Усы жыл 5-6-май күнлери «Өзбеккино» миллий агентлигиниң басламасы менен Нөкис қаласы ҳәм Кегейли, Бозатаў, Мойнақ районларында «Жаңа Өзбекстан–миллий кинематография» сүрени астында «Кинокәрўан» күнлери өткерилди.
«Кинокәрўан» күнлери Нөкистеги С.Бегжанов атындағы республикалық балалар туберкулезге қарсы гүресиў санаториясында, Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде ҳәм И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда өткерилди.
Оған режиссёрлар, аниматорлар ҳәм белгили кино актёрлары қатнасты.
– «Кинокәрўан» күнлерин өткериўдеги тийкарғы мақсет – халқымыздың руўхый дем алыўын ҳәм сүўретке алынған фильмлеримиз арқалы елимиз тарийхы, ата-бабаларымыздың қаҳарманлықлары, миллий қәдириятларымыз бенен үрп-әдетлеримиздиң гөззалығын көрсетиў болып табылады, – дейди “Қарақалпақкино” агентлигиниң жетекши қәнигеси Қуўат Тилепов. «Кинокәрўан» күнлери даўамында миллий киномыз бенен байланыслы мәселелер бойынша пикирлесиўлер ҳәм белгили кино шеберлери менен ушырасыўлар өткерилди.
«Кинокәрўан» күнлери Кегейли, Бозатаў ҳәм Мойнақ районларында да жоқары көтериңкилик жағдайда өткерилди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы