Бажыхана шегара постлары арқалы ҳәрекетленип атырған автотранспорт қуралларының бажыхана қадағалаўы, «қәўипти басқарыў» автоматластырылған системасының талапларынан келип шыққан ҳалда белгиленген коридорлар арқалы қатаң түрде әмелге асырылмақта. Бул әмелиятларға кететуғын ўақытты үнемлеўди және жумыс нәтийжелилигин арттырыўды тәмийинлемекте. Усы күнге шекем бул жерден товарларын жасырын түрде алып өтпекши болған бир қатар автотранспорт басқарыўшылары болды. Бирақ, олардың жасырын нийетлери анықланып, тийисли илажлар көрилди.

Буннан көпшилик автотранспорт басқарыўшыларының хабары бар болса да, товарларды жасырын түрде алып өтемен бе, деген қыял менен пост арқалы өтиўге урыныў фактлери еле де ушыраспақта.

Гезектеги бажыхана нызамбузыўшылығына байланыслы жағдай «Қәўипти басқарыў» автоматластырылған мәлимлеме системасы тәрепинен «қызыл» коридорға бағдарланған автотранспорт қуралында анықланды.

«Даўыт ата» шегара бажыхана постына пуқара М.О. басқарыўында қоңсы мәмлекеттен кирип келген «DAF» маркалы жүк автотранспорт қуралы посттағы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилди. Бул автотранспортта ҳүжжетлерде көрсетилмеген ҳәм бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде жасырын түрде алып өтилип атырған 1,5 ҳәм 1,6 көлемдеги автотранспорт қуралларының двигательлери бар екенлиги анықланды.

Двигательлердиң баҳасы дәслепки сорастырыўлар бойынша 45 миллион сумға тең. Ҳәзирги ўақытта усы анықланған факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги