«Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы»нда автомобиль бензининиң биржадағы баҳасы өнимниң басланғыш баҳаларын сатыўшы кәрханалар тәрепинен арттырылыў есабынан өсти. Биржа саўдаларына 37 006,0 тонна АИ-80 маркалы автомобиль бензини қойылды ҳәм олардан 11 394,2 тоннасы, яғный 30,8 проценти сатылды. Өткерилген саўдаларда ҳәр күни орташа 26 қарыйдар қатнасты.
Көрип шығылып атырған дәўирде сатыўшы кәрханалар АИ-80 маркалы автомобиль бензиниң орташа басланғыш баҳаларын өнимниң бир тоннасы ушын 6 306,5 мың сумнан 6 563,7 мың сумға шекем ямаса 4,1 процентке көтерди. Усы мүнәсибет пенен, АИ-80 маркалы автомобиль бензининиң орташа күнлик баҳасы да 6 306,7 мың сумнан 6 564,7 мың сумға шекем, яғный 4,1 процентке өсти.
Көрип шығылып атырған дәўирде АИ-80 маркалы автомобиль бензининиң орташа ҳәптелик котировкасы 6 446,3 мың сумды, АИ-91 – 7 558,8 мың сумды қурады.
Еслетип өтемиз, ҳәр қыйлы дәреклерде келтириўинше автомобиль бензининиң бир тоннасы орташа 1293-1370 литрди қурады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги