Усы жыл 19-23-апрель күнлери аралығында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»на бағышланып «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!»  сүрени астында  Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнери фестивалы өткерилди.  

Фестиваль шеңберинде белгили художниклердиң  дөретпелеринен ибарат көргизбелер, тарийхый орынларға пленэр саяхатлар,  ушырасыў кешелери ҳәм шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди.

– Төрт күн даўам еткен фестиваль даўамында көплеген дөретиўшилик ушырасыўлар, шеберлик сабақлары ҳәм көргизбелер көтериңкилик руўхта өткерилди. Әсиресе, Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилик аўқамының ағзалары, көркемөнертаныўшы Г.Саипова ҳәм әмелий көркем өнер устасы Г.Ембергеновалар менен оқыўшы жаслар ушырасып, сүўретлеў көркем өнерине байланыслы көплеген мағлыўматларға ийе болдық. Сондай-ақ, ушырасыў кешесинде Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилик аўқамының  ағзасы, белгили скульптор Қурбан Норхўрозов мийманда болып, өзиниң сүўретлеў көркем өнери бойынша бийбаҳа мәсләҳатлерин берди, – дейди фестиваль қатнасыўшысы Ә.Таңирбергенов

Фестиваль жуўмағында  белсене қатнасқан ҳәм өзиниң қәбилети менен ажыралып турған  жас дөретиўшилерди сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Атап айтқанда,   Республикалық қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң 11-класс оқыўшысы Әжинияз Таңирбергенов Өзбекстан көркем өнер академиясы тәрепинен усынылған алтын медаль менен 1-санлы балалар  музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Бибиназ Узақбаева гүмис медаль менен ал, республикалық қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң 10-класс оқыўшысы Динара Шамшетова қола медаль менен сыйлықланды.

Фестиваль қатнасыўшылары сертификат ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы