Усы жыл 29-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан Республикаларының халық артисти, мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты Байрам Матжановтың дөретиўшилигине бағышланған еслеў кешеси болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, белгили балетмейстер П.Мадреймов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, профессор Н.Аңсатбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Б.Матжановтың республикамыздың мәдениятын, қосықшылық көркем өнерин раўажландырыўдағы жемисли мийнетлерине тоқтап өтти.
-Өзбекстан халық артисти Байрам Матжанов атқарған, «Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың» деп басланатуғын қосықты ҳәммемиз шын кеўилден тыңлайтуғын, тыңлап ғана қоймастан, оған қосылып айтатуғын едик. Ҳәзирде бул әжайып қосықты еситсем, тек ғана мен емес, ал көпшилигимиз жаслықтың бийтәкирар демлерине қайтқандай боламыз,- деп оның дөретиўшилигине жоқары баҳа берген еди Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев.
Қоңырат районында туўылып өскен талант ийеси орта мектепти питкергеннен кейин мийнет жолын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясында қосықшы солист болып жумыс ислеўден баслайды. Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретшилик институтын питкергеннен кейин жумысын сол филармонияда даўам еттиреди.
Буннан кейинги жыллары Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында режиссёр, бас режиссёр, директор, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясында директор лаўазымларында жемисли мийнет етти. 1978-жылы ашылған Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында биринши директор сыпатында оның ҳәкимшилик, шөлкемлестириў жумысларында белсендилик көрсетеди.
Сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының директоры, Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясының көркемлик жақтан басшысы, Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы лаўазымларында табыслы жумыс алып барды.
Б.Матжанов қайсы лаўазымда ислемесин дөретиўишиликти биринши орынға қойды. Оның репертуары оғада бай, халық қосықлары менен бир қатарда туўысқан халықлардың қосықларын шеберлик пенен атқарды. Ол атқарған «Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың», «Сени сүйген едим», «Нәресте ҳаққында баллада», «Жаслар ҳаққында баллада», «Жулдызлар», «Перийзатым», «Урыс ветеранларына», «Гөззаллар», «Сәўдигим», «Мен дийқанман», «Бизге кел», «Сен байтерек, мен сениң бир шақаңман» ҳәм басқа да қосықлары бүгинги күни өлмес шығармаға айланып, халқымыз тәрепинен сүйип тыңланады.
Б.Матжанов шебер шөлкемлестириўши еди. Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясында ислеп жүрген ўақытлары «Айқулаш», «Қырқ қыз», «Әмиў толқыны» ансамбльлериниң гастроль сапарларын шөлкемлестириўде белсендилик көрсетди. Нәтийжеде бул ансамбльлер Қазақстан, Түркменстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Грузия, Украина, Молдавия, Беларуссия, Россия Федерациясы, Балтықбойы республикаларында сапарларда болып, қарақалпақ көркем өнери менен мәденияты, қосық ҳәм аяқ ойынларының жарқын үлгилери басқа халықларға таныстырылды.
Оның бул мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен ўақтында жоқары баҳаланды. 1969-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, 1974-жылы Қарақалпақстан Республикасы халық артисти, Ҳамза атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, 1978-жылы Башқуртстан Республикасының халық артисти, 1982-жылы Өзбекстан халық артисти ҳүрметли атақлары, 2000-жылы «Дўстлик», 2006-жылы «Эл-юрт ҳурмати» орденлери менен сыйлықланды.
Илажда Байрам Матжанов қосықларының ең жақсы атқарыўшысы таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.
Еске түсириў кешеси қатнасыўшыларына белгили талант ийеси атқарған қосықлардан дүзилген концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы