Өзбекстан көркем өнер академияси Қарақалпақстан бөлими ҳәкимшилиги басламасы менен 2-май күни бир топар художниклер тәрепинен «9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» алдынан Нөкис қаласындағы “Сәлмен ата”, “Шорша” ҳәм рус қәбиристанларында «Бабаларымызды еслеў-муқаддес қәдирият» атамасында қайырқомлық илажы шөлкемлестирилди.
Илаж дәслеп дүньядан өткен инсанлардыӊ ҳүрметине Қуран аятын оқыў менен басланды.
Соны атап өтиўимиз керек бул қойымшылықларда көркем өнер ҳәм мәденият тараўында дөретиўшилик жумыслар алып барған белгили художниклер Ф.Мадгазин, И.Савицкий, Б.Нурымбетов, Ж.Изентаев, И.Алибеков, М.Қудайбергенов, Б. Тәӊирбергенов, М.Бердимбетов, мүсинши Т.Саиповлар мәӊги қоным тапқан.
Қайырқомлық илажында бул пидайы инсанлардыӊ қәбирлери әтирапы абаданластырылып, олардыӊ қулпытасларын қайта оӊлаў жумыслары жүргизилди.
-“Әлбетте, бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыў тийкарында ата-бабаларымыздыӊ руўхын шад етиў ҳәм қәдирлеў, оларға ҳүрмет-иззет көрсетиў ҳәм саўаплы ислерди жаслар арасында кеӊнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ен жайдырыў сыяқлы идеялар жатыр,»-дейди көркем өнер таныўшы Шоҳиста Абдураҳманова . -“Усындай қайырқомлық акцияларын турақлы өткерип келмектемиз. Олар жас әўлад қәлбинде инсаныйлық пазыйлетлерин беккемлеўде де айрықша әҳмийетке ийе”.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги