Мойнақ районындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Экономика жәмийеттиң организми болса, оның руўхы ҳәм жаны мәнаўият» сүрени астында ушырасыў болып өтти.

Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы  районлық бөлиминиң басламасы менен өткерилген илажда мектеп муғаллимлери менен жоқары класстың оқыўшылары қатнасты.

Ушырасыўда Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы  районлық бөлиминиң бас қәнигеси Ф.Каримова, районлық Ишки ислер бөлиминиң инспекторы О.Заримов ҳәм районлық «Book cafe» китапханасының хызметкери В.Садуллаева шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслары системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўи  бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Усы жылдың 19-январь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Президентимиздиң атап өткениндей, егер экономика жәмийеттиң организми болса, оның руўхы ҳәм жаны мәнаўият болып табылады. Биз жаңа Өзбекстанды қурыўға қарар еткен екенбиз, еки беккем таянышқа сүйенемиз. Бириншиси – базар принциплерине тийкарланған күшли экономика. Екиншиси – ата-бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдирятларына тийкарланған күшли мәнаўият.

Илажда жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық, яғный жынаятшылық ҳәм түрли диний ағымлардың тәсирине түсип қалыўдың алдын алыў, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын еле де жетилистириў мәселелери кең түрде сөз болды. Бул бағдарда районлық «Book cafe» китапханасында жаратылған шараятлар менен таныстырылды.

Ушырасыўда оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы