутқынға алады ерлиги ушын Рейим Сайыпназаров 3-дәрежели Даӊқ ордени менен сыйлықланады.
Сондай-ақ, 1944-жылдыӊ 4-августы күни түнде бизиӊ жерлесимиз Рейим Сайыпназаров Польшаныӊ Белосток қаласыныӊ Милевска елатлы пункти тусындағы саўашта бир неше фашистлерди жоқ етип, бир әскерин тутқынға алады ҳәм бул мәртлиги ушын 2-дәрежели Даӊқ ордениниӊ менен сыйлықланады.
Ал, 1944-жылдыӊ 10-октябрь күни түнде Рейим Сайыпназаров Польшаныӊ Остроленка қаласына 3 км арқа-батыс тәрепте болған саўашта аўыр жарақат алыўына қарамастан душпанныӊ пулемётын басып алып, 4 фашистти өлтирип, биреўин тутқынға алып, штабқа алып келеди.
Ол бул хызмети ушын Қызыл Жулдыз ордени менен сыйлықланады.
Усындай ерликлерге толы ис-ҳәрекетлери менен өз қуралласларына үлги болып жүрген бизиӊ мәрт ҳәм қаҳарман жерлесимиз, аға сержант Рейим Сайыпназаров 1945-жылдыӊ 14- февраль күни Польшаныӊ Черск қаласы ушын болған саўашта мәртлерше қаза табады.
СССР Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ 1945-жыл 24-марттағы Пәрманы менен саўашларда көрсеткен ерлиги ушын Рейим Сайыпназаров өлиминен соӊ 1-дәрежели Даӊқ ордени менен сыйлықланады.
Солай етип Советлер Аўқамына барабар болған Даӊқ ордениниӊ толық кавалери шоманайлы мәрт жаўынгер Рейим Сайыпназаровтыӊ урыста көрсеткен бул ерликлери халқымыз ушын мақтаныш болып, келешек әўладларымыздыӊ ядында мәӊги сақланады.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги