Ташкенттеги «Жеңис парки»ниң естелик комплексинде 30-апрель күни Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Орайлық Азия халықаралық институты ҳәм Илимлер академиясы менен биргеликте «Екинши жер жүзилик урысы Орайлық Азия халықларының тарийхы ҳәм ядында: ўақыялар, қатнасыўшылар ҳәм белгилер» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияда Россия, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Ҳиндстан, Индонезия дипломатиялық ўәкилханаларының ўәкиллери, Өзбекстан Республикасында аккредитациядан өткен Россия, Қытай, АҚШ, Италия, Уллы Британия, Германия, Корея мәмлекетлериниң әскерий атташелары, ШБШ халық дипломатиясы орайының директоры, Орайлық Азия илимпазлары менен экспертлери, жаслар қатнасты.
Бул илаж Орайлық Азия халықларының Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңиске қосқан үлкен үлеси, фронт артындағы данқлы ислерин илимий тийкарда үйрениў, кең жәмийетшиликтиң регион тарийхына қызығыўшылығын арттырыў, саўашларда көрсеткен қаҳарманлардың естелигин мәңгилестириў, уллы ата-бабаларымыздың ерлигин жас аўладқа үлги етип көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниң орынбасары Ҳамдам Қаршиев жыйналғанларға қорғаныў министри Баҳодир Қурбоновтың қутлықлаў сөзин оқып еситтирди. Урыс дәўиринде қаттыға азап көрген, миллионлаған инсанларды жойытқан регион мәмлекетлериниң үлкен Жеңиске қосқан үлеси ҳаққында фактлерге тийкарланған пикирлерди билдирди.
Өз жанын аямастан, фронтта ҳәм фронт артында күни-түни мийнет еткен мәрт ҳәм кишипейил ата-бабаларымыз алдында бәрқулла басымызды ийемиз. Олардың көрсеткен шексиз мәртлиги ҳәм пидәкерлиги кеўиллеримизде мәңги жасайды.
Илажда Орайлық Азия халықаралық институтының директоры А.Носиров регион мәмлекетлери урыс жылларында сүйениш ўазыйпасын атқарғанын атап өтти.
Екинши жер жүзилик урысқа Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстаннан жәми 4 миллион адам мобилизацияланған. Олардан дерлик бир ярым миллионы қайтыс болды, 780 мың әскер түрли орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Соның ишинде, мыңы «Совет Аўқамының қаҳарманы», 250 и «Данқ» ордениниң ийеси болды.
Орайлық Азия мәмлекетлери Батыстан эвакуацияланған 3 миллион пуқараны өз қанаты астына алған. Соның ишинде, 1941-1942-жылларда Өзбекстанға он мыңлаған бала эвакуация етилди.
Конференцияда қоңсылас мәмлекетлер ҳәм Россия және Беларусь дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары өзлериниң шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, Жеңис күни умытылмас ўақыя сыпатында халықларымыздың тарийхында, сана-сезиминде мәңги мөрленип қалады. Бул бир ўақыттың өзинде өмир салтанаты ҳәм айралық азаплары жәмлескен улыўма данқлы өтмишимиз болып есапланады.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен урыс ҳәм мийнет ветеранларына көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм системалы илажлардың нәтийжесинде усы сәне мәмлекетимизде кеңнен белгиленип киятырғаны айрықша атап өтилди. Орайлық Азия халықларының урыс ҳәм мийнет фронтындағы қаҳарманлығын жоқары қәдирият сыпатында ҳүрмет етиў, жас аўладтың санасына сиңдириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бул конференция ата-бабаларымыздың жарқын естелиги ҳәм үлкен мәртлигин келешек әўладтың ядында мәңги сақлап қалыўға бағдарланғаны менен әҳмийетли болды.
ӨзА