24-апрель күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.
Дәслеп «Халықты айырым түрдеги азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды. Бул Нызамның мақсети глобал коронавирус пандемиясы даўам етип атырған бүгинги күнде республикамыз халқының тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерине болған талабын кепилликли тәмийинлеў ҳәм баҳалардың тийкарсыз өсип кетиўине жол қоймаўдан ибарат.
Мәжилисте атап өтилгениндей, айғабағар туқымы ямаса майы бойынша сыртқы базарларда қәлиплесип атырған унамсыз баҳа көрсеткишлери елимиздиң ишки базарындағы баҳаға ҳәм социаллық жағдайға да өз тәсирин көрсетпекте.
Буны елимиз тутыныў базарында өсимлик майына болған жыллық орташа 460 мың тонна талаптың шама менен ярымы импорт есабынан қапланыўынан да көрсек болады.
БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми мағлыўматында да 2021-жыл март айында дүнья бойынша өсимлик майының орташа баҳасы өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 86 процентке, усы жылдың басына салыстырғанда болса 21 процентке қымбатлағаны атап өтилген.
Елимизге 70 процент айғабағар майы импорт етилетуғын Россия Федерациясында бир тонна айғабағар майының баҳасы 2020-жылдың декабрь айында орташа 900 долларды қураған болса, 2021-жылдың март айында 1 250 долларға шекем ямаса 39 процентке артқан.
Соның менен бирге, Россия тәрепинен быйыл 1-сентябрьден бир жыл мүддетке айғабағар майын экспорт етиўде бажы төлеминиң енгизилетуғыны да нәзерде тутылған.
Усы өзгерислердиң тәсири нәтийжесинде өткен бир жыл даўамында елимизде айғабағар майы орташа 38 процентке қымбатлаған.
Жүзеге келген бул жағдайда мәмлекетимиз ишки базарларында өсимлик майы баҳасы кескин артыўының алдын алыў мақсетинде усы Нызам менен Салық кодексине өзгерис киргизилип, оған бола 2021-жыл 1-майдан 31-декабрьге шекем:
– мәмлекетимиз аймағына өсимлик майы, айғабағар ҳәм зығыр туқымы, сондай-ақ,соя дәнесин алып кириў және;
– өсимлик майын ислеп шығарыў ҳәм (ямаса) реализациялаў бойынша қаржылар айланысы қосымша қун салығынан азат етилмекте.
Қалаберди, 2021-жыл 1-майдан 31-декабрьге шекемги дәўирде:
айырым түрдеги азық-аўқат өнимлерине байланыслы усы Нызам менен экспорт бажы енгизилмекте.
Бул Нызамның мақулланыўы арқалы майлы егинлер егилиўи үстинен де қатаң мониторинг орнатылыўы күтилмекте.
Сенаторлар тәрепинен бул Нызам мақулланды.
Буннан кейин Наманган ўәлаятының Наманган қаласы қурамында Жаңа Наманган районын шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, елимиздиң избе-из раўажланыўы Наманган ўәлаятында да үлкен өзгерислерге тийкар жаратты. Қала-районларда бир қатар дөретиўшилик жумыслары ҳәм перспективалы инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, ўәлаятта 2020-жылы жалпы аймақлық өним көлеми 4,8 процент, санаат өнимлерин ислеп шығарыў 15,8 процентке өскен. Онда ўәлаятта жумыс ислеп атырған киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлериниң орны айрықша әҳмийетке ийе.
Мәмлекетимиз басшысы орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде усы жылдың 18-19-февраль күнлери Наманган ўәлаятына барған еди.
Сапар даўамында бул ўәлаяттың потенциалын ҳәр тәреплеме жоқарылатыўға қаратылған бир қатар жаңа идеялар алға қойылды, жуўапкерлерге тийисли әмелий көрсетпелер ҳәм ўазыйпалар берилди.
Наманган ўәлаяты Наманган қаласы қурамында Жаңа Наманган районын шөлкемлестириў басламасы да мине усы сапар етиўдиң нәтийжеси болып, бул мәселениң унамлы шешилиўи аймақтың өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып тастыйықланатуғын жергиликли бағдарламаларды толық жүзеге шығарыўдың әҳмийетли факторларынан болады.
Наманган қаласы 1926-жылы шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде оның халқы 640,1 мың, улыўма жер майданы 18 мың гектарды қурамақта.
2019-жылы ўәлаяттың Чортоқ ҳәм Наманган районларынан 57 мың халық жасайтуғын 6,3 мың гектар жер майданлары Наманган қаласы қурамына қосылыўы нәтийжесинде усы аймақта жасаўшы халықтың қала орайына қатнаўында ҳәр қыйлы машқалалардың жүзеге келгенин атап өтиў орынлы.
Аймақ халқына хызмет көрсетиўши медицина мәкемелери қала орайынан 15-20 км узақлықта жайласқанлығы, санаат кәрханаларының аз болғаны себепли пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеўде машқалалардың жүзеге келип атырғанлығы халықтың наразылықларына себеп болмақта.
Буннан тысқары, 7 мәҳәлле ишимлик суўы менен толық тәмийинленбеген, ишки жоллар болса бүгинги күнде оңлаўға мүтәж жағдайда.
2020-жылы Наманган қаласының қурамында 4,9 мың гектар жер майданы және 151 мың халықты өз ишине алатуғын Давлатабат районы шөлкемлестирилди.
Нәтийжеде Давлатабат районында бүгинги күнде урбанизация процеси жеделлесип, жаңа инфраструктуралық объектлер қурылмақта ҳәм халыққа хызмет көрсетиў системасы және де раўажланыўына хызмет етпекте.
Соның ушын да Наманган қаласы аймағының 8,2 мың гектар жер майданы және 155,6 мың халыққа ийе және бир Жаңа Наманган районын шөлкемлестириў ҳәм бул арқалы пуқараларды қыйнап атырған машқалаларды сапластырыў және халыққа қолайлылық жаратыў илажларын көриў усынысы алға қойылмақта.
Жаңадан шөлкемлестирилип атырған район аймағына 24 мәкан пуқаралар жыйыны, 21 улыўма билимлендириў мектеби, 40 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 2 медицина мәкемеси ҳәм 12 емлеўхана өткерилмекте.
Жаңа Наманган районының санаат ҳәм өндиристеги ролин арттырыў мақсетинде келешекте 16 санаат кәрханалары ҳәм 4 киши санаат зоналарын пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Буның нәтийжесинде санаат кәрханаларында ислеп шығарылатуғын өним көлемлериниң қала санаатындағы улыўма үлеси 1 трлн сумға жеткерилип, мыңлаған жумыс орынлары жаратылады.
Жаңа Наманган районының шөлкемлестирилиўи районда заманагөй инфраструктуралық объектлердиң қурылыўы ҳәм халыққа хызмет көрсетиў системасының және де раўажланыўына ҳәм ең тийкарғысы халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.
Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан кейин халық депутатлары Уйчи районлық Кеңесиниң 2021-жыл 13-январьдағы «Уйчи районы ҳәкиминиң 2012-жыл 12-марттағы 217-санлы, 2015-жыл 19-ноябрьдеги 1140-санлы, халық депутатлары районлық Кеңесиниң 2020-жыл 20-марттағы 14/03-06-санлы, район ҳәкиминиң 2020-жыл 25-марттағы 222-санлы қарарларын қайта көрип шығыў ҳаққында»ғы 86/22-06-санлы қарарын үйрениў нәтийжелери додаланды.
Бүгинги күнде халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң жумысы жәмийетимизде үлкен орын ийелемекте. Бирақ айырым Кеңеслердиң қарарларын таллап нызамшылыққа сәйкеслиги үйренип шығылғанда оларды қайта додалаўға себеп болмақта.
Атап айтқанда, Наманган ўәлаяты Уйчи районындағы «Дедамирза Тожиддин» фермер хожалығына жер майданын ажыратыў ҳаққындағы қарардың халық депутатлары Уйчи районлық Кеңесиниң 2021-жыл 13-январьдағы 86/22-06-санлы қарары менен бийкар етилгенлиги жағдайы Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети тәрепинен үйренип шығылды.
Ҳәммемизге белгили, «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамның 5-статьясында жер участкалары берилгенде фермер хожалығына аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығы (үш жыл ушын орташа жыллық өним есабында) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген нормативлик өнимдарлықтан аз болмаўын тәмийинлеў миннетлемесин алатуғыны, бул миннетлеме жер участкасын ижараға алыў шәртнамасында беккемлеп қойылатуғыны, 7-статьясында фермер хожалығы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилгенинен кейин шөлкемлестирилген деп есапланатуғыны және оның шөлкемлестириўши жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў ҳаққында шәртнама дүзетуғыны, 11-статьясында болса жер участкасын ижараға алыў шәртнамасына фермер хожалығының баслығы ҳәм район ҳәкими тәрепинен қол қойылатуғыны белгиленген.
Соның менен бирге, Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 30-октябрьдеги 476-санлы қарары менен тастыйықланған Жер участкаларын фермер хожалықларына узақ мүддетли ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы реже жер участкаларын фермер хожалықларына узақ мүддетли ижараға бериўди тәртипке салады.
Бирақ тәреплер жоқарыдағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына муўапық жер ижара шәртнамасын дүзбеген.
Жер кодексиниң 36-статьясына муўапық:
жер участкасынан ақылға уғрас пайдаланылмағанда, бул аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын өнимдарлық дәрежеси үш жыл даўамында нормативтен (кадастр баҳасына муўапық) төмен болғанда пүткил жер участкасына ямаса оның бир бөлегине ийелик етиў ҳуқықы яғный оннан турақлы ямаса мүддетли пайдаланыў ҳуқықы, сондай-ақ, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы бийкар етилиўи мүмкин;
тәреплер арасында реже бар болғанда жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын ямаса жер участкасынан турақлы ямаса ўақтынша пайдаланыў ҳуқықын бийкар етиў белгиленген тәртипте суд тәрепинен әмелге асырылады.
Соған қарамастан әмелдеги нызамшылыққа қайшы түрде район ҳәкиминиң 2012-жыл 12-марттағы 217-санлы және 2015-жыл 19-ноябрьдеги 1140-санлы «Дедамирза Тожиддин» фермер хожалығына жер майданы ажыратыў ҳаққындағы қарарлары халық депутатлары районлық Кеңесиниң 2021-жыл 13-январьдағы қарарына тийкарланып бийкар етилген.
«Фермер хожалығы ҳаққында»ғы нызамның 29-статьясына муўапық мәмлекетлик фермер хожалықларының ҳуқықларына әмел етилиўи ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын кепиллейди. Мәмлекетлик уйымлар фермер хожалықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге жәрдемлесиўи шәрт.
Соның менен бирге, үйрениўлер нәтийжесинде Наманган ўәлаяты прокуратурасы, ўәлаят аўыл хожалығы басқармасы, Уйчи районы әдиллик бөлими, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ўәлаятлық Кеңеси ўәкиллериниң берген мағлыўматларында да усы мәселе бойынша қабыл етилген ҳүжжетлерде нызамшылық талапларының бузылғанлығы атап өтилген.
Жоқарыда билдирилгенлерди есапқа алып, халық депутатлары Уйчи районы Кеңесиниң 2021-жыл 13-январьдағы «Уйчи район ҳәкиминиң 2012-жыл 12-марттағы 217-санлы, 2015-жыл 19-ноябрьдеги 1140-санлы, халық депутатлары районлық Кеңесиниң 2020-жыл 20-марттағы 14/03-06-санлы, район ҳәкиминиң 2020-жыл 25-марттағы 222-санлы қарарларын қайта көрип шығыў ҳаққында»ғы 86/22-06-санлы қарарын нызамшылыққа қайшы деп таўып, оны бийкар етиў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан кейин халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеўдеги машқалалар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.
Парламентлик сораўда көтерилген мәселелердиң орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-декбарьдеги «Ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын басқарыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, тийисли жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.
Соның ишинде, Қарар менен «Ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлерин көрсетиў тараўын раўажландырыў бойынша «жол картасы» ҳәм «Өзсуўтәмийнат» акционерлик жәмийетиниң системасына кириўши суў тәмийнаты шөлкемлериниң қаржыларын қәлиплестириў ҳәм оны бөлистириў тәртибиниң тастыйықланғанлығы атап өтилди.
«Жол картасы»нда 2017-жылдан баслап район (қала)ларда пайдаланыўға тапсырылған ақаба суў тазалаў имаратларында суўдың тазаланғанлығы дәрежесин таллаў, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет ҳәм ҳүкимет кепиллиги астында тартылған халықаралық финанслық институтлардың қаржылары есабынан әмелге асырылған жойбарлар бойынша жуўмақларды рәсмийлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.
Сондай-ақ, Аўыллық елатлы пунктлерде мәмлекетлик социаллық буйыртпа тийкарында ишимлик суўы менен тәмийинлеўдиң тийкарғы шәртлери және мәмлекетлик социаллық буйыртпа тийкарында аўыллық елатлы пунктлерди ишимлик суўы менен тәмийинлеў тараўындағы ўазыйпалар да белгиленген.
Халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеўде Мәмлекетлик бюджет, халықаралық финанслық институтлар ҳәм басқа да дәреклерден тартылған қаржылар есабынан әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанында Халықаралық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў агентлиги шөлкемлестирилген.
Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги қурамынан Суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин қурыў компаниясы «Өзсуўтәмийнаты» АЖ қурамына өткерилип, буйыртпашы ҳәм пайдаланыўшыға қабыл етиўши сыпатында мәпдар тәреплер жумысы шөлкемлестирилип, жойбардың нәтийжелилигин қадағалаўда жаңа система жолға қойылған.
Соның менен бирге, Министрлер Кабинетиниң илажларында 2017-жылдан пайдаланыўға тапсырылған халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў жойбарлары бойынша жуўмақлар таярлаў нәзерде тутылмастан қалған.
Сенаторлар Министрлер Кабинети тәрепинен 2017-жылдан баслап район (қала)ларда пайдаланыўға тапсырылған халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў жойбарлары бойынша жуўмақларды Сенатқа берилиўин атап өтти.
Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додаланды.
Парламентлик сораўда көтирилген мәселелердиң орынланыўы бойынша Министрлер Кабинети тәрепинен айрықша илажлардың ислеп шығылғаны, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўда олар менен мәнзилли ислесиўди шөлкемлестириў, кредит бериў системасын ықшамластырыў, ҳаял-қызлардың исбилерменлик тараўында билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў, ҳуқықый билимин арттырыўға қаратылған турақлы оқыў семинарларын шөлкемлестириў, өз жумысын тоқтатқан исбилермен ҳаял-қызлардың жумысын үйрениў арқалы ҳәм мәнзилли жумысларды әмелге асырыў бойынша белгили жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.
Атап өтилиўинше, бүгин ҳаял-қызлар исбилерменлиги бағдарында бирден-бир ҳәм бир пүтин «Мәҳәлле-район (қала)-ўәлаят-республика» системасы жолға қойылған.
2020-жылы 5,5 мың ҳаял-қыздың киши бизнес жойбарлары ушын жеңиллетилген кредитлер тийкарында 102 млрд сум қаржы ажыратылып, ҳаял-қызлар ушын 4 мың 364 жаңа жумыс орны жаратылған.
Бүгинги күнде исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған жәми 69 мың 877 ҳаял-қыздың 28 процентине ямаса 19 мың 643 ине Халық банки тәрепинен кредитлер ажыратылған.
Аўыллық жерлерде ўақтынша жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм улыўма билимлендириў мектеплери питкериўшилерин исбилерменликке бағдарлаў, олардың финанслық саўатлылығын арттырыў ушын «Biznes klinikalar» шөлкемлестирилген.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Саўда-санаат палатасы тәрепинен «Исбилермен ҳаял-қызларға шөлкемлестириўшилик, социаллық-ҳуқықый, финанслық, психологиялық ҳәм басқа түрдеги жәрдемлесиў бойынша илажларының бағдарламасы» ислеп шығылып, орынлаўға қаратылған.
16 мың 500 жумысын тоқтатқан ҳаял-қызға бәнтлик, мийнет ҳуқықы ҳәм мийнетти қорғаў мәселелери бойынша мәсләҳәт хызметлери көрсетилген, 11 мың 890 ына исбилерменлик жумысын қайта баслаўда жәрдем берилип, оқыў менен байланыслы қәрежетлери қаплап берилген.
Сенаторлар бүгинги күнде ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде ҳаял-қызларды кәсипке ямаса исбилерменликке оқытыў, оларға кредитлер ажыратыў және исбилерменлигин баслаған ҳаялларға товар ҳәм хызметлерди реализациялаўда жәрдемлесиў арқалы оларды дәрамат алыў дәрежесине алып шығыў сыяқлы мәселелер бойынша есабат жүргизиўдиң айрықша бир пүтин электрон платформасын жаратыў мақсетке муўапық екенлигин атап өтти.
Соның менен бирге, жуўапкер министрликлер менен уйымларға исбилерменлик етпекши болған ҳаял-қызларды анықлаў, олардың исбилерменлик бағдарында финанслық саўатлылығын арттырыў, кредитлер ажыратыў сыяқлы бағдарларда мәҳәллелер кесиминде үгит-нәсиятлаў жумысларын және де күшейтиў, ҳаял-қызлардың жоқары нәтийжели исбилерменлик жойбарын қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, ҳаял-қызлар ушын мөлшерленген оқыў бағдарламаларына IT бағдарына тартыў ҳәм саўатлылығын арттырыў, фрилансерликти раўажландырыў, ақылый мийнет арқалы дәрамат табыўға үйретиўди нәзерде тутатуғын бағдарларды киргизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң бағшылық-жүзимшилик ширкетлериниң әмелдеги жумысы ҳәм олардың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.
Атап өтилгениндей, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша турақлы жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2020-жыл 20-ноябрь СҚ-179- IV-санлы қарарының орынланыўы бойынша илажлар режеси ислеп шығылған.
Қалаберди, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 13-ноябрьдеги бағшылық-жүзимшилик ширкетлериниң жумысын комплексли үйрениў, пайда болып атырған машқалаларды анықлаў, сапластырыў ҳәм тараўды тәртипке салыў бойынша республикалық жумысшы топары дүзилген.
Жумысшы топар республикамыздағы 6140 гектар майдандағы 730 бағшылық, жүзимшилик ширкетлериниң жер участкалары, объект-имаратлары, сондай-ақ, кадастр ҳүжжетлерин үйренип шыққан.
Мәлим болыўынша, 74 082 дала-ҳәўли объектлери болып, соннан 37 847 объектте кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилген ҳәм олардың 19 095 и мәмлекетлик дизимнен өткерилген.
Бирақ мәжилисте атап өтилгениндей, тараўда әмелге асырылған жумыслар менен бирге айырым машқалалар сақланып қалмақта.
Жумысшы топар тәрепинен айырым ширкетлер сапластырылғанлығы ямаса елатлы пунктке өткерилгенлиги анықланған. Буннан тысқары, ширкетлердиң жер ажыратыў ҳаққындағы ҳүжжетлери талланғанда олар тәрепинен артықша жер майданларын ийелеп алғанлығы мәлим болған.
Сондай-ақ, ширкет аймағындағы дала-ҳәўлилердиң айырымларында объект имаратлар бар болса да, ширкет ағзалары тәрепинен бул көшпес мүлклерге кадастар ҳүжжетлери рәсмийлестирилмеген.
Ширкетлер аймағында 11 мыңға шамалас дала-ҳәўлилер турақ жай сыпатында, 400 ге шамаласы болса турақ жай емес сыпатында ҳүжжетсиз пайдаланып келинбекте.
Буннан тысқары, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған ҳәм нәтийжесиз пайдаланылып атырған жер участкалар резерв жерлер категориясына қайтарыў және ширкет аймағында қурылған объект-имаратларды мәмлекетлик дизимнен өткериўде системалы машқалалар сақланып тур.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Парламент жоқары палатасының он төртинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериниң системасын және де раўажландырыў ҳаққында»ғы және «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманларын тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының регламент ҳәм әдеплилик комиссиясының қурамы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Регламент ҳәм әдеплилик комиссиясының айырым ағзалары басқа жумысқа өткени себепли комиссия қурамынан шығарылған.
Комиссияның жаңаланған қурамына, соның ишинде, комиссия баслығына – Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қутбидин Нукритдинович Бурханов, Комиссия баслығының орынбасарлығына Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығының орынбасары Шуҳрат Асқарович Чўллиев ҳәм оның ағзалығына сенатор Санобар Зарфуллаевна Суярованың кандидатуралары сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Қалаберди, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў мәселеси көрип шығылды, соның ишинде, Сенаттың қарары менен Жоқарғы суд судьялары Нодира Алохоновна Бобохонова және Жаңагул Исмаиловна Бакибаева басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Жоқарғы суд судьясы лаўазымынан босатылды.
Сондай-ақ, Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң қарары тастыйықланды.
Жалпы мәжилисте 21 мәселе, соның ишинде 8 нызам додаланды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети