2023-жыл 1-январьдан баслап Қарақалпақстандағы барлық шөлкемлерде жумыс алып барыўда латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесине толық өтиледи. Бул ҳаққында «Kun.uz» хабаршысына ҚР Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Пердеғалий Дабылов мәлим етти.

 

П.Дабыловтың атап өтиўинше, қарақалпақ тилиниң жаңа түсиндирме сөзлиги усы жылдың июнь айында баспадан шығады. Ол 5 томнан ибарат болады.

 

Қосымша етилиўинше, 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясының жойбары ислеп шығылып, Жоқарғы Кеңеске жиберилген. Парламенттеги додалаўлардан соң арнаўлы қарар шығыўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.