Өзине тән жазыўшылық усылы менен халқымыз нәзерине түскен жазыўшы, журналист ҳәм фольклоршы алым Сейдин Әмирлан(Табысқан Қанаатов) «Тәўелибай тарийхынан там-тум сыр», «Дала дилўары», «Қарақалпақ халық әпсаналары», «Мөлдир булақ» атлы китаплары менен көпшиликке танылды.
1972-жылы ҳәзирги Наўайы ўәлаятыныӊ Тамды районында туўылған ол 1995-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин, 2002-жылы Ташкент мәмлекетлик экономика университетин оқып тамамлаған. Сейдин Әмирлан қарақалпақ фольклоры бойынша көплеген илимий ҳәм илимий көпшилик мақалалардыӊ авторы болып, оныӊ мийнетлери өзбек, қазақ, әзербайжан, түрк, түркмен, татар, орыс, инглис, немис, венгер ҳәм француз тиллеринде жәрияланған.
Жақында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының ағзасы, фольклоршы илимпаз Сейдин Амирлан тәрепинен таярланған “АЙНАНАЙЫН” атлы жаңа китап баспадан шыққан еди.
Еле көпшиликтиң қолына жетип бармаған бул китапта қарақалпақ халқының баланы аялап-әлпешлеўге байланыслы дәстүрий тәжирийбелер жәмленген. Сондай-ақ, китапта халық аялаў поэзиясының ески үлгилери бул китапқа киргизилип, олар кеӊ жәмийетшилик арасында көплеген қызығыўшылықлар оятпақта.
30-апрель күни Республикалық Балалар мәлимлеме-ресурс орайы жәмәәтиниӊ шөлкемлестириўи менен фольклоршы илимпаз ҳәм жазыўшы Сейдин Әмирланныӊ «Айнанайын» атлы жаӊа китабыныӊ таныстырыў кешеси болып өтти.
Онда «Әмиўдәрья» журналыныӊ бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров, балалар шайыры Сейдулла Төремуратов, Филология илимлери бойынша философия докторы Гүлбәҳәр Бекмуратова, «Ақмаӊғыт таӊы» газетасы редакторы Абдимәлик Хожаназаров, Қ.Айымбетов атындағы «Халық даналығы» фольклор клубыныӊ белсенди ағзасы Айдар Жоллыбаев, Қарақалпақстан Ат спорты федерациясы баслығы, атақлы палўан ҳәм хошҳаўаз бақсы Зарапатдин Зайытовлар шығып сөйлеп, фольклоршы илимпаздыӊ ата-бабаларымыздан қалған миллий қәдириятларды изертлеў ҳәм оны бир пүтин системаға салып қызықлы китап қылып шығарыўдағы пидайы мийнетлерин жоқары баҳалап, оныӊ алдағы ислерине табыслар тиледи.
Буннан соӊ бул кешеге қатнасыў ушын келген Нөкис қаласы ҳәм Хожели районы мектеплериниӊ оқыўшылары ҳәм муғаллимлери тәрепинен Сейдин Әмирланға халқымыздыӊ үрп-әдет дәстүрлери, илимпаздыӊ алдағы ис жобалары бойынша бир қанша сораўлар берилип, оларға фольклоршы илимпаз тәрепинен жуўаплар берилди.
Кеше соӊында жазыўшы ҳәм илимпаз Сейдин Әмирлан шығып сөйлеп, китап оқыўды үгит-нәсиятлап атырған барлық инсанларға тереӊ миннетдаршылығын билдирип, кешеге белсенди қатнасқан бир қатар оқыўшыларға өзиниӊ жаӊа китабын саўға етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги