Өзбекстан санаат тараўында орташа мийнет ҳақы – 3,6 миллион сум. Бул ҳаққында Статистика комитети хабар берди.

Қаржы ҳәм қамсызландырыў бағдары хызметкерлери орташа 6,5 миллионға шамалас, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўының хызметкерлери 4,8 миллион сумнан зыят мийнет ҳақы алады. Ең аз мийнет ҳақы болса билимлендириў (2,2 миллион сум), медицина ҳәм социаллық хызмет көрсетиў тараўы (2 миллион сум) хызметкерлерине бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги