Адамзат тарийхында ѳшпес из қалдырған Екинши жер жүзилик урыс ѳзи аз санлы деп есапланатуғын Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ басына да орны толмас қайғы-ҳәсирет алып келди. Елимизди фашист басқыншыларынан қорғаӯ ушын сол жыллары айырым дәреклерге қарағанда 63 мыӊ, айырымларына қарағанда 78 мыӊнан аслам Қарақалпақстанлы азаматлар қанлы саӯаш майданларына атланып, олар усы саӯашларда кѳплеген мәртлик ҳәм ерликлер кѳрсетти.
Бул аталарымыздыӊ ислеген батырлықлары Армия командирлери ҳәм Республика ҳүкимети тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып, олар бир қатар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Ал, Орынбай Абдуллаев, Инаят Наӯрызбаев, Жуман Қарақулов, Мақаш Балмағанбетов, Плис Нурпейисов, Жумағалий Қалдықараев, Михаил Булатов, Николай Махорин, Николай Сараев ҳәм тағы басқа да қарақалпақстанлыларға Советлер Аӯқамыныӊ қаҳарманы жоқары атағы берилди.
Бизлер «9-май-Еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ күни » алдынан, халқымызды усындай мәрт аталарымыздыӊ басып ѳткен ѳмир жолы менен таныстырыӯды мақсет еттик.
Усындай қаҳарман аталарымыздыӊ бири Орынбай Абдуллаев еди.
1912-жылдыӊ 5(18) апрели күни Тѳрткүл районыныӊ Бағжап аӯылында туӯылған ол урысқа шекем колхозда жумыс ислейди. 1943-жылдыӊ январында болса, Орынбай Абдуллаев Армия қатарына шақырылып, май айында фронтқа атланады.
Ол фронтта болған дәӯирлеринде кѳплеген қаҳарманлық ҳәм ерликлер ислейди. Соныӊ ишинде 1944-жылдыӊ 18-июль күни түнде аға сержант Хакимьян Рахимович Ахметгалин басшылығындағы он жаӯынгер менен бирге фронттыӊ алдыӊғы линиясына қарай барлаӯшылар топары сыпатында жибериледи ҳәм Латвияныӊ Лудза қаласы айланысында душпанлардыӊ қоршаӯына түсип қалады. Сан жағынан аз болыӯына қарамастан бул топар ағзалары Сунуплява аӯылы тусындағы 144-стратегиялық бийикликти мәртлерше қорғап турады. Кѳпшилик бул саўашта барлаӯшылар топарыныӊ барлығы да қазаланды деп ойлайды ҳәм 1945-жылдыӊ 24-март күни СССР Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ Пәрманы менен саӯаш майданында немец-фашист басқыншыларына қарсы ерлик кѳрсеткени ушын Орынбай Абдуллаевқа ѳлиминен соӊ, «Алтын жулдыз» медалы ҳәм Советлер Аӯқамы Қаҳарманы атағы бериледи.
Бирақ, бизиӊ жерлесимиз Орынбай Абдуллаев бул саӯашта қазаланбаған еди. Ол саӯашта контузия алып, жарадар ҳалында фашистлер қолына тутқынға түседи ҳәм Магдебург жанындағы концлагерге жибериледи.
Урыс тамам болғаннан соӊ ол Уфа қаласында жасап, соӊынан туӯылған жери Қарақалпақстанға қайтып келип, колхозда жумыс ислейди ҳәм 1989-жылдыӊ 15-августында 77 жасында қайтыс болады.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги