Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен суў хожалығы тараўын реформалаў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған илажларға байланыслы пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин жақыннан таныстырыў мақсетинде «Суў ресурсларын үнемлеўши технологиялар-заманның талабы, турмыслық зәрүрлик» атамасында пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп суўды үнемлеўши технологияларды ислеп шығарыўшы «Nukus Polimer» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып жумыслар менен жақыннан танысты. Бул жерде усы жылдың март айынан баслап суўды тамшылатып суўғарыў ушын зәрүр болған үскенелер ислеп шығарыў линиясы иске түсирилди.

Республикамызда бундай технологияларды ислеп шығаратуғын кәрхана жақын ўақытқа шекем жоқ еди.  Усы жылдан баслап «Аркавой мелиоратор» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен тамшылатып суўғарыў ленталарын ислеп шығарыў жолға қойылған болса, ҳәзирги ўақытта бул бағдарда бир нешше кәрхана жумыс алып бармақта. Усы кәрханалардың суўды үнемлеўши үскенелерди өзимизде ислеп шығарыўды жолға қойғаны Президентимиздиң өткен жыл 11-декабрьдеги «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди буннан былай да жедел шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық оларды кеңирек қолланыў имканиятын арттырады. Усы қарарға муўапық барлық бағдарлар бойынша 45 мың 423 гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияны енгизиў нәзерде тутылған. Бунда тамшылатып, дискретли суўғарыў усылларынан тысқары 38 мың гектар  жерди лазерли тегислеў ўазыйпасы белгиленген.

Президентимиздиң өткен жылдың 2-декабрь күни республикамызға сапары ўақтында суў хожалығы тараўын раўажландырыў, бар суў дәреклеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм егислик майданларының шорланыў дәрежесин азайтыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берген еди. Усы ўазыйпалар шеңберинде республикамызға 200 жер тегислеўши лазер қурылмасын алып келиў белгиленди. Ҳәзирги ўақытта усы қурылмалардың көпшилиги алып келинген болып, қарар тийкарында жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў жумыслары алып барылмақта.

Илаж қатнасыўшылары Нөкис районындағы «Қызкеткен-Кегейли» ирригация системасы басқармасына қараслы гидрообъектте, «Суўшылар бағы» ҳәм «Қуўаныш жарма» каналына орнатылған «Ақыллы суў» қурылмасы менен танысты.

«Дослық» магистрал каналының ПК252 ноқатында жайласқан «Дослық- 1» гидрообъекти Нөкис, Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларының жәми 161 мың 844 гектар жер майданына «Кегейли», «Қуўаныш жарма», «Көкөзек» ҳәм «Естек» каналлары арқалы суў жеткерип бериўши тийкарғы объект болып есапланады. «Қуўаныш жарма» каналына «Ақыллы суў» қурылмасы грант қаржысы есабынан Кореяның «КОИКА» компаниясы тәрепинен орнатылған. Бүгинги күнге шекем «Дослық», «Анасай», «Сүўенли», «Пареллель» ҳәм «Тақыятас ГРЭС» каналларының суў алыўшы жерлерине усындай қурылмалар орнатылып, иске түсирилди. Сондай-ақ, «Кегейли», «Көкөзек» каналларына, Әмиўдәрьяның  «Қызыл жар» ноқатына ҳәм «ККС» коллекторына да усындай қурылма орнатыў режелестирилген.

Қәнигелердиң атап өткениндей, «Ақыллы суў» қурылмасы орнатылғаннан кейин суў хожалығы объектлеринде реал ўақыт режиминде суўды қадағалаў ҳәм оның есабын жүргизиў, районның шегерасына жеткерип берилип атырған суў ресурсларын онлайн бақлап барыў және есабын жүргизиў мүмкин. Суўды басқарыў процесслеринде инсан факторын азайтыў, суўдың техникалық жоғалыўларының алдын алыў, суўдан белгиленген лимит тийкарында пайдаланыў имканияты жаратылады.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери  Хожели ҳәм Тақыятас районларында суўды үнемлеўши технологиялар енгизилетуғын егислик майданлардағы жумыслар менен танысты.

Бул технологияларды енгизиў усынысын билдирген 15 кластер ҳәм 591 фермер хожалығының 22635 гектар жер майданында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў, 5 ғәлле кластери ҳәм 12 фермер хожалығының 494 гектар майданында тамшылатып суўғарыў, 5 фермер хожалығының 100 гектар майданында дискрет суўғарыўды енгизиў бойынша қурылыс кәрханалары менен шәртнама дүзиў жумыслары алып барылды. Буннан тысқары, 240 комплект ийилиўшең трубалар сатып алыў бойынша «Жиззакпластмасса» кәрханасы менен шәртнама дүзилди. Бүгинги күнге 9787 гектар майданда қурылыс жумыслары алып барылмақта. Быйылғы жылғы суўдың тамтарыслығын жумсартыў мақсетинде суўғарыў дәўиринде суўды үнемлеўши ҳәм санлы технологияларды енгизиў, жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў, ирригация тармақларын оңлаў-тиклеў ҳәм басқа да  агротехникалық илажлар ҳәм коллектор-дренаж суўларынан пайдаланыў есабынан жәми 2,5 миллиард куб метрге шекем суўды үнемлеў режелестирилген.

Илаж қатнасыўшылары Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының жәрдемши хожалығында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Усы жердиң өзинде брифинг өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Мамбеткаримов, Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының баслығы К.Сарыбаев суўды үнемлеўши ҳәм санлы технологияларды енгизиўдиң абзаллықлары, оннан күтилип отырған нәтийжелер ҳәм басқа да мәселелер бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин қызықтырған сораўларға жуўап берди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери