Соӊғы жыллары республикамызда Екинши жер жүзилик урыс қатнасыӯшыларыныӊ қатары жылдан-жылға азайып бармақта. Оларды абайлап қәстерлеӯ ҳәм жоқары ҳүрмет кѳрсетиӯ бүгинги күни абадан турмыс кеширип атырған заманласларымздыӊ әдиӯли ӯазыйпасы болып табылады Буны жақсы түсинген елимиз басшылары ҳәм республикамыздағы барлық мәкеме, шѳлкемлер ҳәр бир байрам қарсаӊында бул теберик нураныйлардыӊ ҳал-жағдайларынан турақлы түрде хабар алып, оларға жоқары ҳүрмет-иззет кѳрсетип келмекте.
.Қанлыкѳл районы «Жаӊа қала» аӯыл пуқаралар жыйынында жасаӯшы Оразбай Нәметуллаев та усындай ел ардағындағы ҳүрметли нураный аталарымыздыӊ бири болып есапланады.
1924-жылы Мойнақ районында туӯылған Оразбай ата 18 жасында Ӯатанымызды фашист басқыншыларынан қорғаӯ мақсетинде саӯашқа атланып, 5 жыл даӯамында қанлы майданда ел алдындағы азаматлық парызын ѳтеди.
1947-жылы аӯылға қайтқан ол 40 жылдан аслам ӯақыт даӯамында улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде ѳсип киятырған жас әӯладқа жалықпастан тәлим-тәрбия берип, елимиздиӊ усындай абадан турмыс кешириӯине ѳзиниӊ салмақлы үлесин қосып келди.
Ѳмирлик жолдасы, урыс жыллары фронт артында пидәкерлик пенен хызмет еткен, бүгинги күни ѳзиниӊ 91 жасын қарсы алып атырған Шекерхан Бердимуратова менен перзентлерин ѳсирип, халық қатарына қосты.
1994-жылы болса, Оразбай Нәметуллаев Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ Пәрманы тийкарында «Жасорат» медалы менен сыйлықланыӯға миясар болды.
Жақында «9-май-Еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ күни» байрамы мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасы Қорғаныӯ министрлиги жанындағы жәмийетшилик Кеӊеси аймақлық бѳлими ағзалары, Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуӯатлаӯ министри орынбасары Турсынбай Абдижаббаров, Ѳзбекстан қорғаныӯға кѳмеклесиӯши “Ватанпарвар” шѳлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы орынбасары Мийрибек Шамуратов, Қорғаныӯ министрлиги жанындағы Ветеранлар ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныӯ ислери басқармасы, район ҳәкимлиги ӯәкиллери , Нѳкис гарнизонындағы әскерий бѳлимниӊ әскерий хызметкерлери, оқыӯшы жаслар ҳәм кеӊ жәмийетшилик ӯәкиллери Оразбай ата Нәметуллаевтыӊ шаӊарағында болып, бул әдиӯли нураныйларымыздыӊ ҳал-жағдайынан хабар алды ҳәм оларға байрам саӯғаларын тапсырды.
Илаж даӯамында Нѳкис әскерий гарнизоны әскерий госпиталыныӊ мобиль топары тәрепинен урыс ҳәм мийнет нураныйлары медициналық тексериӯден ѳткерилип, оларға зәрүрли мәсләҳәтлар берилди.
Қанлыкѳл районлық Мәденият бѳлими хызметкерлери тәрепинен таярланған урыс жылларын еске түсириӯши қосықлар,илаж қатнасыӯшыларыныӊ кеӯил-кейпиятын кѳтерип, оларға руӯхый күш бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги