Мәмлекетимиздиң билимлендириў системасында Финляндия тәжирийбесин қолланыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Бул мәмлекеттиң билимлендириў системасының өзгешелиги неде? Финляндия билимлендириў системасы бундай жетискенликке қалай еристи? Итибарыңызға Финляндия билимлендириў системасының өзине тән 10 айырмашылығын келтирип өтемиз:
- Финляндия балалары билимлендириўди басқа мәмлекетлердегиге салыстырғанда кеширек баслайды. Олар 7 жастан баслап мектепке қабыл етиледи. «Балаларды ҳәдден тыс ерте мектепке бериў илимий жақтан пайдалы емеслиги тастыйқланған», делинеди фин системасында.
- Финляндия мәжбүрий билимлендириў 9 жыл даўам етеди, оқыўшылар 16 жастан оқыўды тамамлаўы мүмкин. Бул идея Финляндия студентлерин ҳақыйқый өмирге таярлаўға қаратылған.
- Финляндия студентлери раўажланған мәмлекетлер ишинде ең аз сабақ саатларын оқыйды (сабақлар азанғы 8-9 аралығында басланып, күндизги 2 ге шекем жуўмақланады), соған қарамастан оғада жақсы нәтийжелер береди.
- Финляндиядағы мектеплер ҳеш қандай тәртипте жайласпаған, мектеплер, регионлар, муғаллимлер ҳәм ҳәттеки студентлер арасында салыстырыўлар жоқ. Олар бәсекилес емес, ал бирге ислесиў табыс гилти, деп есаплайды.
- Фин муғаллимлери дүньядағы ең тәжирийбели қәнигелер болып есапланады. Финляндияда муғаллимшиликке болған талаплар оғада жоқары. Муғаллимлери шыпакерлер ҳәм юристлер сыяқлы статусқа ийе. Олардың социаллық абырайы да оғада жоқары. Фин муғаллимлериниң оғада үлкен абырайға ийе болыўы муғаллим кәсибине болған талаптың жоқары және тәжирийбе имтиханларының қыйын екенлиги менен түсиндириледи. Соның ушын Финляндияда олар өз муғаллимлерин турақлы түрде баҳалаў ҳәм баҳалап барыў зәрүрлигин сезбейди. Егер муғаллимнен қандай да бир қәте ямаса кемшилик өтетуғын болса, оның менен мектеп директорының өзи шуғылланады.
- Финляндияда жеке меншик мектеплер жоқ. Фин мектеплери арасында бәсеки жоқлығының себеплеринен бири барлық мектеплер мәмлекетлик қаржылар есабынан қаржыландырылыўында. Сонлықтан бир жерде жақсы, басқа жерде төменирек билим берилиўине жол қойылмайды.
- Финляндия студентлери көбирек тиллерди үйренеди. Олар фин тилин мектептеги биринши күнинен баслап-ақ үйренеди. 9 жасында олар швед тилин үйрениўди баслайды. 11 жасында олар үшинши тилди (әдетте инглис тилин) үйрениўге бағдарланады. Көплеген оқыўшылар 13 жасында төртинши тилди үйренип атырған болады.
- Финляндия мектеплери барлық оқыўшыларының түслиги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. 1943-жылдан баслап усы әмелиятты қолланып келмекте.
- Муғаллимлер әдетте күнине 4 сааттан сабақ өткереди ҳәм ҳәр ҳәпте оларға кәсиплик раўажланыў ушын 2 саат ўақыт ажыратылады. Бул болса, өз гезегинде, муғаллимлерге түсетуғын стрессти азайтады.
- Финляндия миллий оқыў бағдарламасы кең қолланба болып, муғаллимлерге өз методикасы ҳәм пикирлерин класста қолланыўға руқсат береди. Бул Финляндия билимлендириў системасының өз муғаллимлерине болған исенимине тийкарланады.
Билимлендириў инспекциясы тәрепинен барлық билимлендириў министрликлери менен биргеликте ислеп шығылған «Үзликсиз билимлендириў» концепциялары жойбарында көплеген мәмлекетлер қатарында Финляндия тәжирийбесинен де пайдаланыў мақсет етип алынғанлығын атап өтиў зәрүр.
Финляндия билимлендириў системасының өзине тән тәреплери ҳаққында Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығы Улуғбек Ташкенбаев төмендегилерди атап өтти:
– Финляндия бул халықаралық көлемдеги баҳалаўда өз жетискенликлери менен ажыралып турады. ПИСА бағдарламасы 2000-жылы шөлкемлестирилгеннен берли Финляндия онда турақлы қатнасып келмекте ҳәм ерискен нәтийжелери менен фин билимлендириў системасы дүньядағы көплеген мәмлекетлердиң итибарын өзине тартпақта.
Ал, бундай нәтийжелерге финлер қалайынша ериспекте?
Олардың билимлендириў системасын үйрениў Финляндия мектеплериниң оқыў бағдарламалары балаларға берилип атырған ҳәр қандай билимлерди әмелиятқа қандай ҳәм қай жерде қолланыўды үйретиўге, оларды дөретиўшилик ҳәм еркин пикирлеўге бағдарлайтуғынын көрсетеди.
Екинши әҳмийетли тәрепи сонда, Финляндия пән бағдарламаларында өз-ара тең салмақлылық оғада жақсы тәмийинленген. Мәселен, бир класста географиядан Азия мәмлекетлери өтилсе, сол ҳәптеде биологиядан да Азияда өсетуғын өсимликлер, тарийхтан да Азия халықларының тарийхы, математикадан да Азияға байланыслы мағлыўматлардан ибарат мысаллар бериледи.
Үшинши әҳмийетли тәрепи – муғаллимлердиң жоқары потенциалға ийе екенлиги фин билимлендириў мәкемелериниң табысқа ерисиўдеги гезектеги әҳмийетли факторларынан бири есапланады. Финляндияда муғаллимшилик етиў ушын кеминде магистр дәрежесине ийе болыў керек.
Финляндияда ең жақсы мектеп, бул жасаў орнына ең жақын жайласқан мектеп болып есапланады.
Бул факторлар Финляндия билимлендириў системасын пүткил дүньяға танытыўға ҳәм халықаралық рейтинглеринде жоқары орынларды ийелеўге хызмет етпекте.
Файзулло Яҳёев, ӨзА