2021-жыл 27-апрель күни Қарақалпақстан хабар агентлиги сайтында жәрияланған «Район орайындағы қараӯсыз қалған елатқа итибар қаратыла ма?» атлы мақалада Нөкис районы орайы «Ақмаӊғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы «Алмазар» аўылы пуқараларыныӊ аймақтағы ишки жоллардыӊ насазлығы ҳәм усы аўыл қайсы пуқаралар жыйыны аймағына қараслы екенлиги елеге шекем анық емеслиги ҳаққындағы шағымы сәўлеленген.

Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен мақалада сәўлеленген бул машқалалар толық  үйренип шығылды. Үйрениўлер даўамында 2021-жылы районда 23,1 км ишки жоллардыӊ оӊлаў жумыслары алып барылыўы мәмлекетлик бағдарламаға киргизилип, “Ақмаӊғыт” посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы «Алмазар» аўылы, 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ жанындағы үлкен асфалтқа алып шығыўшы жол 0,5 км , жергиликли бюджет есабынан 0,5 км, жәми 1км шағыл тас пенен ишки көшелерге оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Бүгинги күни бул бойынша  жойбарлаў жумыслары алып барылып атырғанын мәлим етип билдиремиз.

Сондай-ақ, мүрәжатта бизиӊ аўыл «Ақмаӊғыт посёлкасы» ямаса «Саманбай» аӯыл пуқаралар жыйынына қараймыз ба?,- деп айтып өтилген. 2021-жыл 9-апрель сәнесинде болып өткен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊесиниӊ ХХVII сессиясында «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйынына тийисли «Алмазар» аўылы “Ақманғыт” посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағына өткерилди.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги