Алдын хабар еткенимиздей, Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлери жақында Нөкис қаласында жайласқан бирқатар өндирис орынлары менен социаллық әҳмийеттеги объектлерге саяхат еткен еди. Студентлер сүт өнимлерин қайта ислеўши “Панамилк” кәрханасы жумыслары менен де жақыннан танысты.
Бул кәрхананы Италия ҳәм Россияда оқып, тәжирийбе арттырып келген Тимур Панаев басқармақта. Кәрхана 2014-жылдың январь айында иске түсирилген болып, дәслепки ўақытлары 300 литр сүт пенен өз жумысын баслап, үш түрли өним ислеп шығарған болса, бүгинги күнде күнине 5 тонна сүттен 55 түрли сүт өнимлерин ислеп шығармақта.
“Панамилк” сүт өнимлерин қайта ислеўши кәрханасы Италия ҳәм Болгариядан алып келинген заманагөй технологиялар менен үскенеленген.
– Дәслепки ўақытлары жергиликли фермер хожалықлардан сүт алып өним ислеп шығардық, бирақ, талаптың артып барыўы менен бизге және де көбирек ҳәм сапалы сүт керек болды, дейди кәрхана басшысы Т.Панаев. – Сонлықтан биз Германиядан Қарақалпақстан ықлымына ийкемлесе алатуғын 60 бас қара малларды ҳәм Австриядан заанен нәсилли 300 бас ешки алып келдик. Бүгинги күнде бул маллардан күнине 17 литрден 21 литрге шекем сүт алып атырмыз. Ал ешкилерден болса сыр өнимин ислеп шығарыўда пайдаланбақшымыз, себеби дүнья тәжирийбесинде сыр өними ешки сүтинен исленеди.
Кәрханада еки сменада 20 адам жумыс ислейди. Алып келинген сүт өнимлериниң тутыныўға жарамлылығын тексериўши Болгариядан алып келинген лабораториялық әсбап сүттиң 6 қәсийетин 120 секунд ишинде тексериўден өткереди ҳәм анықлап береди.
– Мен сүт пенен сөйлесемен, дейди жас исбилермен Т.Панаев. – Сүт те тири организм, оның менен сөйлесиў керек, оны тыңлаў керек. Сонда сиз сүттен қандай өним ислеп шығарыўды билип аласыз.
Исбилермен Тимур Панаев: “Сүт пенен сөйлесемен”
Усы кәрханада жақында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапарында оның менен ушырасып, «Каптива» автомашинасы саўғасын алған Алишер Қурбанов та ислейди екен. Пресс-тур қатнасыўшылары оның менен де пикир алысты. Бул ҳаққында кейинирек мағлыўмат беремиз. Сайтымызды бақлап барың.
А.Ажимуратов,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги