23-апрель күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен уйымлардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери ҳәм «O’zReport» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Сенаттың он үшинши жалпы мәжилисинде Сырдәрья, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы сенаторлар аймақлардағы әҳмийетли машқалалар, атап айтқанда, майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жеке меншик ҳәм шаңарақларға қосымша жеңилликлер бериў арқалы қамтыў дәрежесин арттырыў, Республика жол қорының жумысын үйрениў, басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң сапасы менен нәтийжелилигин арттырыў, АШП ҳәм орайлық поликлиникалар системасын санластырыў сыяқлы мәселелерди көтерген еди.

Олий Мажлис жоқары палатасының Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери, илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери ҳәм де қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетлерине бул машқалаларды системалы үйрениў тапсырылған еди. Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли комитетлери баслықларының мәлимлемелери тыңланды.

Олий Мажлис Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси күн тәртибиндеги биринши мәселе ­ 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2021-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылдағы Мәмлекетлик бағдарлама 273 бәнттен ибарат болып, оның орынланыўы шеңберинде улыўма баҳасы 29,5 триллион сум, 2,6 миллиард доллар ҳәм 57,5 миллион евроға тең жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Биринши шеректе орынланыўы тәмийинлениўи белгиленген 41 тапсырманың 32 си толық орынланған.

Ҳүкимет тәрепинен әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде Бағдарламада орынлаў мүддети келмеген 15 бәнттеги ўазыйпалардың орынланыўы тәмийинленген.

Есап бериў дәўиринде жалпы ишки өнимниң өсиўи өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 103,0 процентти қураған. Саўда айланысы көлеми 46,7 триллион сумға жетип, өткен жылға салыстырғанда 102,8 процентке өскен. Мәмлекетлик бюджеттиң социаллық тараўға бағдарланған қәрежетлери 18,2 триллион сумды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 28,6 процентке артқан.

Еркин экономикалық зоналарда улыўма баҳасы 2,6 миллиард доллар, соннан 818 миллион доллары тиккелей инвестиция болған 453 жойбар әмелге асырылған ҳәм буның нәтийжесинде 35 897 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилген.

Ҳәр бир район (қала)да «Жаслар бағдарламалары»ның орынланыўы системалы жолға қойылып, 271 мың 495 тен аслам жаслардың бәнтлиги тәмийинленген. 62 мың 441 жас кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылған ҳәм 27 мың 236 жас «1+1» жойбары тийкарында исбилермен ҳәм уста-өнерментлерге бириктирилген.

Жаңадан шөлкемлестирилген «Жаслар қорлары» қаржыларынан 17 миллиард 504 миллион сум қаржы жумсалып, «Жаслар дәптери»не кирген 24 мың 904 тен аслам жаслардың машқалалары шешилиўине жәрдем берилген.

Халықтың саламатлығын беккемлеў мақсетинде 660 мың доза AstraZeneca ҳәм 1 миллион доза ZF-UZ-VAK 2001 вакцинасы алып келинген. Шаншыў жумысларын әмелге асырыў ушын республикада 3 138 пункт ҳәм 862 ҳәрекеттеги бригада дүзилген.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бирге айырым кемшиликлер де бар екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, Бағдарламада орынланыўы I шеректе тәмийинлениўи белгиленген айырым тапсырмалар өз ўақтында орынланбаған. Соның ишинде, Мәмлекетлик бағдарламаның 145-бәнтинде 1-мартқа шекем халықтың минимал тутыныў қәрежетлерин жәриялаў әмелиятын жолға қойыў ўазыйпасы белгиленген болып, бул бәнттиң орынланыўы бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилмеген.

Бағдарламаның 120-бәнтинде 20-мартқа шекем аўыл хожалығында жер қатнасықлары бойынша реформаларды және де жетилистириў, жерлерди базар активлерине айландырыў ҳәм жер участкаларын ижара ҳуқықы менен пайдаланыўға бериўдиң заманагөй ҳәм ашық механизмлерин енгизиў бойынша Министрлер Кабинети қарарының қабыл етилиўи белгиленген. Бирақ, бул тапсырма орынланбаған.

Сондай-ақ, айырым ҳүжжетлер жойбарлары орынлаўшылар тәрепинен өз ўақтында ислеп шығылмағанлығы аймақларда бул бағдардағы реформаларға кери тәсир көрсетип атырғаны да атап өтилди.

Қызғын сораў-жуўаплар тийкарында өткен Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын додалаўда сенаторлар халық тәрепинен көплеп наразылықларға себеп болып атырған мәселелерге айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, Бағдарламаның 38-бәнтиндеги Инфляциялық таргетлеў шеңберинде 2021-жылы инфляция дәрежесин 10 проценттен асырмаў ҳәм баҳаның турақлылығы, Бағдарламаның 43-бәнтиндеги мәмлекетлик қарыз бойынша мағлыўматлардың және де ашықлығын тәмийинлеў ўазыйпасының орынланыў жағдайы, Бағдарламаның 120-бәнтиндеги аўыл хожалығында жер қатнасықлары бойынша реформаларды және де жетилистириў, жер участкаларын ижара ҳуқықы менен пайдаланыўға бериўдиң заманагөй ҳәм ашық механизмлерин енгизиў, Бағдарламаның 261-бәнтиндеги сырт еллердеги Өзбекстан мийнет мигрантларына хызмет көрсетиў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаў системасын түп-тийкарынан раўажландырыў бойынша көрилген илажлар сыяқлы мәселелер бойынша жуўапкерлердиң жуўаплары тыңланды.

Додалаўлар соңында Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының прокуратура уйымларының 2020-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары тәрепинен коронавирус пандемиясы шараятында халықты, соның ишинде, мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды социаллық қорғаў, экономика тармақларының турақлылығын сақлаўға байланыслы нызамлардың орынланыўы үстинен тәсиршең қадағалаў орнатыў, ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың алдын алыў мәселелерине қаратылған анық жумыслар алып барылғанлығы атап өтилди.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен прокуратура уйымларының әмелге асырған унамлы жумыслары менен бир қатарда жумыстың айырым бағдарларында қадағалаўды және де күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, мәмлекетимизде репродуктивлик саламатлықты, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўдеги кемшиликлер ақыбетинде өткен жылға салыстырғанда нәрестелер өлими 428 ге (6 432-6 860), аналар өлими 10 ға (145-155) артқан.

Аўыр финанслық жағдайға түскен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде кемшиликлер бар.

Сондай-ақ, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларды ерте анықлаў, оларды келтирип шығарып атырған себеплер менен факторларды сапластырыў бойынша кемшиликлерге шек қойылмаған.

Республика бойынша дизимге алынған жәми 62 081 жынаяттың 41 087 си яки 66 процентиниң алдын алыў мүмкин болған жынаятлар категориясына киреди.

Республика бойынша излеўде болған 9 790 шахстан 6 761 и яки 75 проценти усланбаған.

Буннан тысқары, прокуратура уйымларының жумысы менен байланыслы мәселелер бойынша пуқаралардан Сенатқа келип түсип атырған мүрәжатлардың саны да жоқарылығынша қалмақта.

Бул жағдайлар усы бағдарда қадағалаўды және де күшейтиўди, анықланған ҳәр бир нызам бузылыўы жағдайына қатаң ҳәм тәсиршең шаралар көриўди талап етеди.

Додалаўда сенаторлар тәрепинен секторларда жумыслардың «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» сыяқлы жаңа механизмлер тийкарында шөлкемлестирилиўи ҳәм жүргизилип атырған есабатлардың ҳақыйқыйлығын турақлы талқылап, бар нызамбузылыўларды сапластырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың социаллық қорғалыўын және бәнтлигин тәмийинлеў, «Ҳәр бир исбилермен ­ жасларға мәдеткар» принципи тийкарында жумыссыз жасларды исбилерменлерге бириктириў, «Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде жасларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, машқала, усыныс ҳәм тилеклерин «мәҳәлле кесиминде» үйрениў ҳәм криминоген жағдайдан келип шығып, барлық мәҳәлле ҳәм район (қала)ларды «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға ажыратқан ҳалда, оларда жынаятшылықты «мәҳәлле кесиминде» жылаўлаў жумысларын системалы жолға қойыў бойынша усыныслары билдирилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соң Өзбекстан Республикасы Есап палатасының 2020-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, Есап палатасы 2020-жылдағы жумысын коронавирус пандемиясы себепли қолланылған карантин илажларына қарамастан мәмлекеттеги социаллық-экономикалық жағдай ҳәм Мәмлекетлик бюджеттиң турақлылығын тәмийинлеў илажларының орынланыўына, пандемияның унамсыз ақыбетлерин азайтыў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын қадағалаўға қаратқан.

2020-жылды жүкленген ўазыйпалар шеңберинде Есап палатасы тәрепинен 87 қадағалаў илажы ҳәм тематикалық аналитикалық үйрениўлер әмелге асырылған.

Нәтийжеде Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери есабынан ажыратылған қаржылардың жумсалыўы бойынша 2020-жылда 671,3 миллиард сумлық нызамсыз қәрежетлер, кемислик ҳәм өзгерислер және нәтийжесиз қәрежетлер, 1 триллион сумнан артық қәрежетлерди оптималластырыў имканиятлары анықланған.

Кризиске қарсы гүресиў қоры қаржыларынан 23,8 миллиард сумлық кемислик ҳәм нызамсыз қәрежетлер анықланып, артықша қаржыландырылған 8,4 миллиард сум қаржылар қорға қайтарылған ҳәм 2,6 миллиард сумлық артықша ҳәм тийкарсыз төлеўлердиң алды алынған.

Мәмлекетлик үлеске ийе 2 232 кәрхана тәрепинен дивидендлердиң толық бюджетке төлениўи талқыланып, 4,8 триллион сумлық дивидендлердиң бюджетке өткерип берилиўи тәмийинленген.

Мәмлекеттиң сыртқы қарыз қаржыларын тартқан ҳалда 2010-2019-жылларда жуўмақланған улыўма қуны 12,6 миллиард долларлық 81 жойбардың 24 инде қәте-кемшиликлер анықланған.

Мәмлекет басшысының 796 ҳүжжетиндеги 15 518 тапсырмаларының орынланыўы  қадағалаўға алынған.

Анықланған жағдайларды сапластырыў ҳәм тәкирарламаслық бойынша 10 бағдарда 28 усыныслар ислеп шығылған.

Есап палатасы өз жумысында ашықлық ҳәм жәриялылық принциплерине әмел етип, финанслық ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў мақсетинде 40 тан аслам материалларды рәсмий веб-сайт, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда жарытқан.

Соның менен бирге, сенаторлар Есап палатасы тәрепинен әмелге асырылып атырған қадағалаў илажларының нәтийжелерине қарамастан Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлери қаржыларының жумсалыўында нызамсыз қәрежетлер, кемислик ҳәм өзлестириўге жол қойыў сыяқлы унамсыз жағдайлар саны жылдан-жылға артып баратырғанын да атап өтти.

Бул болса Есап палатасының нызамда белгиленген ўазыйпаларының орынданыўын тәмийинлеўде алдынғы халықаралық тәжирийбелерден пайдаланған ҳалда жумысын күшейтиўди де талап ететуғыны атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары  қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Орайлық банки басқармасы баслығының Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң 2020-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, есап бериў жылында Орайлық банк тәрепинен тийкарғы итибар ишки баҳалардың өсиўин төменлетиў арқалы халықтың сатып алыў қәбилетин сақлап қалыў ҳәм коронавирус пандемиясының исбилерменлик субъектлери менен банклердиң финанслық жағдайына кери тәсирин жумсартыў есабынан экономикада тең салмақлы финанслық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған.

Қалаберди, коммерциялық банклерге зәрүр болған финанслық ресурсларды усыныў арқалы банк ҳәм төлеў системаларының турақлы жумыс жүргизиўи тәмийинленбекте.

2020-жылда Орайлық банк тийкарғы ставкасының 2 мәрте 1 процент бәнттен (жыллық 16 проценттен 14 процентке шекем) төменлетилиўи ҳәм оптимал процент ставкалары механизминиң киргизилиўи экономикадағы пул-кредит шараятларын бираз жумсартып, карантин шеклеўлери жумсартылғаннан кейинги дәўирде инфляция дәрежесине қәўип туўдырмаған ҳалда экономикалық белсендиликти қоллап-қуўатлаўға хызмет етти.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде соңғы 3 жыл даўамында жәми 15,7 триллион сумнан көп жеңилликли кредитлер ажыратылды ҳәм бул арқалы 633 мыңнан аслам шаңарақлар исбилерменликти жолға қойып, дәрамат табыўға қаратылған жумыс пенен шуғыланыўына тийкар жаратылған.

Финанслық қыйыншылыққа ушыраған исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-жылдың март-декабрь айларында банклер тәрепинен 59 235 кәрхана айланыс қаржыларды толықтырыў ушын 26,8 триллион сумлық револьвер кредитлер ажыратылған.

Пандемия дәўиринде финанслық қыйыншылықларға дус келген халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң кредит төлемлери мүддетиниң созылыўы нәтийжесинде банк системасында машқалалы кредитлердиң үлеси 0,6 процентке артып, 2020-жыл жуўмағы бойынша 2,1 процентти (5,8 триллион сум) қурағанлығы атап өтилди.

Жәми машқалалы кредитлердиң 73 проценти яки 4,2 триллион сумы исбилерменлик субъектлери, 17 проценти яки 961 миллиард сумы физикалық тәреплер, 10 проценти яки 586 миллиард сум мәмлекетлик ҳәм бюджет шөлкемлери үлесине туўра келеди.

Физикалық тәреплердиң машқалалы кредитлери қурамында ипотека кредитлериниң үлеси 42 процентти (405 миллиард сум), тутыныў кредитлери 20 процентти (194 миллиард сум), микроқарызлар 14 процентти (132 миллиард сум), автокредитлер 7 процентти (59 миллиард сум) қураған. Буннан болса пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў ушын ажыратылған кредитлер муғдарының жоқарылығы көринеди.

Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың исбилерменлик басламаларын финанслық қоллап-қуўатлаў мақсетлери ушын 281 мыңнан аслам жойбарға жәми 48,4 триллион сум кредит қаржылары ажыратылған.

Есап бериў дәўиринде төлем системаларын тәртипке салыўдың нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириў мақсетинде «Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларынан ҳәм халықаралық тәжирийбеден келип шығып тийисли қағыйдалар менен қолланбалар қабыл етилген.

Миллий банклераралық процесстиң орайы болған HUMO төлем системасының иске түсирилиўи банк карталарына тийкарланған төлем хызметлерин көрсетиўши усақлап төлеў системалары арасында бәсеки орталығының пайда болыўына ҳәм контактсыз төлемлер көлемин арттырыў нәтийжесинде төлем системалары инфраструктурасын және де кеңейтиўге хызмет етпекте.

Терминаллар арқалы әмелге асырылған транзакциялар көлеминде HUMO системасы арқалы өткерилген төлемлердиң үлеси 2020-жылда 2019-жылдағы 3 проценттен 15 процентке артқан.

Халық ушын қолайлы HUMO контактсыз банк карталары 5,3 миллион, исбилерменлик субъектлерине орнатылған есап-санақ терминалларының саны 203 мың, сондай-ақ, банк инфраструктуралары, туризм объектлери, дийқан базарлары ҳәм саўда комплекслерине орнатылған банкоматлардың саны 4 мыңға жеткерилген.

HUMO төлем системасының VISA, Mastercard ҳәм UnionPay International халықаралық төлем системалары менен интеграциясы әмелге асырылып, HUMO төлем системасының барлық банкоматлар ҳәм терминаллар тармағында VISA, Mastercard, UnionPay  банк карталарын қабыл етиў имканиятының жаратылыўы сырт елли мийманлар ҳәм туристлер ушын конверсия әмелиятысыз халықаралық банк картасы арқалы товар ҳәм хызметлер ҳақысын төлеў, нақ миллий валюта қаржыларын алыў ушын шараят жаратты.

Нақ пуллардың банклер арқалы айланысы 2020-жылда 360,2 триллион сумды қурап, 2019-жылға салыстырғанда 1,3 есеге артқан.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң 2020-жыл 31-декабрь жағдайына бола, балансы ҳәм финанслық есабатлары абырайлы «Deloitte & Touсhe» ЖШЖ аудиторлық шөлкеми тәрепинен халықаралық аудит тексериўинен өткерилип, Орайлық банктиң финанслық есабатлары халықаралық стндартлар ҳәм «Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы Нызам талапларына толық жуўап беретуғыны ҳаққындағы жуўмағы алынған.

Сенаторлар Орайлық банк жумысына байланыслы нызамларға муўапық 2021-жылы айрықша итибар қаратылыўы зәрүр болған бир қатар ўазыйпалар бойынша да сўз етти.

Атап айтқанда, банклерди трансформациялаў бағдарламаларының жетерлише орынланбай қалып атырғанлығы, әмелге асырылып атырған жумыслар болса банклер арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм ақырғы жуўмақта банк қарыйдарлары-тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлер сапасының түп-тийкарынан жақсыланыўына сезилерли тәсир етпей атырғаны атап өтилди.

Есап-санақлар ушын қолайлы болған HUMO төлем системасы абзаллықларын банклер тәрепинен тутыныўшыларға жеткериў бойынша жумыслар жетерли емеслиги ҳәм системадан пайдаланыўды және де кеңейтиў мақсетинде коммерциялық банклер ҳәм салық мәкемелери оның абзаллықлары ҳаққында халық ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында түсиндириў жумысларын күшейтиўи зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, қарыйдарларды ажыратылып атырған кредит қаржыларын коммерциялық банклер тәрепинен таңланған қамсызландырыў компаниялары арқалы қамсызландырыўға мәжбүрий бағдарлаў арқалы тутыныўшылар ҳуқықларының бузылып атырғанлығы жағдайларына да шек қойыў мәселесиниң көрип шығылыўы зәрүрлиги де атап өтилди.

Сондай-ақ, халық ҳәм исбилерменлерден кредит ажыратылыўы ҳаққында келип түсип атырған мүрәжатлардың коммерциялық банклер тәрепинен мүддетинде көрип шығылмаслығы ямаса көрип шығыў мүддетлериниң тийкарсыз созылыўы яки ҳеш қандай тийкарларсыз кредит бериўден бас тартыў, кредит ушын гиреўлерди таңлаў ҳәм баҳалаўдағы системалы машқалаларға додалаў процесслеринде айрықша итибар қаратылды.

Соның менен бирге, коммерциялық банклердиң хызметкерлери тәрепинен хызмет ўазыйпаларын өз мәпине пайдаланыў жағдайларының бар екенлиги, банк хызметлерин шөлкемлестириўдеги бар бюрократиялық тосқынлықлардың толық сапластырылмай атырғаны сыяқлы жағдайлар бойынша түсип атырған мүрәжатлардың артып баратырғанлығы ҳәм оларда көтерилген мәселелерге итибарды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин «Өзбекстан Республикасында сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқықый жағдайы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, нызам сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқықый статусын анықлаў, республикадағы мийнет етиўин дурыс жолға қойыў, мәмлекеттен шығыў ҳәм оған кириўди шөлкемлестириў системасы менен механизмлерин тәртипке салыў, сондай-ақ, мийнет уйымларының жумысын раўажландырыў зәрүрлигинен келип шығып ислеп шығылған.

Нызамның тийкарғы мақсети ­ Өзбекстан Республикасында сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқықый жағдайы тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.

Ҳүжжетте Өзбекстан Республикасында сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери, оларға сиясий баспана бериў, олардың Өзбекстан Республикасында кириў ҳәм шығыўлары, мәмлекетимиз аймағы арқалы транзит өтиўлери ҳәм қағыйдаларын бузған ҳалда жуўапкерлиги, республикамызда болыў тәртиби ҳәм мүддетин қысқартыў, сондай-ақ, ҳәрекетлениўи ҳәм ўақтынша жасаў орны (турақлы жасаў орны)н таңлаўы, мийнет етиўи ҳәм басқа да ҳуқықлары толық белгиленген.

Нызамның қабыл етилиўи республикада сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқықый статусын тәртипке салыўдың бир пүтин системасын орнатыўға, 1990-2000-жылларда қабыл етилген түрли (нызамнан келип шығатуғын) ҳүжжетлер менен қәлиплестирилген ҳуқықый тийкарларды унификациялаў ҳәм сырт ел пуқаралары яки ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар менен мүнәсибетлердиң дәўир талабына бейимлестириўге хызмет етеди.

Буннан тысқары, нызам менен мийнет қатнасықлары тараўында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўдиң ашық-айдын тәртиби жаратылады, сырт ел пуқараларының мәмлекетлик хызметлерден кең пайдаланыў имканияты бериледи.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў процедуралары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў мәселелери 2 нызам, Олий Мажлистиң 1 қарары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 7 Пәрман ҳәм қарарлары, Министрлер Кабинетиниң 2 қарары ҳәм басқа да бир қатар ведомстволық ҳүжжетлер менен тәртипке салынып келинбекте.

Атап айтқанда, 2000-жылда қабыл етилген «Хызметтиң айырым түрлерин лицензиялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 2001-жыл 12-майдағы «Әмелге асырылыўы ушын лицензия талап етилетуғын хызмет түрлериниң дизими ҳаққында»ғы қарары усылар қатарына киреди.

Мәселеге байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң көплиги исбилерменлик субъектлери ҳәм халық ушын түрли қолайсызлықларды келтирип шығарыўы менен бирге коррупция жағдайларының да жүзеге келиўине фактор болыўы мүмкин.

Бул жағдайлар Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитети тәрепинен 2019-жылда Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты менен биргеликте үйренип шығылып, Министрлер Кабинетине тиккелей әмел ететуғын жаңа редакциядағы нызам жойбарын киргизиў усыныс етилген еди.

Соған бола, киргизилген нызам әмелдеги еки нызам, Олий Мажлис қарары ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлерин бирлестириў арқалы тараўда заман талабына сай, әпиўайы системаны жаратпақта.

Нызам менен лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў процедураларынан өтиўдиң тек электрон тәризде ислейтуғын арнаўлы ­ «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы (сондай  -ақ, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы) әмелге асырылыўы беккемлеп қойылмақта.

Нызам юридикалық тәреплердиң филиаллары ҳәм ўәкилханалары ушын айрықша лицензия ҳәм руқсатнама алыў талабын және лицензия ҳәм руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлердиң электрон түрде берилиўи мүнәсибети менен лицензия шәртнамасын дүзиў институтын бийкар етпекте.

Нызам менен дәслепки рет хабардар етиў арқалы жумысты әмелге асырыўдың тәртиби ҳәм механизмлери енгизилмекте.

Соның менен бирге, лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў процедураларын бузғанлық ушын юридикалық тәреплерге жәрийма салыў тәртиби де белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде лицензиялаў ҳәм руқсатнама бериў бағдарына бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм мәмлекетлик уйымлар тәрепинен жол қойылыўы мүмкин болған нызам бузыў жағдайлары сапластырылып, исбилерменлерге қолайлылықлар жаратылыўы ҳәм барлық процесслер толық санластырылып, олардың ашықлығының тәмийинлениўи күтилмекте.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин «Баспа жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Бул нызам дәслеп 2020-жылда Сенаттың төртинши жалпы мәжилиси күн тәртибине киргизилгенде сенаторлар тәрепинен айырым наразылықлар билдирилип, оны қабыл етиў мақсетке муўапық емес, деп табылған еди. Атап айтқанда, нызамдағы лицензиялаў менен байланыслы статьяларды ҳәм усынылған нормаларды шығарып таслаў талабы қойылған еди. Нызам интакерлери ҳәм депутатлар  усы талаплар тийкарында бул ҳүжжетти қайта ислеп шықты.

Тек ғана Баспа жумысын лицензиялаў тәртиби орнына баспа жумысын баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етиў системасын енгизиў, бул тараўда исбилерменликти раўажландырыўға әмелий жәрдем береди.

Жаңа редакциядағы бул нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Жаңа редакциядағы нызамда әмелдегисинде болмаған тийкарғы түсиниклер ҳәм оларды түсиндириўши тийисли статья киргизилмекте. Бул өзгерис тек нызамдағы белгили бир қағыйдалардың анықсызлығының алдын алып ғана қоймастан, ал, заманагөй нызамшылық техникасына, ҳәзирги әмелият талапларына сәйкес рәўиште текстти баян етиўде қолайлылықлар жаратады.

Нызамда баспа жумысы субъектлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў усылларын анықлаў, атап айтқанда, олардың финанслық жағдайы ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, мәлимлеме-китапхана жумысын раўажландырыўға инвестицияларды тартыў, баспа жумысын әмелге асырыўда салық ҳәм басқа да жеңилликлерди белгилеў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, полиграфия өнимлеринде басылымның шығарылыўына байланыслы мағлыўматлар көрсетилиўи зәрүрлиги ҳәм олардың дизими нызамластырылмақта. Бундай мағлыўматлар басып шығарылып атырған өнимлердиң қатаң тиражы аудитин, басып шығарыў тараўы жағдайының статистикасын ҳәм раўажланыў динамикасын режелестириўди тәмийинлейди, халықаралық стандартларға муўапық ислеп шығарылып атырған баспа өнимлериниң есабы жүргизилиўин шөлкемлестириў имканиятын береди.

Халқымыздың, әсиресе, жаслардың руўхый-ағартыўшылық ҳәм эстетикалық талапларына сай сапалы китапларды басып шығарыў, китапларды қолайлы баҳаларда орынларға жеткерип бериў, баспа-полиграфия тараўын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыўды тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе болған бул нызамды мақуллаў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин «Психиатриялық жәрдем ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.

Бүгинги күнде психиатрия жәрдемине байланыслы жумыс 2000-жылы қабыл етилген «Психиатриялық жәрдем ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы менен тәртипке салынған.

Бул Нызамда усы  жәрдемниң тийкарғы принциплери белгиленген, бирақ, онда бир қатар шешиўши әҳмийетке ийе болған мәселелер, атап айтқанда, психиатриялық жәрдемди көрсетиў үстинен жәмийетлик қадағалаў, шыпакер-психиатрлар комиссияларының пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин бузыўшы ис-ҳәрекетлери үстинен шағымларды көрип шығыў тәртиби сыяқлы мәселелер нәзерде тутылмаған.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылдағы қарарына тийкарланып жаңа редакцияда «Психиатриялық жәрдем ҳаққында»ғы Нызам ислеп шығылған.

Әйне ўақытта бул нызамды ислеп шығыўда халықаралық тәжирийбе, АҚШ, Россия, Беларусь ҳәм басқа да мәмлекетлердеги нызамшылық нормалары үйренилди.

Бул нызамның қабыл етилиўи психиатрия жәрдеминиң барлық бағдарлары бойынша нормативлик-ҳуқықый базаның жетилистирилиўине, соның ишинде, ықтыярый, ғайрыықтыярый ҳәм мәжбүрий психиатрия жәрдемин көрсетиўге, тараўда мәпдар министрликлер менен уйымлардың бирге ислесиўин тәмийинлеўге имкан береди. Пуқаралардың психиатриялық жәрдемди алыўдағы еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин аңлатып, олардың өмирине тийкарсыз араласыўлардан, руўхый жағдайы бузылған шахслардың жәмийетте тийкарсыз кемситилиўинен, әйне ўақытта жәмийетти бундай шахслардың социаллық қәўипли қылмысларынан қорғайды.

Руўхый жағдайы бузылған шахслар ушын мәмлекетлик система арқалы бийпул юридикалық хызмет көрсетиледи, олардың жумысқа орналасыўында жәрдем бериледи. Соның менен бирге, нызам психиатрия жәрдемин көрсетиўде медицина хызметкерлери ҳәм басқа қәнигелерди қорғаўды да әмелде тәмийинлейди.

Сенат ағзалары бул нызамды мақуллады.

Соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Ҳаўа кодексине киргизилип атырған өзгерислерге тийкарланып Экспериментал ҳаўа кемелерин есапқа алдыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгилениўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, бул Кодекске киргизилип атырған өзгерислер тийкарында елатлы пунктлер үстинде пәрўаз етиў тәртиби жетилистирилип, оған бола ҳаўа кемелериниң елатлы пунктлер үстиндеги пәрўазы жердеги адамлардың өмири ҳәм денсаўлығына ҳәм (яки) мүлкине қәўип салмаған ҳалда белгиленген жөнелислер ҳәм бийикликте әмелге асырылыўы белгиленбекте.

Ҳаўа кемесинде насазлық жүз берген жағдайда яки адамлардың мирин қутқарыў ушын пәрўазлар етиў зәрүр болғанда белгиленген жөнелис ҳәм ушыў бийикликтен шетке шығыўға жол қойылыўы атап өтилмекте.

Айрықша жағдайларда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына бола ҳаўа кемелериниң белгиленген жөнелис ҳәм ушыў бийиклигинен шетке шыққан ҳалда елатлы пунктлер үстинде пәрўаз етиўине жол қойылыўы белгиленбекте.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилип атырған өзгерислерге бола, транспорт қураллары айдаўшыларының тоқтаў яки тоқтап турыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәрийма муғдары базалық есаплаў муғдарының үш есесинен еки есесине қысқартылмақта.

Буннан тысқары, жол-транспорт ҳәдийсеси қатнасыўшыларының белгиленген қағыйдаларды бузған ҳалда ҳәдийсе жүз берген жерден кетип қалыўы, егер жәбирлениўшиге жеңил тән жарақаты яки әдеўир муғдарда материаллық зыян жеткерилиўине алып келгенлиги ушын базалық есаплаў муғдарының отыз есеси муғдарында жәрийма салыў яки транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан бир жыл мүддетке айырыў яки он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыў тәризиндеги жуўапкершилик белгиленбекте.

Соның менен бирге, «Экологиялық аудит ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен «Экологиялық экспертиза ҳаққында»ғы Нызамға тийисли өзгерис киргизилип атырған болып, оған бола, экологиялық аудит түсиниги төмендеги редакцияда билдирилмекте:

экологиялық аудит ­ экологиялық аудит субъекти әмелге асыратуғын хожалық жумысын ҳәм басқа жумысты техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға және тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер талапларына бул субъекттиң әмел етиўи бойынша экологиялық аудиторлик шөлкеми тәрепинен өткерилетуғын системалы, ҳүжжетлестирилген, бийғәрез экологиялық баҳалаў болып табылады.

Бул нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде халықтың өмири ҳәм денсаўлығына, мүлкине болған қәўиптиң алдын алыўға, ҳаўа кемесинде насазлық жүз берген жағдайда яки адамлардың өмирин қутқарыўда қосымша имканиятлар жаратылыўына, жол-транспорт қағыйдалары бузылыўының алдын алыў ҳәм транспорт қуралларын басқарыў жуўапкершилигиниң артыўына, сондай-ақ, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға ерисиледи.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

«Санитария-эпидемиология хызмети жетилистирилиўи мүнәсбети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да жалпы мәжилисте додалаў орайында болды.

Мәлим болғанындай, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-июльдеги Пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Санитария-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм олардың аймақлық бөлимлери сапластырылып, олардың ҳуқықлары, миннетлери ҳәм шәртнамалары бойынша аймақлық мийрасқорлары есапланған Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологилық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-июльдеги қарарына бола, Санитариялық-эпидемиологиялық хызмети халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм жәмийет саламатлығы тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы, бул хызмет баслығы бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары ҳәм Бас мәмлекетлик санитария шыпакери есапланады, районлық (қалалық) санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимлери өз жумысында тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ва Ташкент қаласы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармаларына, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармалары болса ­ Санитария-эпидемиология хызметине тиккелей бойсынады ҳәм олардың алдында есап береди.

Тараўда әмелге асырылған усы өзгерислер мүнәсибети менен әмелдеги айырым нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, нызам менен киргизилген өзгериске муўапық, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 257-статьясында Мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымлары атынан ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ҳәм жәрийма салыў түринде ҳәкимшилик жаза шарасын қолланыў ҳуқықы Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик санитария шыпакери ҳәм оның орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бас мәмлекетлик санитария шыпакерлери ҳәм олардың орынбасарлары ҳәм районлық (қалалық) бас мәмлекетлик санитария шыпакерлерине берилиўи белгиленбекте.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Өзбекстан Республикасы, бир тәрептен ҳәм Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия, екинши тәрептен, арасында шерикшиликти шөлкемлестириўши шерикшилик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимди (Ташкент, 2019-жыл 31-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Нызам 2019-жыл 31-октябрьде Ташкент қаласында қол қойылған «Өзбекстан Республикаси, бир тәрептен ҳәм Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия, екинши тәрептен, арасында шерикшиликти шөлкемлестириўши шерикшилик ҳәм бирге ислесиў ҳаққында»ғы Келисимди ратификациялаўды нәзерде тутады.

Атап өтилгениндей, бул халықаралық шәртнама Өзбекстан ­ Британия қатнасықларының ҳуқықый тийкарын сақлаў, еки мәмлекеттиң исбилермен топарлары арасындағы байланысларды және де үзликсиз даўам еттириў ушын қолай шараятларды жаратыў, сондай-ақ, экономиканың дерлик барлық тармақлары бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мақсетлер менен бағдарларды қамтып алған.

Бул ҳүжжет  әмелдеги Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы шерикшилик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимниң барлық қағыйдаларын сақлап қалған ҳалда Өзбекстан ­ Британия бирге ислесиў форматына бейимлестирилген.

Келисим преамбула, 87 статья, 4 қосымша ҳәм бажыхана мәселелеринде ҳәкимшилик уйымлар арасында өз-ара жәрдем ҳаққындағы протоколдан ибарат.

Додалаў даўамында бул нызамның қабыл етилиўи алдағы ўақытта еки тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық тәреплери, халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша турақлы сиясий сөйлесиўлер алып барыў, сыртқы саўда, инвестиция тараўларында қолайлы орталық жаратыўда шешиўши әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Сенат ағзалары тәрепинен бул нызам мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

 

Өзбекстан Республикасы  

Олий Мажлиси Сенаты  

Мәлимлеме хызмети