Ақ шашлы ҳаял
Иӊирде жарқ етип свет жанғанда,
Дәстурхан үстине шәйнек қонғанда,
Бир пайызлы дәртлес керек болғанда,
Қамсығады ак шашлы ҳаял.
Қоӊсы кемпир ертип келсе ғаррысын,
Қонақ асы етип тапқан табысын,
Соӊ көзине басып ақ сүп шаршысын.
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
Сонда оған бағар мисли дәртлирек,
Дийўалда қағылған жалғыз портрет.
Шапшып қанасынан атлығар жүрек,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
Портрет — жас жигит мисли бир дана,
Қаслары жайылған, шашлары қара,
Бир күлимлеп қарамаққа арлана,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
“…Онсегиз жасында, шашы гүлдәсте …
Жигит хоширейли, жигирма бесте,
Бирге тойы болды айлы бир кеште”…
Қамсығады ақ шашлы ҳаял
“ Соӊ урыс басланды елдиӊ шетинде.
Азамат атланып кетти песинде.
Образы жас болып калды есинде”,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
“Ошақта от қалды гүрлеп жанбаған,
Қушақта дәрт қалды мийир қанбаған,
Бәринен де мәңги айралық жаман”…
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
“Ол кеткели талай-талай жаз өтти ,
Бир дәўрансиз жылай-жылай наз өтти,
Қәсийетли шийрин туйғы мәзи өтти”…
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
“Бөбеклер де жетти оныӊ жасына,
Күтиў даўам етер еле сарсыла ,
Тек жалғызлық…” Көз жаларын жасыра,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
Уйқы асықтырмас оны жатқанда,
Ҳәтте он төрт күнлик айлар батқанда,
Жалғыз өзи турып таӊлар атқанда,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял
Кеўлин қамықтырар азанғы ўақыт,
Ҳәр кимди ҳәр жаққа жуўыртар бахыт,
Ҳәр үйдиӊ шүйкилдиси қыялын тартып,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
Ҳәр үйде ҳәр түрли болар машқала,
Бәринен мектепке шығар жас бала,
Оныӊ үйи турар тып-тыныш ғана,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
Сонда ол аӊсайды қоңсылар бахтын,
Тәғдирге налыйды сындырған сақтын,
Ыссы бир тамшысын төгип көз жастыӊ,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял .
Ким келин түсирсе, ким қыз узатса,
Өзи тойда болса, кеўли узақта
Сырты куўанышта, иши азапта,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
Сөйтсе де бойына күш-жигер тарап,
Адамлар бахтына сүйсинер қарап,
Зая өмири еске түседи бирақ,
Қамсығады ақ шашлы ҳаял.
Иӊирде жарқ етип свет жанғанда,
Дәстурхан үстине шәйнек қонғанда.
Бир пайызлы дәртлес керек боғанда,
Қамсығады ағ шашлы ҳаял.
Тирилердиӊ парызы
Сонша жыллар өтип кетти арадан,
Достым, сени умытпадым еле мен.
Ҳәр дем сайын сени еске аламан,
Достым, сени умытпадым еле мен.
Есимде сол қанлы саўаш майданы,
Қара түнек көкте қанат жайғаны…
Сонда сениӊ кек-ғәзебиӊ қайнайды,
Достым, сени умытпадым еле мен.
Қасарған жаў қарсыласып келсе де,
Ер намысын нардай туттыӊ желкеде,
Қаймыкпадыӊ оқ денеӊди тилседе,
Достым, сени умытпадым еле мен.
Сен саўашга жай тасындай жайнадыӊ,
Қасарысып талай жаўды жайпадыӊ,
Сонда сениӊ мәртлигиӊди байқадым,
Достым, сени умытпадым еле мен.
Жер симирип кәсийетли қаныӊды,
Қурбан еттиӊ жеӊис ушын жаныӊды,
Жаўдан миллион есе кегиӊ алынды,
Достым, сени умытпадым еле мен.
Көз алдымда мәңги турар келбетиӊ,
Ели ушын ерлик еткен, жерлесим!
Умытар, деп қыялыӊа келмесин,
Достым,сени умытпадым еле мен.
Қалайынша умытарман мен сени.
Шығалмасам адамшылық шегинен?!
Саған орын бердим жүрек төринен,
Достым,сени умытпадым еле мен.
Себеби, сен ел қорғаған солдатсаӊ,
Қүдиретиӊ кеӊ дүньяға таратқан!
Қәбир жайлы болсын сен уйықлап жатқан,
Достым, сени умытпадым еле мен.
Ҳәр жолдасым, ҳәр достыма мегзейсеӊ
Достым, сени умытпадым еле мен.
Жүрегиме сығалаған көздейсеӊ,
Достым, сени умытпадым еле мен.
Жүрек жарасы
Урыс!
Бул не деген аўыр әламат,
Қулақ еситпегей бул сөзди ҳасла!
Ол жүрекке басып талай жарақат,
Не аўыр қайғылар салмады басқа.
Отыз жыл өтсе де ҳәзир арадан,
Даўам етип келер муӊлы намасы,
Еле келеди деп жолға қараған,
Бар талай солдаттыӊ қублаханасы.
Уллары қайтпаған небир аналар,
Жол қарар азанда, кеште бүгиле,
Зиярат етпекте талай жананлар,
“Белгисиз солдаттыӊ” естелигине.
Урыс басланғанда қурсақта қалып,
Атасын көрмеген талай ул–қыздар.
Тарийх бетлерине үӊилер талып,
Ҳәм урысты оқып жүреги музлар.
* * *
Сол өткен урыста өлген қаҳарман,
Бир жақын достымныӊ анасын көрдим,
Жаны пидә болып қайғылы зардан,
Небир түрин көрип ҳәсиретлердиӊ.
Ол мениӊ басымнан сыйпады әсте,
Ийискелеп түрип баўырға басты.
Ҳәм айтты мисли бир жазылмас қәсте:
“Сен ҳәм ағартыпсаӊ, балам-аў шашты!
Оныӊ да шашлары ағарған шығар,
Бул дүньяныӊ бир шетинде бар болса…
Еле бир дереги табылып қалар
Мениӊ ақ сүтиме аҳыўзар болса!”
Деп турып бир әбес ис еткен яңлы,
Кәлийма қайтарды гүбирледи де,
Мениӊ көзимеде жас келип қалды,
Кеўлим әлле неден жәбирленди де.
Не деген азапқа салмады урыс,
Еле жүрек сызлар бул ҳәсиреттен,
Соннан кеўлимде қайғы тыйылмас,
Соннан жүрегимде муз бар сирескен.
Ҳәр ўақыт ойласам булар ҳаққында,
Нақолай жағдайда қаламан сонша
Мен достымныӊ жүгин толық тарттым ба?
Енди тағы жүги қалыпты сонша?
* * *
Кеше сол урыста өлген қаҳарман
Бир жақын достымныӊ дилбарын кордим,
Оныӊ жүрегинде өртенип жанған,
Ҳәм де көмир болған қумарын көрдим
Достым кеткен еди үйлене салып,
Бул келиншек еди той липасында,
Жағыста қол былғап өртенип, жанып,
Айра түскенлери мисли жақында…
Дәрттен ағарады дейди шашларды,
Дәрт өзи соншама аўыр сыяклы.
Керек болса сөйлетермиш тасларды
Ҳәм тыйық етермиш қамыс–қыяқты.
Қаншелли бир гөззал жас ҳаял еди,
Достым тоймас еди ҳеш дийдарына,
Ҳәзир оныӊ бәри бос қыял енди…
Ҳәр ким қайыл болар өз ығбалына.
Оныӊ көзлерине қарай алмадым,
Тек те ийип қалдым алдында басты,
Бирақ муӊлы сөзлеринен аӊладым,
Тек ярдыӊ достына болған ықласты.
Биз кеткенде айтып еди: – Илайым,
Жаўыз жаўды жексен етип келиӊлер!
Кеше-күндизжолларыӊа қарайын,
Бирге кетип, бирге жетип келиӊлер.
Мен келдим…
Жағыста шықты алдымнан
Ҳәм қулашын ашты, көзинде жасы,
Қасында жуўырып-жортып алқына,
Достымныӊ үш жасар думбақ баласы.
– Достыӊ қайда?
– Папам қайда?
Тилим лал,
Мен сүйенип калдым қос балдағыма,
Сыбырланып айттым: тез келип қалар,
Қурдасым, налыма!
Улым, налыма!
Биреў кеш келеди, биреў ертерек,
Қайтыў мүмкин емес ҳәммеге бирден.
Киятырған шығар поезда бөлек,
Несийбеси болса егер сизлерден.
* * *
Талай жыллар өтти, талай сорады:
-Достың қайда?
-Папам қайда?
Тилим лал.
Ҳәр сапары жүрек ғана жанады,
Алдында бүгилип мисли кәддим дал.
Меннен сорағандай бул сапары да,
Көзлери сүзилди әлленемирде,
Ақ енген қап-қара сол шашларына,
Мен тигилип калдым қайғылы түрде.
Жыллар жазсадағы тән жараларын,
Жаза алмайды екен жүрек жарасын,
Сол саўашта көрген жан жораларым,
Енди көрмегеймиз жесир наласын.
* * *
Бүгин сол урыстан қайтқан қаҳарман
Бир достымды көрдим еки аяксыз,
Кетип баратқанда тротуардан,
Оны қағып кетти бир мәс уятсыз.
Ол кетти қайрылмай жоллары менен,
Достым жығылып қалды түбине талдыӊ
Оқ тийген майырық қолларым менен,
Жуўырып бардым да көтерип алдым.
Ол әсте муртынан күлимсиреп тек,
Қолын бир силтеди, ашыўланбады,
Ойлады ол өзим айыплыман деп,
Әне, ески солдат солай болады.
Сөйтти де жарқылдап күле шырайлы:
Қалайсаӊ ғарры? – деп аўҳал сорады.
Көргенли кеўилден қуяш тарады,
Өмир кеӊ пейилден бәҳәр алады.
Урыс!
Бул не деген аўыр әламат,
Қулақ еситпесин бул сөзди ҳасла!
Ол жүрекке басып талай жарақат,
Не қайғылар салып кетпеди басқа!?
Еле питкен емес аўыр жаралар,
Еле қалған емес балдақ таяқлар,
Көп орны толмаған шығынлар да бар,
Өскени жоқ кесилген қол-аяқлар!?
Жыллар жазсадағы тән жараларын,
Бирақ жаза алмайды жүрек жарасын.
Сол саўашты көрген жан жораларым,
Перзентлер көрмегей урыс наласын.
Қәдирин билиӊлер баста бахыттыӊ,
Әўлад жаслығына асқатық болып,
Ҳәр дем, ҳәр саатын келер ўақыттыӊ,
Қорғайық мәӊгилик солдаты болып.
Сен уйқыӊды бузба
Сен мени батыр, деп ойлайсаӊ, жаным,
Мийирбаным, қағып төсек салғаным.
Сонлықтан да гейде шоршып оянсам,
Таӊланып қаласаӊ шығып ҳайраныӊ.
Қара қас астында көзиӊ аларып,
«Сен де қорқасаӊ ба?-дейсеӊ қабарып…
Ийиӊ қанбағанба қорқынышлардан,
Талай шықпадыӊ ба отларда жанып?!»
Мен айтпасам болар еди, алғаным,
Бул дүньяныӊ не бир ғалма-ғалларын!
Тыӊламасаӊ болар еди,уйқыда-
Ески солдат нени ойлағанларын!
Аўа, солдат болдым анаў жылларда,
Жыртқышларда жаў топылыс қылғанда,
Темир яӊлы ийилсе де сынбаған
Полат болдым небир аўыр сынларда.
Не бир айқас, саўашларда болғаным,
Суўларға батқаным, отта жанғаным,
Есимнен танғаным-барлығы рас,
Ҳәтте, талай сапар «өлип» қалғаным.
Түнлерде қалғанман қыстыӊ айында,
Қансырап Белорусь тоғайларында,
Жаў танки жолбарыс, жезтырнақ емес,
Төтепки бергенмен талайларына.
Шыбындай оқларға тип-тикке барып,
Шайқасып өткенмен жаў себин жарып,
Бир топ фашист пенен ҳал сынасқаннман,
Найза суғысқанман жанын шығарып.
Әжел әтирапымды орап жургенде,
Шайтаным сескенбеген талай бүргенде,
Дүньяны титириткен сум фашизимди,
Тыққанда қатнастым Берлинде гөрге.
Не көрсе көргеннмен заманласларым,
Атпа-ат айтыўға тил бармас, жаным,
Қорқып көрмегеним ырас
1970-1976 ж.ж
Тәжетдин Сейтжанов,
Қарақалмақстан халық шайыры
Қарақалпақстан хабар агентлиги