Олий Мажлис Сенатының бүгинги он төртинши мәжилисинде «Айырым түрдеги азық-аўқат өнимлерине болған талапты тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды. Бул ҳаққында Сенат мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилгениндей, айғабағар туқымы ҳәм майы бойынша сыртқы базарларда қәлиплесип атырған унамсыз баҳа көрсеткишлери мәмлекетимиздиң ишки базарындағы баҳаларға ҳәм социаллық жағдайға да өз тәсирин көрсетпекте.
Буны елимиз тутыныў базарында өсимлик майына болған жыллық орташа 460 мың тонна талаптың шама менен ярымы импорт есабынан қапланыўынан да көриў мүмкин.
БМШның Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң мағлыўматында да 2021-жыл март айында дүнья бойынша өсимлик майының орташа баҳасы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 86 процентке, жыл басына салыстырғанда болса 21 процентке қымбатығаны бақланған.
Елимизге 70 процент айғабағар майы импорт етилетуғын Россия Федерациясында бир тонна айғабағар майының баҳасы 2020-жыл декабрь айында орташа 900 долларды қураған болса, 2021-жыл март айында 1250 долларға шекем ямаса 39 процентке көтерилген.
Соның менен бирге, Россия тәрепинен усы жылдың 1-сентябринен бир жыл мүддетке айғабағар майын экспорт етиўде бажы төлеминиң енгизилиўи де нәзерде тутылған.
Усы өзгерислердиң тәсири нәтийжесинде өткен бир жыл даўамында елимизде айғабағар майының баҳасы орташа 38 процентке қымбатлады.
Жүзеге келген бул жағдайда елимиз ишки базарларында өсимлик майының баҳасы кескин көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде усы Нызам менен Салық кодексине өзгерис киргизилип, усы тийкарда 2021-жыл 1-майдан 31-декабрьге шекем:
– елимиз аймағына өсимлик майы, айғабағар ҳәм зығыр туқымы, сондай-ақ, соя дәнесин алып кириў;
– өсимлик майын ислеп шығарыў ҳәм (ямаса) реализациялаў бойынша қаржылар айланысы қосымша қун салығынан (ҚҚС) азат етилмекте.
Сондай-ақ, 2021-жыл 1-майдан 31-декабрьге шекемги болған дәўирде, айғабағар туқымы ҳәм пахта шигитлери, айғабағар майы ҳәм пахта майы өнимлерине усы Нызам тийкарында экспорт бажы енгизилмекте.
Усы Нызамның мақулланыўы арқалы май алынатуғын егинлер егилиўи бойынша да қатаң мониторинг орнатылыўы күтилмекте.
Сенаторлар тәрепинен усы Нызам мақулланды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.