Усы жылы октябрьде болатуғын үлкен сиясий ўақыяӨзбестан Республикасы Президенти сайлаўын улыўма тән алынған халықаралық  сайлаў стандарларының талабына толық жуўап беретуғын миллий сайлаў нызамшылығымыз тийкарында жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў Орайлық сайлаў комиссиясы алдында турған әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпа болып есапланады.

Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў кампаниясы жәрияланғанға шекем әмелге асырылыўы тийис болған ең әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўына үлкен итибар қаратқан. Сайлаўға пухта таярлық көриў ҳәм оны улыўма тән алынған халықаралық принциплер тийкарында өткериў ушын сайлаў комиссиялары ағзаларының миллий сайлаў нызамшылығы ҳәм халықаралық сайлаў стандартлары бойынша билим ҳәм әмелий көнликпелерин арттырыўға жаңаша қатнас енгизиледи.

Усы жағынан, ОСКның бүгин болып өткен мәжилисинде Сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў концепциясы тастыйықланды. Мәжилисти Өзбекстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясының Баслығы Зайниддин Низомхўжаев алып барды. Орайлық сайлаў комиссиясы жақында қабыл етилген ҳәм орынланыўына жедел кирисилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў бойынша тийкарғы илажлар бағдарламасында сайлаў процеси қатнасыўшыларының маманлығын арттырыў ҳәм таярлаўға байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген еди.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте ислеп шығылған Сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў концепциясы сайлаў процеси қатнасыўшыларының сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша көнликпе ҳәм маманлығын, сайлаў процесслери тараўындағы ҳуқықый билимин беккемлеўге қаратылған.

– Миллий сайлаў әмелиятымыздан да, сырт еллердиң сайлаў әмелиятынан да бизге жақсы белгили, сайлаў процесиндеги тийкарғы буўын бул сайлаў участкалары, – дейди Орайлық сайлаў комиссиясының хаткери Худоёр Маматов. – Неге дегенде елимиз мысалында алып қарасақ, 20 миллион әтирапындағы сайлаўшымыз сайлаў күни тиккелей сайлаў участкасына барып, өзлери мүнәсип деп билген талабан ушын даўыс береди. Сайлаў участкасында сайлаўшылар өз ерк-ықрарын еркин билдириўине, жергиликли ҳәм халықаралық бақлаўшылар емин-еркин бақлаўды әмелге асырыўына, қаншелли қолайлы шараят ҳәм имканият жаратылған болса, бул сайлаўлар ашық-айдын, нызамлылық, ҳадаллық принциплерине толық әмел еткен ҳалда шөлкемлестирилсе, халқымыз мәмлекеттен де, жәмийеттен де разы болады. Бул өз гезегинде халықаралық бақлаўшылар тәрепинен де унамлы баҳаланыўы ҳәм тән алыныўы тәбийғый. Оның ушын не ислеў керек? Бәринен бурын, усы сайлаў участкаларында жумыс ислейтуғын участкалық сайлаў комиссиялары ағзалары миллий сайлаў нызамшылығы ҳәм халықаралық сайлаў стандартлары бойынша теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болыўы керек.

Процесс үш басқышта әмелге асырылады. Биринши басқыш шөлкемлестириў-методикалық жумысларды қамтып алады. Онда оқыў режелери ҳәм оқыў методикалық материаллар таярланады, тренерлердиң қурамы қәлиплестириледи, «Saylov-2021» мобиль қосымшасы ислеп шығылады. Екинши басқышта сайлаў нызамшылығы бойынша тренерлер ҳәм сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлардың маманлығын арттырыў ҳәм таярлаў режелестирилген. Үшинши басқыш сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими ҳәм сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасында ислеў бойынша тренерлер ҳәм сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанларды таярлаўды нәзерде тутады. Оқыўларда заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм интерактив методларға итибар күшейтилип, симуляция, сайлаў процесслерин модельлестириў, видосабақ, видеоролик, сайлаўға байланыслы сораў-жуўаплар, тест методлары жедел қолланылады.

Концепцияны ислеп шығыўда ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының Өзбекстанда сайлаўларды бақлаў бойынша Миссиясының Жуўмақланған есабатында өз көринисин тапқан оптимал усыныслар есапқа алынған. Соның ишинде, сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыўда «Бир сайлаўшы – бир даўыс» принципине қатаң әмел етиўдиң, сайлаўшы жеке өзи даўыс бериўиниң әҳмийетин кеңнен түсиндириўге айрықша итибар қаратылады.

Сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыўда сайлаўшылар дизими менен ислесиў, соның ишинде, сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими ҳәм сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы оқыўлар да орын алған. Кең көлемдеги түсиник жумыслары сайлаў процеси қатнасыўшыларының сайлаўға байланыслы билим ҳәм көнликпелериниң артыўына, сондай-ақ, сайлаў системасы менен әмелиятының және де жетилисиўине хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы академиясы, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер академиясы арасында усы концепцияда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарында өз-ара бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойылды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы