Өтмишин билмеген халықтыӊ келешеги болмайды,-дейди дана халқымыз. Сол айтқанындай  өсип киятырған жас әўладты халқымыздыӊ тарийхын үйрениўге тәрбиялаў бүгинги жасыүлкен әўладтыӊ, әсиресе, муғаллим ҳәм устазлардыӊ әдиўли ўазыйпасы болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине қараслы Қарақалпақ академиялық лицейинде оқыўшылардыӊ ҳәртәреплеме саламат, билимли ҳәм озық ойлы инсанлар болып жетилисиўине айрықша итибар қаратылып, заман талапларына сай тәлим-тәрбия берилип келинбекте.

Әсиресе, лицей оқыўшыларыныӊ тарийх пәни муғаллими Амангелди Сайымбетовтыӊ сабақ өтиўине қызығыўшылығы жоқары. Бул тәжирийбели оқытыўшыдан Амангелди менен бирге ислейтуғын жас кәсиплес муғаллимлер де үлги алып, оныӊ сабақ өтиў методикасын үйренип келмекте.

Жақында жоқарыда аты аталған академиялық лицейде  Амангелди Сайымбетов «XIX әсирдиӊ 70-жылларына шекемги дәўирде Османийлер империясы, Иран ҳәм Аўғанстан» темасында ашық сабақ өтип, оған 102-топар оқыўшылары ҳәм лицей оқытыўшылары қатнасты.

Онда тәжирийбели устаз Амангелди Сайымбетов ҳәр қыйлы заманагөй методлардан пайдаланған ҳалда ашық сабақ өтип, бул оқыўшылардыӊ тарийх пәнин үйрениўге болған қызығыўшылығын арттырды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги