9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
(Бул ўақыя Қодир бабамыздың улы-Адамбай Қодировтың тилинен жазып алынған)
Саўаш узақ созылды,
Төгилди көп қан.
Қалтырап қарар еди ҳәтте таўларда қорқып.
Жеӊимпаз жаўынгер әйне бул ўақыт,
Жылар еди инисиниӊ жансыз денесин қушып.
“БИЗ ӘЛБЕТТЕ, ҚАЙТАМЫЗ…”
Ҳәр жылы 9-май сәнеси жақынласқан сайын кеўлимизди сол бир қайғылы күнлердиӊ муӊлы ғамлары қапласа, бир тәрептен бул жақты күнлеримизге деген шүкирлик сезими бийлейди.
Биз үйимизде 6 жан – әкем, анам, иним ҳәм еки қарындасым менен бирге жасар едик. Жаслығымда әкемнен “иним Аминбай ҳаққында жаӊа мағлыўматлар еситпедиӊиз бе, жаӊа хабарлар жоқпа”- деп қайта-қайта сорайберер едим.
1941-жыл Германияныӊ фашист Адольф Гитлер басшылығындағы жаўыз мақсетлери менен дүньяға ҳукимдарлық етиў нийетинде басланған урыс қаншадан-қанша халықларды, не бир шаӊарақларды бүлгиншиликке салып, набыт етпеди дейсиз….
Биринши жер жүзилик урыстағы жоғалтыўлардан еле өзине келип үлгермеген халқымыз енди Екинши жер жүзилик урысына атланды. Күтилмегенде жәрияланған ғалаба урыс атланыслары бизиӊ шаӊарағымызды да шетлеп өтпеди.
Шаӊарағымызда иним менен биргеликте темиршилик етип, халықтыӊ күнделикли турмыс тиришилигине керекли әсбаплар ҳәм аўыл хожалығы үскенелерин соғар едик. Мени усы жерде қалып, фронт артында халыққа керекли болған буйымлар жасаў ислерине бекитти ҳәм жаӊа ғана 19 жасын қарсы алған иним Аминбайды урысқа алып кетти.
1941-жыл сентябрь айыныӊ баслары еди. Үйдиӊ алдында бир топар әскерий адамлар аўылымыздан 50 ге шамалас жигитлерди алып кетиўге келди. Оларды шығарып салыў ушын мәҳәлле, қоӊсы-қобалар, ғарры-жасы бәри жыйналған. Анам дир-дир қалтырағанынша ҳеш нәрсе дей алмас, бир нанды тислетти де инимди қушақлап жылай берер еди. Ағам әсте инимниӊ қасына барып баўырына басты ҳәм маӊлайынан сүйип: “Аминбай балам, биз Саған исенемиз ҳәм Сениӊ менен бәрҳә мақтанамыз. Тез арада жеӊис пенен қайтасызлар, сонда әжағаӊ Адамбай менен екеўиӊиздиӊ тойларыӊызды қосып беремиз. Умытпа улым – Ўатаныӊныӊ абройы ҳәр дайым өз ар-намысыӊнан да уллы болсын! Ҳақ жол, ай барып, аман қайтыӊлар”, деп хошласты.
Иним болса, жыллы күле шырай берип ҳәммемиз бенен қушақласар екен, тек бир сөзди тәкирарлай берди: “Хош болыӊ, жақсы қалыӊлар, биз әлбетте, қайтамыз”….
Дәслепки ўақытлары ҳәр 2-3 айда өзи ҳәм аўылдан бирге кеткен қуралласлары ҳаққында, қай жерде хызмет етип атырғаны ҳаққында хатлар келип турар еди. Хат келген күни үйде байрам басланар, ҳәммемиз хатты қайта-қайта оқыр едик. Анам хатты дастығыныӊ астына қойып уйықлар еди. Хаттыӊ келер ўақты созылса, Анам дәрҳал “улымнан хат келмедимекен?”-деп неше рет хат тасыўшыныӊ үйине шекем барып келер еди.
Усылайынша арадан үш жыл ўақыт өтти. Кейин ала үйге хат келмей қойды. 1943-жыл – урыстыӊ әйне қызған жыллары, қыс жақынласып қалған, ҳаўаныӊ ызғырық суўық күнлериниӊ биринде әдеттегидей устаханада бел, кетпен соғып атырған едим. Ағам қасыма келип, ислеп атырған жумысларымды үнсиз гүзетип отырды. Мен ҳасаға сүйенип ойға талған ағамныӊ ҳеш бир сөз айтпасада кеўлинен нелер кешип атырғанын түсинер едим. Себеби, дерлик алты айға шамалас ўақыттан бери инимнен хат келмес еди. Аўылымыздан бирге кеткен айырым жигитлердиӊ қайғылы өлими ҳаққында “қара хат” келер ҳәм Ўатан ушын жанын берген сол жигит ушын пүткил аўылымыз аза тутар еди….
Сол ой-қыяллар менен жумысымды даўам еттирип атыр едим, кимдур есикти абайлап қақты ҳәм әсте ашты. Аўылымыздыӊ хат тасыўшысы…. Ағам ол адам менен сәлемлесер екен, қолына хатты алды ҳәм ҳәлсиз ғана орнына отырып: “Буны ертерек сезген едим, балам, ақыретиӊ абат болсын, аллоҳу акбар” деп пәтия етти….
“Улыӊыз 19 жасында урысқа кетип, 22 жасында “қаза тапты” деген бул суўық хабар шаӊарағымыз, әсиресе, анам ушын жүдә аўыр соққы болды. Дерлик ҳәр күни: “ҳеш болмаса жансыз денесин көрсем я қәбирин зыярат етсем еди”,-деп көзлери жасланар еди.
Арадан көп ўақыт өтпей, ағамныӊ да қәдди бүгилип, төсек тартып жатып қалды….
Ағам да, анам да Аминбай инимди генже улы болғаны ушын ба яки атама қуйып қойғандай усағаны ушын ба, ондағы күш-ғайрат, ашық кеўиллик, өзиниӊ гирбиӊсиз пазыйлетлери менен адамлар кеўлине жол таўып, оларды қуўанышқа бөлеп жүргенлигинен бе, қулласы оны жүдә жақсы көрер ҳәм мақтаныш тутар еди. Ағам инимниӊ әлбетте қайтып келиўине исенер еди, душпан үстинен жеӊиске ерисип, балам қаҳарман болып қайтады деп қайта-қайта пәтия етип, тилек тилер еди.
Бул “қара хат” шаӊарағымызға еле жетип келмеген қыстыӊ қақаман суўықларын алып келди, аспанымызды қара булыт қаплады.
Арадан көп ўақыт өтпей ағам улыўма төсектен тура алмай қалды. Қолымда жан берер екен, ҳеш нәрсе сөйлемей, тек ғана бир ноқатқа тигилип, узақ ойларға талар еди. Мениӊ қолымды беккем қысқанша көзиме узақ тигилип, маған беккем сабыр-тақат, күш-қуўат, шаӊарағымыздың ар-намысын саған тапсырып кетип баратырман, дегендей болды ҳәм әсте көзлерин жумды….
Ағам елимизде (ҳәзирги Төрткүл районы) Қадир болыс (болыс-район ҳәкими, ақсақалы мәнисинде) аты менен даӊқы шыққан, диний ҳәм дүньялық илимлерди пуқта ийелеген саўатлы адамлардан болған. Өзиниӊ мийнеткешлиги, бир сөзлилиги ҳәм әдалатлылығы менен халқымыздыӊ ҳүрметине миясар болған инсан еди.
ДҮНЬЯНЫ ЛӘРЗЕГЕ КЕЛТИРГЕН УРЫС…
1944-жылдыӊ ерте бәҳәр күнлериниӊ биринде атызда жумыс ислеп атырсам узақтан адамлардыӊ Сейтимәмбет қайтты, Сейитмәмбет қайтты деген даўыслары еситилди ҳәм қолымдағы кетпенди тасладым да үйимиздиӊ алдындағы Сейитмәмбеттиӊ үйине қарай жуўырдым.
Себеби Сейитмәмбет иним менен бирге кеткен, бир фронтта, бир жерде хызмет етип атырған еди. Демниӊ арасында барлық аўыл халқы усы үйге жыйналды. Жыйналғанлар урыста бир аяғынан айырылып келген Сейитмәмбет пенен ҳал-аҳўал сорасар ҳәм тынымсыз сораўларға тутар еди.
Өзимде зорға күш таптымда: “Сейитмәмбет, қасыӊда бирге кеткен иним, Аминбайдыӊ тәғдири қандай болды?”- деп сораў бердим. Ол болса әсте жүзиме қарап, -Адамбай достым, бенделик екен, Алланыӊ буйырғаны сол екен, деди ҳәм әӊгимесин баслады:
Дәслеп бизди Москваға жақын жерге алып барды ҳәм сол жерде танк айдаў, танк батальонын басқарыў, түрли позицияларда танк арқалы ҳүжимге өтиў тактикалары бойынша оқытты. Арамызда Аминбай қысқа ўақыт ишинде оқыў-шынығыўларды жоқары баҳаларға жуўмақлады, кейин ала ол ротамыздағы “еӊ күшли танкшы” атағын да қолға киргизиўге еристи.
Биз урыста тийкарынан Москва әирапындағы бир қатар қалаларда ҳәм Сталинградта болдық,- деп сөзин даўам еттирди Сейитмәмбет. Биз урыс ошағына кирген соӊ алты айдан кейин Аминбай “7-зона танк батальоны командири” лаўазымына көткерилди. Урыс дәўириниӊ еӊ аўыры ҳәм қорқынышлысы Сталинград саўашы болды десем жаӊылыспайман. Сталинградта немецлер менен аяўсыз саўашлар болып өтти. Аминбайдыӊ өткир зейни, тез пурсатта қарар қабыл етиў қәбилети ҳәм урыс тактикасын жетик билгенлиги себепли бир неше мәрте немецлерди жексен еттик, олардыӊ үлкен әскерий базаларына қыйратыўшы соққылар бердик, қулласы, ҳәр бир жеӊисимиз биз ушын шексиз қуўаныш, шадлық алып келер еди.
Мине усындай аяўсыз урыс күнлериниӊ биринде танкти басқарып баратырған Аминбай – аўыллас жаўынгерлердиӊ саўаш майданында душпан оғынан жарақат алып жан ҳалатта жатырғанлығын көреди. Немецлер тәрепинен биз тәрепке жамғырдай жаўдырылып атырған оқ ҳәм бомба күшлерине қарамастан Аминбай дәрҳал танктен түсип, еки солдатты көтерип қәўипсиз жерге өткерип атырған ўақтында оныӊ шеп бүйрегине оқ келип тийди.
Мен болса узақтан Аминбайдыӊ ҳалсыз жығылғанын көрдим, лекин сол пайытта мен де бир аяғымнан оқ тийгени ҳәм ҳәр еки тәрептен жамғырдай жаўылып турған оқлар себепли оныӊ жанына барыўдын имканы болмады, кеш болыўын күтип жаттым. Қараӊғы түсиўи менен дәрҳал Аминбай жатқан жерге сүйретилип жетип бардым. Барсам Аминбай тири екен, лекин жүдә көп қан жоғалтқан, пешанасынан тер ағар, ҳәр ўақта бир ыӊыраған даўысы шығар еди. Мен оған сүйеў болып, жараланған жерин тазалап, “жақсысаӊба” десем, еки көзин беккем жумып, жыллы күлим шырай берип қойды.
Бир ўақыт қарасам узақтан қолларына фонарик, қасларында үлкен ийтлери менен 30-40 адамнан ибарат немец әскерлери сап тарып келер, алдында ушырасқан ҳәр қандай жағдайдағы әскерлерди – ол жарадар ма, ҳәтте өлик пе барлығын бирме-бир теўип, қолларындағы өткир нышлы бураў менен ҳәммесиниӊ көкирегине шаншып алар еди. Мен бул ҳалатты көрип, асығыслық пенен усы жерде жатқан өликлерди Аминбай екеўимиздиӊ үстимизге тарта басладым. Аминбайға әсте ғана: “даўысыӊды шығарма, өзимиздиӊ тәрептегилер бизди әлбетте, алып кетеди”,- дедим. Бул ўақытта немец әскерлери төбемизге келип қалды ҳам мениӊ үстимдеги өликти бир тептиде, өткир қанжарды тығып алды. Аминбай тәрепке өтип, оныӊ үстиндеги өликти де тепкен еди, тебилген соққы Аминбайдыӊ жарақатына тәсир еткенлиги себепли аўырыўдыӊ зардабынан ыӊыранып жиберди ҳәм буны билген немецлер үстинде жатырған өликлерди алып таслап, Аминбайдыӊ көкирегине нышлы бураўын тығып алды….
Мен ол жерде қанша ўақыт жатқанымды билмеймен, көзимди ашсам әскерий госпиталда оӊ аяғым кесилген ҳалда жатырған екенмен.
Болған ўақыяныӊ ертеӊине команда капитанлары, ротамыз әскерлери ҳәм қураллас жолдасларымыз ҳәммеси биргеликте – мениӊ жаннан әзиз достым – иниӊиз Аминбайға үлкен ҳүрмет көрсетип, сол жердиӊ өзине мүнәсип тәризде жерлегенин кейин еситтим…
Өлиминен кейин Аминбай Қодиров урыс фронтында немец-фашистлерине қарсы гүресиўде көрсеткен қаҳарманлықлары ушын “Қызыл жулдыз” ордени менен сыйлықланған.
Мыӊ шүкирлер болсын, Ғәрезсизлик себепли, әсиресе, кейинги жылларда Ўатанымыздыӊ өтмиш тарийхы илимге тийкарланған ҳақыйқый факт ҳәм дәлийллер менен қайта жәрияланып басланды. Ҳәр сапары Нөкис қаласыныӊ орайындағы ҳәм Ташкент қаласындағы “Еслеў майданы”на барып ата-бабаларымызды зыярат еткенимде, усы жерде Ўатан ушын, усы ел ушын жанын берген бабамныӊ да аты алтын ҳәриплер менен жазылып турғанлығы – кеўлиме мудамы мақтаныш сезимлерин бағышлайды.
ЖУЎМАҚ ОРНЫНДА
Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2020-жылда уллы Жеӊистиӊ 75 жыллығы ҳәм Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған салтанатлы мәресимде Екинши жер жүзилик урыс жылларына байланыслы болған, пүткиллей жаӊаша илимий дәлийллерге тийкарланған мағлыўматларды келтирип өтти: Екинши жер жүзилик урыс басланған ўақытта елимиз халқы 6 миллион 551 мыӊ адамды қураған ҳәм олардан 1 миллион 951 мыӊға шамалас адам урысқа атландырылған. Демек, ҳәр үш өзбекстанлықтыӊ биреўи қолына қурал алып, фашизмге қарсы урысқа қатнасқан.
Тарийх бетлеринен бизге мәлим, урыс жылларында Қарақалпақстан халқыныӊ улыўма саны 476 мыӊ болған болса, 66 мыӊнан аслам ўатанласларымыз фронтқа атланған.
1941-жылдыӊ өзинде 4300 ге шамалас қарақалпақстанлы ўатанласларымыздан ибарат “97-қарақалпақ атқышлар биригадасы” дүзилген. Бул бригада Москва ҳәм Сталинград саўашларында мәрдана қатнасқанлығы тарийхый дәреклерден белгили.
Сондай-ак, соӊғы мағлыўматларда келтирилип өтилгениндей бул урыста Өзбекстан бойынша 538 мыӊнан зыят ўатанласларымыз қаза тапқан. Буннан тысқары, фронтта бийдәрек жоғалған жерлеслеримиздиӊ саны 158 мыӊнан аслам екенлиги анықланды.
Бүгинги күнде алып барылған илимий изленислер себепли жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған Өзбекстан ўәкиллериниӊ саны бойынша да анықлық киргизилди. Жаӊа мағлыўматларға тийкарланып 200 мыӊнан зыят әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгерлик мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғанлығы анықланды. Мәселен, өзбекстанлы Советлер Союзы Қаҳарманларыныӊ саны 301, 70 жерлесимиз болса, Даӊқ ордениниӊ үш дәрежесине де ийе болғаны ҳүжжетлер арқалы өз тастыйғын тапты.
Тарийхый дәреклерде жазылыўынша 1941-1945-жыллар аралығында Қарақалпақстаннан фронтқа атланғанлар арасынан 20 Советлер Союзы Қаҳарманы, 6 I, II, III дәрежели «Даӊқ» ордени ҳәм және бир қанша жерлеслеримиз басқада атамадағы жоқары дәрежедеги жаўынгерлик мәмлекетлик сыйлықлар алыўға ерискен.
Пикиримиздиӊ соӊында соны айрықша атап өтпекшимиз, инсаният тарийхындағы еӊ қатаӊ қырғын – Екинши жер жүзилик урыстыӊ жуўмақланғанына 76 жыл толған болсада, тилекке қарсы, жер жүзиниӊ түрли регионларында, соныӊ ишинде, бизге жақын аймақларда қарама-қарсылық, қанлы соқлығысыўлар даўам етпекте.
Солай екен, бүгинги жасларымызға ата-бабаларымызға мүнәсип әўлад болып, илим-мағрийпетти пуқта ийелеп, елимизди түрли жат идеялардан сақлап, жәнеде абат етиў бахты несип етсин!
Өйткени, бүгин мәмлекетимиз уллы мақсетлер менен “Миллий тиклениўден-миллий раўажланыўға қарай” принцпи тийкарында Үшинши Ренессанс дәўириниӊ тырнақ тасын қалап, жаӊа Өзбекстанды қурыўға киристи, бул орында болса жасларымыздан пидайылық ҳәм жаратыўшылықты, жоқары мақсетлерге бағдарланған уллы атланысты талап етпекте.
Илайым, Ўатан ушын, бүгинги ашық аспан ушын жан берген ата-бабаларымыздыӊ жайлары жәннеттен болсын!
Жақынласып киятырған 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни қарсаӊында фашизмге қарсы гүресиўде қаза тапқан ата-бабаларымыздыӊ мәңгилик естелигин қайта яд етип, олардыӊ руўхына ҳүрмет-иззет көрсетиў – ҳәммемиз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз.
Қуўандық Қодиров,
Әжинияз атындағы НМПИ
Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры
Қарақалпақстан хабар агентлиги