Хельсинкиде қала көшелерин тазалайтуғын робот сынақтан өткерилди.

Бул техниканың авторы – «Trombia Technologies» компаниясы.

Әжайып автомобиль ямаса газон орыў үскенеси көринисиндеги «Trombia Free» роботының узынлығы үш ярым метр, ени щёткалары менен қосылғанда үш метрге жетеди.

Иске қосыўдан алдын робот әтирапты ҳәм тосқынлықларды көриўи ушын камерасын иске қосады және күнниң қәлеген ўақтында ислейди.

Тазалаў даўамында оның тезлиги саатына 6 километрге шекем жетип, заряды қуўатлылығы бойынша 8 сааттан 17 саатқа шекем ислей алады. Күшейтилген тәртипте оның жумыс ўақты еки есеге азаяды.

 

ӨзА