«Tashkent Law Spring» Халықаралық ҳуқықый форумы шеңберинде «Мәмлекеттиң ҳуқықый сиясаты: әҳмийетли машқалалар ҳәм келешектеги тендециялар» темасындағы додалаў сессиясы болып өтти.

Сессияда Қазақстан, Беларусь, Әзербайжан ҳәм Сингапур сыяқлы сырт мәмлекетлердиң әдиллик министрлери ҳәм жергиликли және сырт елли экспертлер қатнасты.

Сессияны әдиллик министри Р.Давлетов ашып берди ҳәм додалаў темасы бойынша Әдиллик министрлигинде әмелге асырылып атырған реформалар бағдарында мағлыўмат берди.

Соның ишинде, бүгинги күнде министрлик системасында Өзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлар миллий базасы (Lex.uz), Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасы (Project.gov.uz), Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталы (Regulation.gov.uz), «Нотариус» мәлимлеме системасы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң порталы (E-ngo.uz) ҳәм басқа да усындай ири мәлимлеме системалары жумыс алып бармақта.

Lex.uz сайтынан ҳәр айда орташа 1,2 миллион адам пайдаланбақта.

Буннан тысқары, Жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының қарарларын ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәм дизимнен өткериўдиң «E-qaror» бирден-бир электрон системасы иске қосылды.

Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер мағлыўматлар базаларын басқышпа-басқыш санластырыў арқалы «Виртуал әдиллик» системасын енгизиў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Әдиллик министрлигинде кадрлар хызметиниң жумысын санластырыўдың мийнет қатнасықларына байланыслы мағлыўматларды жыйнаў, сақлаў ҳәм қайта ислеў және жумыс жүргизиўди автоматластырыў бойынша «MinJust HR» автоматластырылған система енгизилди ҳәм тест режиминде ислетилмекте.

Усы система арқалы төмендеги унамлы нәтийжелерге ерисиў имканияты жаратылмақта: кадрларға байланыслы мағлыўматлардың бирден-бир электрон базасын қәлиплестириў; мағлыўматларды жыйнаў ҳәм оларды қайта ислеў процесслерин комплексли автоматластырыў; «онлайн» режимде вакант лаўазымлар бойынша мағлыўматларды қәлиплестириў, таңлаўлар өткериў имканиятын жаратыў; талапкерлерден ҳүжжетлерди электрон көринисте қабыллаў ҳәм таңлаў процесин толық система арқалы әмелге асырыў имканиятын жаратыў; кадрлар менен ислесиўге байланыслы уйымлар менен бирге ислесиўди жолға қойыў; хызметкерлерди баҳалаў (KPI) ҳәм аралықтан оқытыў системасын енгизиў.

Бундай реформалар Әдиллик министрлиги жумысының нәтийжелилиги, оперативлилиги ҳәм ашық-айдынлығын, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери менен қайта байланысты тәмийинлеўге, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметкерлериниң жуўапкершилигин ҳәм атқарыў тәртибин күшейтиўге хызмет етпекте.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы