1921-жылдыӊ 1-ноябринде туўылған Алекса́ндр Миха́йлович Сима́нов 1940-жылы Төрткүл районы әскерий бөлими тәрепинен армия қатарына шақырылып, пулемётшылар взводы командири болып саўашларға кириседи.

Әсиресе, ол 1943-жылдыӊ 24-сентябрь сәнесинде Беларуссияныӊ Гомель ўәлаяты Нивки аўылы тусында Днепр дәрьясынан бириншилер қатарында кешип өтип, изде қалған қуралласларыныӊ аман-есен өтиўи ушын душпанларға қарсы аяўсыз саўаш алып барады ҳәм барлық жаўынгерлердиӊ берги жағаға өтиўин тәмийинлейди. 28-сентябрьде Вялье аўылын фашистлерден азат еткен армиямыз жаўынгерлери Галки аўылына қарай ҳүжимге өте баслайды. Бирақ, усы еки елатлы пункт арасындағы бийик төбешикте жайласып алған гитлер әскерлери  армияныӊ алға қарай илгерилеўине мүмкиншилик бермей, пулемёт ҳәм арттилериядан тынымсыз оқ жаўдыра баслайды.

Армиямыз жаўынгерлери фашистлер турған бул төбешикти ийелемей турып, алға қарай илгерилеўи қыйын еди ҳәм сонлықтан 4-гвардия эскадроны командири аға лейтенант П.Карцевқа бул төбешиктеги душпанларды жоқ етип, оны тез арада басып алыў тапсырылды. Лекин, жаўынгерлеримиздиӊ ҳүжими пайытында аға лейтенант П.Карцев оқ тийип қазаланады ҳәм усы ўақытта жаўынгерлерге басшылық етиўди бизиӊ жерлесимиз Александр Симанов қолға алады. Әскерлеримизге қарата тынымсыз оқ жаўдырып турған бул төбешикти шөплер арасынан еӊбеклеп айланып өтиўге миясар болған бизиӊ жаўынгерлеримиз,  душпан пулемётына қарсы оқ атып, оларды жоқ етиўге ериседи ҳәм бул әҳмийетли төбешикти өз қолларына алады.

Олардыӊ усындай ислеген айрықша ерликлериниӊ арқасында душпанларымыз кейинге шегинип, жаўынгерлеримиздиӊ Галки аўылына қарай жолы ашылады.

Бизлердиӊ мәрт ҳәм дәўжүрек жерлесимиздиӊ көрсеткен бул ерликлери СССР Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ 1944-жыл 15-январьдағы Пәрманы менен ылайықлы баҳаланып, оған Ленин ордени, «Алтын жулдыз» медалы тапсырылады ҳәм Советлер Аўқамыныӊ Қаҳарманы атағы бериледи.

Урыстан соӊ капитан Александр Симанов Пенза қаласында жасап, заводта уста болып жумыс ислейди ҳәм 1977-жылдыӊ 23-декабрь сәнесинде қайтыс болады.

Оныӊ аты Башқуртстан Республикасы Миллий Музейи ҳәм 112-Башқурт кавалерия дивизиясыныӊ музейиниӊ мемориал тахтасына 112-Башқурт кавалерия дивизиясында хызмет етип Советлер Аўқамы Қаҳарманы атағын алыўға миясар болған 72 Қаҳарман жаўынгерлер қатарында алтын ҳәриплер менен жазылып қойылған.

 

Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги