Миллий баспасөз орайында 3-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хызметиниң гезектеги брифинги болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов өткен ҳәптеде мәмлекетемиз басшысының қатнасыўында болып өткен илаж ҳәм ўақыялар ҳаққында ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине мағлыўмат берди.
Шерзод Асадов дәслеп елимиздеги барлық баспасөз хызметкерлерин 3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни менен қутлықлады.
– Соңғы жылларда мәмлекетимиздиң ғалаба хабар қураллары хақыйқатында да еркин ислей баслады, орынлардағы үлкен машқалаларды, коррупция жағдайларын көтерип шығып атыр. Бул, әлбетте, Президентимиздиң сиясий ерк-ықрары, сөз еркинлиги жолындағы исеними себепли. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, бул тараўдағы реформалар артқа қайтпайды. Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў, сөз еркинлиги, улыўма, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша жумысларымыз избе-из даўам еттириледи, – деди ол.
Илажда байрамға байланыслы қутлықлаў сыпатында Президент баспасөз хызмети тәрепинен таярланған видеоролик көрсетилди.
Бизге белгили, өткен ҳәптеде мәмлекетимиз басшысының жумыс кестеси ҳәр ўақыттағыдан тығыз, бир-биринен әҳмийетли ўақыяларға бай болды. Президент Шавкат Мирзиёев көп қабатлы жайларға хызмет көрсетиўди жақсылаў бойынша презентация менен танысты, еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары бойынша мәжилис өткерилди. 29-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин менен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы сол күни Түркменстанға барып, Президент Гурбангули Бердимухамедов пенен ушырасты. Түркменстан басшысының әкеси Маликгули Бердимухамедовтың естелигине бағышланған ифтарда қатнасты.
Өткен ҳәптеде Тәжикстан менен Қырғызстан шегарасында жағдай кескинлескен еди. Президентимиз жақын қоңсы ҳәм туўысқан сыпатында 30-апрель-1-май күнлери Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Президентлери менен турақлы байланыста болып, барлық тартыслы мәселелерди дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик руўхында, конструктивлик ҳәм исенимге тийкарланған сөйлесиў арқалы биргеликте шешиўге шақырды.
Мәмлекетимиз басшысы 30-апрель күни ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры Маттео Мекаччи басшылығындағы делегацияны қабыл етти. Сол күни аймақларда жергиликли санаатты раўажландырыў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Жума күни мәмлекетимиздеги инсаныйлық сиясатының үлгиси, мубәрек Рамазан айындағы қайырқомлық ислердиң даўамы сыпатында «Меҳр-5» операциясы әмелге асырылып, елимизге Жақын Шығыстан 93 ҳаял ҳәм олардың балалары алып келинди. Солай етип, усы ўақытқа шекем өткерилген 5 операция нәтийжесинде 435 ўатанласымыз Жақын Шығыс ҳәм Аўғанстандағы қураллы соқлығыслар ошақларынан қайтарылды.
Брифингте Президенттиң қатнасыўында шемби күни Ташкент ўәлаятының Қибрай районында 104 гектарлық бағ қурыўға кирисилгени, оған «Жаңа Өзбекстан» бағы деп атама берилгени ҳаққында да атап өтилди.
Илажда усы ҳәптеде күтилип атырған әҳмийетли илажлардың қысқаша анонсы журналистлерге жеткерилди. Атап өтилиўинше, бул ҳәптеде коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша видеоселектор өткерилиўи режелестирилген.
– Видеоселекторда мәмлекетлик уйымлар, ҳәкимлердиң есабатлары тыңланады. Кейинги ўақытларда бақланып атырған ўақыяларды, анықланып атырған коррупциялық жағдайларды еситип атырсыз. Бул ҳаққында алдынғы селекторларда да айтылды. Президентимиз «Әлпайымлық етиў дәўири тамамланды. Ҳәмме бирдей – нызам үстин, жаза сөзсиз», деди. Бул мәселе турақлы қадағалаўда ҳәм тез арада айрықша селектор шөлкемлестирилип атырғаны коррупцияға қарсы гүресиў маўасасыз түрге енип атырғанынан дәрек береди, – деди Президент баспасөз хаткери.
Сондай-ақ, ҳәпте даўамында шет тиллерин оқытыў системасын жетилистириў, Токио Олимпиадасына спортшыларымызды таярлаў бойынша мәжилислер өткерилиўи күтилип атырғаны, аўыл хожалығы техникасы кәрханаларын трансформациялаў бойынша презентация мөлшерленгени мәлим етилди.
ӨзА