Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 8-апрель күни аймақларда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде бажыхана уйымларының хызметкерлерине де бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң басшылары тәрепинен исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларын қыйнап киятырған машқалаларды  орынларға шыққан ҳалда  үйрениў ҳәм сапластырыў илажларын көриў мақсетинде көшпели қабыллаўлар өткерилмекте. Атап айтқанда, комитет баслығының орынбасары У.Кодиров басқарма баслықлары менен биргеликте республикамызда болып, исбилерменлик субъектлери менен көшпели ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында бажыхана уйымларында мәлимлеме системаларын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған жаңалықларға тоқталып,  бүгинги күнде «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасына мыңнан аслам логистика шөлкеми, 300 ден аслам бажыхана қоймаханасы және 530 дан аслам коммерциялық банк қамтып алынғаны атап өтилди. Сондай-ақ, усы системаға 6 министрлик ҳәм шөлкемниң 21 рухсатнама ҳүжжети киргизилген болса, усы жылдың 1-августына шекем бул көрсеткишти 8  министрлик ҳәм шөлкемниң 39 рухсатнама ҳүжжетин интеграциялаў нәзерде тутылған. Бул болса өз гезегинде сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының артықша төлемлерсиз ўақтын үнемлеўде әҳмийетли фактор болып есапланады. Ушырасыўда исбилерменлик субъектлерине жаратылған мәлимлеме системаларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша түсиник берилди.

Илаж соңында исбилерменлик субъектлери тийислилиги бойынша басшылардан бажыхана рәсмийлестирилиўи ҳәм қадағалаўы бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды, ушырасып атырған тосқынлық және машқалалар бойынша мүрәжат етти.

Исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўлар өндирислик кәрханаларда даўам еттирилип, орынларға шыққан ҳалда сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының машқалалары үйренилди. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы ыссыхана менен шуғылланатуғын «Bio eco agro impex» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, Тақыятас районындағы бийдайды қайта ислеўши «Атияж Гүлзар» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, терини қайта ислеў арқалы экспортқа бағдарланған өним ислеп шығарыўшы «Orient texnology»қоспа кәрханасы жумыслары менен танысып, усы кәрханалардың экспорт географиясын кеңейтиў бойынша усыныслар берилди, кемшиликлер ҳәм машқалалар үйренилип, орнында сапластырылды.

Өткерилип атырған бундай ушырасыўлар сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларын ҳуқықый және әмелий жақтан қоллап-қуўатлаўға, мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысы көлеминиң артыўына ҳәм экономикамыздың раўажланыўына хызмет етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы