Қараөзек районы ҳәкимлиги ҳәм Арқа-батыс әскерий округи Нураныйлар Кеңеси, районлық қорғаныў ислери бөлими ҳәм бир қатар қәўендер шөлкемлер менен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязовтың  шаңарағына барды.

Олар Генжемурат Алланиязовты екинши жер жүзилик урыстың 76 жыллығы менен қутлықлап,  оған байрам саўғаларын тапсырды.

Генжемурат ата мийманларға 1943-жыл март айында урысқа атланып, Украина, Болгария, Румыния, Молдавия, Австрия, Чехословакия жерлерин душпаннан азат етиўге қатнасып келгенлигин ҳәм бүгинги күнде 30 ақлық, 32 шаўлық ҳәм 1 қуўлықтың меҳрийбан атасы болып, оларға ақыл-нәсиятын берип отырғанлығын, сондай-ақ, елимиз тыныш, аспанымыз ашық екенлигине шүкиршилиги мол екенлигин атап өтти.

Г.Алланиязовтың  шаңарағында Арқа-батыс әскерий округи оркестри ҳәм мектеп оқыўшыларының атқарыўында ана-Ўатан, туўылған жерди жырлаўшы қосықлар айтылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы