Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, халықтың саламатлығын сақлаў бағдарында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын  тәмийинлеў, медицина хызметкерлериниң потенциалын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, жәмийетшилик тәрепинен медициналық  хызметлердиң көлеми ҳәм сапасын арттырыў бойынша билдирилген усынысларды инабатқа алып :

  1. Шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда «медицина бригадалары» жумысын жолға қойыў, сондай-ақ, район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалар тәрепинен халыққа және де сапалы медициналық хызметлер көрсетиў көлемин кеңейтиў ушын 2021-жыл 1-июльден баслап 10 мың, 2022-жыл 1-январьдан баслап болса және қосымша 10 мың  орта медицина хызметкерлери штатлары ажыратылсын.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев):

Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте  2021-жыл 1-июньге шекем шаңарақлық шыпакер пунтклери, шаңарақлық поликлиникалар және район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалардың зәрүрлигинен келип шығып,  олардың жаңаланған штат нормативлерин тастыйықласын;

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм жетекши сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда,  2021-жыл 1-августқа шекем орта  медицина хызметкерлериниң статусын арттырыў көзқарасынан олардың маманлық талаплары, ўазыйпалары, ўәкилликлери, жуўапкершилиги, қәнигелик бағдарларын кеңейтиў, лаўазымларын, сондайақ, оқыў бағдарламалары ҳәм режелерин толық қайта көрип шыққан ҳалда, орта медицина хызметкерлерин таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистирсин және оны  2021/2022 оқыў жылынан баслап толық енгизсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликериниң зәрүрлиги бар болған аўыр шараяттағы район (қала)лық медицина бирлеспелери басшыларының лаўазымларына республикалық қәнигелестирилген медицина орайлары, олардың филлиаллары, жоқары медициналық билимлендириў мәкемелери, олардың жанындағы клиникалардың тәжирийбели басшы хызметкерлери ҳәм қәнигелерин шәртнама тийкарында белгили мүддетке тартыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери бул басшы хызметкерлер ҳәм қәнигелерге тийкарғы жумыс орнындағы орташа айлық мийнет ҳақы муғдарын сақлаған ҳалда, олар тартылған медицина бирлеспесиниң баслығы лаўазымындағы  айлық мийнет ҳақысы толық төлеп берилиўин, бул қәрежетлер және олардың турақ жай ижарасы төмлемлерин Қарақалпақстан Республикасы республикалық  бюджети ҳәм ўәлаятлардың  жергиликли бюджетлери қаржылары есабынан  қаплап берилиўин тәмийинлесин.

  1. Орайлық район (қала)лық емлеўханалардың Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын әмелдеги койкалар фондының 10 проценти 2022-жыл 1-январьдан баслап, және қосымша 10 проценти 2023-жыл 1-январьдан баслап төлем тийкарында медициналық хызметлер көрсетиўден түсетуғын бюджеттен тысқары қаржылар есабынан тәмийинленетуғын койкалар фондына өткерилетуғыны;

буннан босайтуғын Мәмлекетлик бюджет қаржылары район (қала)лық емлеўханалардың  дәридәрмақлар, реактивлер ҳәм медициналық үскенелердиң  тәмийнатын жақсылаўға және ўәлаятлық медицина мәкемелеринде қосымша койка фондын шөлкемлестириўге қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте  2021-жыл 1-октябрьге шекем 2022-жыл ушын, 2022-жыл 1-октябрьге шекем  болса 2023-жыл ушын ҳәр бир район (қала)лық емлеўханалар кесиминде босайтуғын қаржылар көлемин ҳәм оларды жумсаў бағдарларын белгилеп берсин.

  1. 2021-жыл 1-июльден баслап мийирбийкелик жумысы өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс (жумыслар, хызметлер) түрлери дизимине киргизилсин.

Мийирбийкелик жумысын әмелге асырыўға өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын орнатылған тәртип пенен бир қатарда төмендеги талаплар  белгиленсин:

мийирбийкелик жумысын тек  орта медициналық  ямаса  жоқары мийирбийкелик жумысы бағдары бойынша жоқары мағлыўматқа  ийе Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли  мәлимлеме системасында 2022-жыл 1-январьдан баслап  дизимнен өткен  шахслар  әмелге асыратуғыны;

медициналық емлеўлер усы Пәрманның 1-бәнтиниң төртинши абзацына  муўапық орта медицина хызметкерлериниң статусын арттырыўдан келип шығып орынланатуғыны;

мийирбийкелик жумысы менен шуғылланып атырған шахс  белгиленген мүддетлерде өз қәнигелигин арттырып баратуғыны  белгиленсин.

Министрлер Кабинети  бир ай мүддетте  орта медицина хызметкерлери тәрепинен өзин-өзи бәнт еткен ҳалда мийирбийкелик жумысын әмелге асырыў тәртибин тастыйықласын.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев) 2021/2022 оқыў жылынан баслап клиникалық ординатура қәнигеликлери бойынша қабыллаў квотасын еки есеге арттырсын.

Онда, төмендегилерди нәзерде тутатуғын  клиникалық ординатурада оқытыўдың жаңа системасы енгизилсин:

а) клиникалық ординатурада оқыў дәўириниң екинши жылы  аймақлардағы қәнигелескен медицина орайлары филиалларында, ўәлаятлық балалар ҳәм жасы үлкенлер көп тармақлы медицина орайлары, Республикалық қыстаўлы тез медициналық жәрдем орайы филиалларында өткериледи, сондай-ақ,  белгили бир бөлеги жумыс орнында даўам еттириледи;

б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент  қаласы ҳәкимликлери тәрепинен:

аймаққа зәрүр болған тар қәнигеликтеги шыпакерлерди таярлаў ушын тийисли жергиликли бюджеттен жетерли муғдарда  грант ажыратылады ҳәм усы грант  тийкарында билим алған питкериўшилерге  тийисли аймаққа барып, үш жыл ислеп бериў миннетлемеси жүкленеди;

аймаққа жумыс ислеў ушын жиберилетуғын тар қәнигеликтеги шыпакерлердиң жасаў қәрежетлери жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.

  1. 2021-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине төмендеги жумыс түрлери менен шуғылланыўға руқсат берилсин:

арнаўлы автотранспорт қуралында шөлкемлестирилетуғын «мобиль медицина» хызмети жәрдеминде  орнына шыққан ҳалда халыққа медициналық хызмет көрсетиў;

мәмлекетлик емес  шөлкемниң  орта медицина хызметкерлеринен ибарат «медициналық пунтк»лерин  дүзиў.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери  Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте усы бәнтте көрсетилген илажларды әмелиятқа толық енгизиў мақсетинде мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери ушын зәрүр шараятлар жаратсын, олар арасында түсиндириў жумысларын алып барсын.

7.Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-ноябрьге шекем  бийпул жәрдем алыў  ҳуқықын  беретуғын ордер бериў системасын мәлимлеме технологияларын қолланған ҳалда енгизсин. Онда:

мүтәж шаңарақлардың «Социаллық қорғаўдың бирденбир реестри» мәлимлеме системасына муўапық анықланатуғыны;

жеңилликли категориядағы шахслар ушын Мәмлекетлик бюджет  қаржылары есабынан емленетуғын кеселликлердиң дизими, медициналық хызметлердиң көлеми ҳәм медицина мәкемесиниң дәрежелери Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда белгиленетуғыны;

жеңилликли категориядағы шахсларға мәмлекет тәрепинен кепилленген медициналық  хыхметлердиң көлеми, түри ҳәм кеселликлер дизиминен тысқары көрсетилетуғын  медициналық ҳәм басқа да жәрдемлер қосымша есапланатуғыны және олар тәрепинен белгиленген тәртипте ҳақы  төленетуғыны нәзерде тутылсын.

Қаржы министрлиги республикалық қәнигелестирилген медицина орайларында бийпул емлениўге ордерлер бериў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти тапсырмаларына тийкарланып аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў  илажлары ушын бюджет параметрлеринде нәзерде тутылған қаржылар есабынан 2021-жылы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қосымша 80 миллиард сум  қаржы ажыратсын.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Қәбилетли ҳәм маман медицина қәнигелерин қоллапқуўатлаў ҳәм медициналық мәкемелерге тартыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.

Қорды қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары;

мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелери тәрепинен Қорға бағдарланатуғын ажыратпалар;

халықаралық финанс шөлкемлериниң грант қаржылары;

нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң сораўына тийкарланып 2021-жылы Қорға 50 миллиард сумға шекемги муғдарда қаржы ажыратсын, 2022-жылдан баслап болса зәрүр қаржыларды Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.

Қор қаржыларының қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықланатуғын Жумысшы топардың қарарына тийкарланып аймақлық медицина мәкемелерине сырт елден жумысқа тартылатуғын маман қәнигелер, сондай-ақ, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған тәжирийбели қәнигелерге зәрүр шараятлар жаратыў, соның ишинде, оларды материаллық жақтан хошаметлеў төлемлерин әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди әмелге асырыў ушын қаратылатуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери аймақлық медицина мәкемелерине сырт елден жумысқа тартылатуғын маман қәнигелерди тийисли жергиликли бюджетлер қаржылары есабынан турақ жай менен тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы (кейинги орынларда – Палата) 2021-жыл 1-июльден баслап оған Врачлар ҳәм фармацевтлерге лицензия бериў және аттестациядан өткериў республикалық орайын қосып алыў жолы менен қайта шөлкемлестирилсин ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасына өткерилсин.

Палата Врачлар ҳәм фармацевтлерге лицензия бериў және аттестациядан өткериў республикалық орайының барлық ҳуқықлары, миннетлемелери менен шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

Врачлар ҳәм фармацевтлерге лицензия бериў және аттестациядан өткериў республикалық орайының қаржылары, мүлки, соның ишинде, имарат ҳәм объектлер, авторанспорт қураллары, үскене, техника ҳәм инвентарьлар Палатаға өткерилетуғыны;

Палатаның басшысына, зәрүр жағдайларда, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан шәртнама тийкарында қәнигелерди тартыў ҳуқықы берилетуғыны;

Палата ҳәм оның аймақлық бөлимлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан сақланатуғын басқарма хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 110 етип белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Палатаға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин аттестациядан өткериў және оларға маманлық категорияларын бериў;

медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң өз қәнигелиги ҳәм кәсиплик дәрежесин турақлы түрде арттырып барыўын тәмийинлеў;

аттестациядан өткериў ҳәм маманлық категорияларын бериў процесине заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў арқалы оның ашық-айдынлығын тәмийинлеў.

  1. Денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм медицина хызметкерлериниң потенциалын арттырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2021-жыл 1-июньнен баслап медициналық техника, медициналық буйымлар ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерин дизимнен өткериў нәтийжелери Өзбекстан Республикасында тән алынатуғын сырт елли шөлкемлердиң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Усы қосымшада көрсетилген шөлкемлердиң талапларына тийкарланып сертификатланған медициналық техника, медициналық буйымлар ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклери Өзбекстан Республикасының аймағында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўинде лаборатория сынақларынан өткерилмейтуғыны ҳәм орнатылған тәртипте он бес жумыс күнинен кешиктирместен дизимнен өткерилетуғыны белгиленсин.

Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Б.Азимов) Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, «Өзстандарт» агентлиги, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте усы бәнтте нәзерде тутылған медициналық техника, медициналық буйымлар және олардың комплектлеўши бөлеклерин тосқынлықларға жол қоймастан республика аймағына алып кириў үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.

  1. Усы Пәрманның 3 ҳәм 7-бәнтлери 26 район (қала)да Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-ноябрьдеги «Басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысына пүткиллей жаңа механизмлерди енгизиў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6110-санлы Пәрманында, Сырдәрья ўәлаятында болса Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-ноябрьдеги «Денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириўдиң жаңа модели ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин Сырдәрья ўәлаятында енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4890-санлы қарарында белгиленген өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда қолланылыўы мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлери 5-қосымшаға муўапық 2021-жыл 1-июньнен баслап өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  4. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Бас министрдиң кеңесгөйи О.М.Умаров ҳәм денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.А.Азизов «Электрон денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системаларының бирден-бир комплексин енгизиў ҳәм бақлап барыў, олардың басқа мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграциясын тәмийинлеў, зәрүр болғанда, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм киргизиў, сондай-ақ, медицина тараўын санластырыў жағдайы ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизиў бойынша тиккелей жуўапкер екени белгилеп қойылсын.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаев, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиев, денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев, оның орынбасарлары А.Ш.Иноятов, У.Ю.Собиров, Э.И.Баситханова, А.А.Азизов, А.В.Алимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
  7. Усы Пәрманның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 5-май