Усы жыл 6-май күни И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Өнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Кестешиликтиң қарақалпақ өнерментшилигинде тутқан орны» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Оған пайтахтымыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқыўшылары ҳәм кестешилик өнерине қызығыўшы ҳаял-қызлар қатнасты.

Онда Қарақалпақ  гуманитар илимий-изертлеў институтының этнография бөлими баслығы З.Қурбанова, И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң этнография бөлими баслығы А.Пирназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, кестешилик өнериниң турмысымызда тутқан орны, раўажланыўы, оны  бүгинги заманға бейимлестирип ислеў ҳәм кийим-кеншеклерде пайдаланыў жоллары, сондай-ақ, нағыслардың кийимлерге жайласыў композициясы ҳәм кийим  реңлерин таңлаў бойынша мағлыўматлар берилди.

Буннан соң, илаж қатнасыўшылары ушын Миллий каталогке кирген уста-өнермент Гүлнара Ембергенованың басшылығында «Кеўлимдеги ғайры нағыслар» атамасында мастер-класс өткерилди.

Уста-өнермент жасларға кестешилик өнери бойынша мағлыўмат берип, нағыс түрлери ҳәм оны тоқыў усыллары, нағысларды кийим-кеншеклерге тигиў жоллары ҳаққында кең түрде атап өтти.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы