Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында бос турған ҳәким орынбасары лаўазымына тайынлаў болып өтти.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов, Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов ҳәм район белсендилери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Район ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Қазақбаев Мурат Орынбекович тайынланды.

Мәжилис жуўмағында жыйналғанларға тайынланған ҳәким орынбасарының мийнет жолы жақыннан таныстырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.