Усы жылдыӊ 28-30-апрель Ташкент әскерий округиниӊ дала-шынығыў майданында болып өткен Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниӊ кубоги ушын «Ватанпарварлар” әскерий-спорт жарысыныӊ финаллық басқышында Кегейли районындағы 41-улыўма орта билим бериў мектебиниӊ «Лашын” командасы жеӊимпазлықты қолға киргизген еди.
Барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниӊ 10-11-класс оқыўшылары арасында жасларды әскерий-әмелий спорт түрлерине кеӊ қамтып алыў арқалы олардыӊ бос ўақтын мазмунлы өткериў, өз-ара мәдений-спорт байланысларын жолға қойыў ҳәм де жасларды спорт ойынларына ғалаба түрде тартыў мақсетинде шөлкемлестирилген бул жарысқа елимиздиӊ барлық аймақларынан еӊ күшли командалар қатнасты.
Жарыстыӊ финаллық басқышынан алдын еки ҳәпте даўамында Нөкис әскерий гарнизонында жасап, оған пуқта таярлықлар көрген кегейлиши жаслардыӊ тәжирийбели офицер ҳәм сержантлар қурамынан ибарат болған инструкторлар бақлаўында мергенлик шеберлигин арттырыўы, биринши медициналық жәрдем көрсетиў, сап қосықларын атқарыў, сапта турыў ҳәм нық қәдемлер менен жүриў, автоматты толық емес бөлеклерге бөлиў ҳәм жыйнаў, эстафеталық жуўырыў бойынша көнликпелерин беккемлеўи, “Темур түзиклари билимданы” шәртине пуқта таярлықлар көриўи Кегейлиши «лашын»лардыӊ жарыс жуўмағында жеӊимпазлықты қолға киргизиўине тийкар жаратты деп толық айта аламыз.
Ташкент әскерий округи полигоныда өткерлген жарыстыӊ финал беллесиўлери мәмлекетимиздиӊ еӊ сайланды жасларынан ибарат 14 команданы жәмледи. Қатнасыўшылар еӊ дәслеп әскерий көнликпелерди сынақтан өткеретуғын «Әскерийлестирилген эстафета”, медицина билимлерниӊ әмелдеги көриниси болған «Жәбирлениўшилерге биринши жәрдем көрсетиў”, мергенлик шеберлигин көрсететуғын “Шебер мерген”, өтмиштен жуўмақ шығарыўға шақыратуғын «Темур түзиклери билимданы” шәртлеринде бар күш ҳәм имканиятларын жумсады.
Соныӊ ишинде “Сапта қосық айтыў” шәртин қарақалпақ тилинде “Армиям” қосығын айтқан республикамыздыӊ “Лашын” командасы ҳәм де барлық қатнасыўшылар топарлар арасында команда сәрдарлығын кәмине келтирип атқарған мәрт ҳәм хошҳаўаз қызымыз Сабира Жолдасбаеваныӊ әскерий командалар бериўи, ҳәтте, қорғаныў министриниӊ де итибарын өзине қаратты.
Солай етип, жарыс жуўмағында республикамыз атынан қатнасқан Кегейли районындағы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ “Лашын” командасы Бас сыйлық – Қорғаныў министри кубогин қолға киргизди.
Қарақалпақстан Республикасы жасларыныӊ бул жарыстыӊ биринши жеӊимпазы болғаны, алтын сыялар жазылып тарийх бетлеринде қалды.
“Нөкис” темир жол вокзалында жеӊимпаз команданы күтип алыўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Илажда халқымыздыӊ жоқары исенимин ақлап, республикамызға жарық жүз бенен қайтқан жасларды Арқа-батыс әскерий округи жаўынгерлери сәркардасы полковник Фарҳоджон Шерматов, Қарақалпақстан Халық билимлендириў министри Рустем Реймов, Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеӊеси ўәкиллери, Өзбекстан жаслар аўқамы ағзалары , Кегейли районы ҳәкимлиги, халық билимлендириў бөлими ҳәм 41-санлы мектеп жәмәәти, Қураллы Күшлер ветеранлары, әскерий хызметкерлер, оқыўшылардыӊ ата-аналары ҳәм жақынлары күтип алды.
Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен бундай әскерий-спорт жарысларында қарақалпақстанлы жаслар тәрепинен еле ҳеш қашан биринши орынды қолға киргизбегени, бул жетискенликлер әскерий округ сәркардалығыныӊ ғамқорлығы, итибары ҳәм жәрдеми менен болғанын айрықша атап өтилди.
Мәресимде жеӊимпаз жаслар да сөзге шығып, өзлерине көрсетилген бундай ғамқорлығы ҳәм итибары ушын әскерий округ сәркардасы, оларды таярлаған әскерийлер ҳәм устазларға өз миннетдаршылығын билдирди. Сондай-ақ, илажда бул жеӊис пүткил Қарақалпақстан оқыўшыларыныӊ табысы екенлиги атап өтилди.
Илажда командамыздыӊ бул үлкен тарийхый жеӊисине өзлериниӊ салмақлы үлесин қосқан әскерий хызметкерлер, Халық билимлендириўи тараўы хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниӊ Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Буннан соӊ жеӊимпаз оқыўшылар кеӊ жәмийетшилик ҳәм әскерий хызметкерлер менен бирге колонна болып Кегейли районына жол алды.
Кегейлиде команданы күтип алыў илажы ҳақыйқый салтанатқа айланды.
Онда район ҳәкими Дәўлетбай Утемуратов ҳәм басқа да кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери шығып сөйлеп, жеӊимпазларды қолға киргизген табысы менен қызғын қутлықлап, район ҳәкимлиги тәрепинен команданыӊ ҳәр бир ағзасына естелик саўға сыпатында компьютер топламы саўға етилди.
Нукус гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайыныӊ әскерий оркестри тәрепинен атқарылған Ўатансүйиўшилик руўхындағы өзбек ҳәм қарақалпақ тилинде жаӊлаған қосықлар илаж қатнасыўшыларыныӊ кеўил-кейпиятын көтерди.
Әлбетте, мине усындай алыс районлардыӊ биринде байрам болыўына себеп болған “Ватанпарварлар” әскерий-спорт жарысы үлкен турмыс босағасында турған ертеӊги күн ийелери ушын ҳақыйқый өмир мектеби болып хызмет етиўине тийкар болмақта деп айта аламыз.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги