Усы жыл 23-апрель күни Жаслар орайында Оксфорд университетиниң студенти, Уллы Британияның Лордлар палатасының ағзасы Лорд Муҳаммед Шейхтың өмирлик жолдасы Гулий ханым Шейх пенен ушырасыў кешеси өткерилди.
Оған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары, «Темир дәптер»ге киргизилген ҳаял-қызлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова шығып сөйлеп, жыйналғанларға Гулий ханым Шейхтың Самарқанд қаласында туўылып, 20 жасынан баслап Уллы Британияда жасап, бүгинги күнге шекем ерискен жетискенликлери, дөретиўшилик жолы ҳаққында мағлыўмат берди.
Ушырасыў қатнасыўшыларына «Гендер теңлигиниң тийкарғы мәниси қандай!», «Басқарыўда гендер теңлиги», «Ҳаял-қызлар исбилерменлиги», «Лидерлик – шеберлик сабақлары», «Ҳаял-қызлардың этика ҳәм эстетикасы» ҳәм басқа да темалар бойынша презентация арқалы кең түрде түсиник берилди.
– Ҳаял-қызлардың абырайын ҳәм олардың имканиятларын арттырыў бойынша елимизде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Олардың имканиятларын кеңейтиў ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеў мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы ушын әҳмийетли. Бугинги мотивация бериў ушырасыўында гендер теңлиги ҳәм жетекшилик, шаңарақ ҳәм жәмийетте инсанлар ушын пайдасы тийетуғын бир қанша темалар бойынша мағлыўматқа ийе болдық, – дейди ушырасыў қатнасыўшысы Ж.Оразымбетова.
Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Буннан соң мийманлар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедоваға жәмийетте белсендилиги ушын Ҳүрмет жарлығы ҳәм көкирек белгиси тапсырылды. Сондай-ақ, «Темир дәптер» ге киргизилген 40 ҳаял-қызға витаминлер бийпул тарқатылды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы