Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, Өзбекстан Республикасы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы, O’zLIDEP фракциясының басшысы Актам Хаитов қыйтақ жер ийелериниң жумыслары менен жақыннан танысыў, оларды қыйнап атырған машқалаларды үйрениў ҳәм оларды шешиўде әмелий жәрдем бериў мақсетинде Нөкис районында болды.
Үй қапталы қыйтақ жерлеринен пайдаланыў дийқаншылықта айрықша әҳмийетке ийе. Оны жақсы түсинген пуқараларымыз мәўсимлик, ықлым шараятымызға тән егинлерди егип, тәкирарый өним алып келмекте.
Президентимиздиң қарары тийкарында быйылғы жылы Әмиўдәрья, Бозатаў ҳәм Нөкис районларында қыйтақ жер ийелери кластери шөлкемлестирилмекте. Олар халыққа 12 түрдеги хызмет көрсетеди. Ыссыханада нәл жетистириў, нәллердиң сорты ҳәм сапасы, оларды тәрбиялаў, егиў ҳәм агротехникалық илажларды орынлаўды өз ишине алады. Райондағы Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Төремурат бест қыйтақ жер хызмети кластери» жуўапкершилиги шекленген жәмийети бүгинги күни нәтийжели жумыс алып бармақта.
Спикер орынбасары дәслеп усы жәмийеттиң жумыслары менен жақыннан танысты. Қыйтақ жер хызмети кластерине тийисли 36 гектар жер майданы бағшылыққа, 80 гектары овощ егинлерине ҳәм 3 гектары ыссыханаға мөлшерленген. Ыссыханада тийкарынан помидор, қыяр, редиска ҳәм басқа да егинлер жетистирилмекте.
-Бизге Өзбекстан Республикасы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси тәрепинен 3 миллиард сумнан зыят кредит ажыратылып, белгиленген бағдар бойынша жумыс алып барамыз,-дейди «Төремурат бест қыйтақ жер хызмети кластери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Алишер Муртазаев.- Жәмийетимиз жанындағы музлатқышлардың улыўма сыйымлылығы 710 тонна болып, оларда аўыл хожалығы өнимлери сақланып келинбекте. Жетистирилген өнимлеримиз Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлерине экспортқа жиберилмекте.
Атап өтиў керек, бүгинги қыйтақ жер ийеси шын мәнисинде ҳәм дийқан ҳәм исбилермен есапланады. Себеби, ол өзи жетистирген өнимлерди тиккелей базарға шығарып сатыў имканиятына ийе.
Спикер орынбасары Актам Хаитов қыйтақ жер хызмети кластери жумыслары менен танысар екен, «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралар қатнасында кластер жанындағы ыссыханаларда көргизбели семинарлар өткериў, оларға мотивация бериў арқалы дәрамат табыўға үйретиў ҳәм кредит есабынан оларға ыссыханалар қурып бериў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы