Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының басламасы менен Нөкис қаласындағы «Қосбулақ» ҳәм «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар менен биргеликте  Хийўа қаласына саяхат шөлкемлестирилди.

– Бул саяхатты шөлкемлестириўден мақсет, филиал ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен бирге ислесиўди беккемлеў, жасларды, әсиресе, «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың руўхый дүньясын байытыў, олардың Ўатанға садықлық руўхын жетилистириўде әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады. – дейди филиалдың кәсиплик аўқамы баслығы Б.Бегжанов. – Бундай илажларды тураклы түрде өткерип турсақ ҳәм мәҳәллелер менен бирге ислесиў арқалы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў илажларын кең түрде алып барсақ мақсетке муўапық болады.

Жаслар Хийўа қаласындағы тарийхый орынларды тамашалап, кеўилли дем алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги