Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте «Өзбекстан диярым, жанымдай мақтанышым» атамасында сүўретлеў өнери үлгилери таңлаўы өткерилди.

Таңлаўға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис педагогикалық институтының студент-жаслары, Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген мектеби ҳәм  балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң көркем өнер бағдарларында дөретиўшилик пенен шуғылланып атырған жаслар қатнасты.

 

– Бүгинги таңлаўда заманласларымның Ўатанды улығлаўшы ҳәм жырлаўшы шығармалары менен жақыннан таныстым. Олардың дөретпелеринде көп миллетли халқымыздың татыў ҳәм аўызбиршиликли жасап атырғанлығы, уллы тулғалардың бай руўхый мийраслары, заманымыз қаҳарманларының образы,  Ўатанымыздың сулыў тәбияты сәўлеленген картиналар жасларды гөззалық дүньясына шақырады,  – дейди таңлаў қатнасыўшысы Шахсәнем Хожабаева.

Таңлаў жуўмағында Д.Қудайбергенов биринши, И.Жәримбетов, Ш.Хожабаева екинши, С.Қонарбаев, Д.Шамшетова, Б.Қожабаевалар үшинши орынды ийеледи  ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен  сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы