Самарқанд қаласында Қазақстан Республикасының Бас консулханасы ашылды. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қазақстанның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Дархан Сатипалды, Самарқанд ўәлаятының ҳәкими Эркин Турдимов және жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
-Самарқандта Бас консулханамыздың шөлкемлестирилиўи Қазақстан ҳәм Өзбекстан мәмлекет басшыларының еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм әзелий дослық байланысларды және де беккемлеў жолындағы ис-ҳәрекетлериниң нәтийжеси болып есапланады, – деди Қазақстан Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дархан Сатипалды. – Әсиресе, кейинги бес жылда мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў күшейди. Бүгинги күнде Қазақстанда Өзбекстанның еки консулханасы жумыс ислемекте. Биз, Бас консулханамыз ушын Самарқандты таңлағанымыз бийкарға емес. Себеби, бул қала Өзбекстанның ири тарийхый-мәдений орайларынан бири, экономикалық потенциалы, инвестициялық тартымлылығы жоқары аймағы есапланады. Атап айтқанда, туристлик бағдарында Самарқандта үлкен имканиятлар бар. Биз, кеше ўәлаяттағы бир қатар кәрханалардың жумысы менен танысып, олардың Қазақстан менен тығыз биргеликте ислеп атырғанына гүўа болдық. Атап айтқанда, жақында Самарқанд автомобиль заводында ислеп шығарылып атырған заманагөй автобуслардан 50 и Түркистан қаласына жеткерип берилди. Жылдың ақырына шекем және 200 әне усындай автобус сатып алыў режелестирилген. Сондай-ақ, өткен жылдың ақырында Самарқандта «Тенгебанк» филиалы жумыс баслады. Бас консулханамыз бул байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынына исенемиз.
– Быйылғы жылы Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 29 жыл толады, – деди Самарқанд ўәлаятының ҳәкими Эркин Турдимов. – Өткен жыллар даўамында мәмлекетлеримиздиң тығыз қоңсышылық ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған қатнасықлары беккемленди. Әсиресе, кейинги жылларда еки мәмлекет басшыларының басламасы менен бул бирге ислесиў жаңа басқышта даўам етпекте. Бул консулхана да оның нәтийжеси десек, бийкарға емес. Өткен жылдың ақырына бола, ўәлаятымыздың Қазақстан менен өз-ара товар айланысы 147 миллион АҚШ долларын қурайды. Бүгинги күнде Смарқандта Қазақстан капиталы қатнасыўындағы 15 кәрхана жумыс ислемекте.
Илаж қатнасыўшылары консулханада жаратылған шараятлар, хызмет көрсетиў имканиятлары менен танысты.
– Самарқанд тек Өзбекстанның емес, соның менен бирге Орта Азияның орайында, ири транспорт кесилиспесинде жайласқаны менен үлкен әҳмийетке ийе аймақ есапланады, – деди Қазақстанның Самарқандтағы Бас консулы Азамат Аубеков ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине берген интервьюинде. – Бул болса аймақтың раўажланыўында кең имканиятлар жаратады. Сондай-ақ, Самарқандтың туристлик потенциалы да үлкен. Жақында Өзбекстан Президенти ўәлаятқа сапары ўақтында Самарқандты бир миллионлы қалаға айландырыў ҳәм оның туристлик тартымлылығын және де арттырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.
Усы ҳәм басқа факторлар бул тарийхый қалада Қазақстанның Бас консуллығын ашыўға тийкар болды. Консулханамыз Самарқанд пенен бирге усы регионға жақын ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы халыққа, қазақ диаспорасы ўәкиллерине, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге хызмет көрсетеди.
Ғ.ХАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы