Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қоңырат районлық Кеңесиниң басламасы менен улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Ҳуқық билимданы» таңлаўы өткерилмекте.
Усындай таңлаў райондағы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти. Онда мектептиң 10-11-класс оқыўшылары өзлериниң сиясий-ҳуқықый билимлерин сынақтан өткерди.
-Бул таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, жаслардың сиясий-ҳуқықый билимлерин, бул бағдардағы мәдениятын жетилистириў, Конституция ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдан ибарат,-дейди партияның районлық Кеңесиниң баслығы Мавлюда Ембергенова.-Соның менен бирге, жасларда идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў, экстремизм ҳәм терроризм сыяқлы жат иллетлердиң аянышлы ақыбетлерин кеңнен түсиндириў, қәбилетли оқыўшыларды анықлаў ҳәм оларды хошаметлеў болып табылады. Бул илажды өткериўде депутатларымыз белсендилик көрсетпекте.
Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги