Муқаддес рамазан айында бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алынып, қайыр-сақаўат илажлары әмелге асырылмақта.

Бундай саўаплы ислерден депутатлар да шетте қалмай, өз үлесин қоспақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты З.Реймова, Нөкис қаласы 2-сектор басшысы О.Қудайбергенов, «Нөкис Мед Тех» ЖШЖ ҚК Нөкис қалалық филиалының директоры Д.Қыдырниязовлар 2-сектор аймағындағы «Темир дәптер»ге киргизилген, кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж 30 шаңараққа барып, ҳал-жағдайын сорап, өзлери тәрепинен алып келинген азық-аўқатлық өнимлерин тарқатты.

  • Муқаддес рамазан айы жәрдемге мүтәж инсанларға қайыр-сақаўат көрсетиў ушын мүбәрек ай болып есапланады,-дейди З.Реймова.

Рамазан айындағы қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте.

 

                   Қарақалпақстан хабар агентлиги