22-апрель күни Қарақалпақстан Хабар агентлигиниң рәсмий сайты арқалы жәрияланған «Рәсмий мүнәсибетлер неге өз ӯақтында билдирилмейди?» атамасындағы сын мақаласында  министрлик ҳәм ҳәкимликлердиӊ баспасѳз хаткерлери жумысы ҳаққында пикир билдирилип, онда Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен еки мақалаға рәсмий жуўап берилмегени айтылған.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги мақала авторы тәрепинен айтылған пикирлерди алдағы ўақытта бирге  ислесиў процесинде инабатқа алады ҳәм бул бойынша төмендегилерди мәлим етеди:

Агентлик сайтында 26-феврал күни жәрияланған  «Бийҳуда кеткен ӯақыт яки пресс-турдан соӊғы пикирлер» атлы мақаласына Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң рәсмий мүнәсибети сол күнниң өзинде ҳәкимликтиң рәсмий сайты ҳәм социаллық тармақлары бетлеринде жәрияланды. Төмендеги силтемелер арқалы танысыўыңыз мүмкин:

Сондай-ақ, Нөкис қаласы «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Қусханатаў көшесиниң жоллары жаўын-шашын ўақытлары суўға толып, пиядалардыӊ үйинен үлкен көшелерге шығыўы, балалардыӊ мектеп-бақшаларға барыўына әдеўир қыйыншылық туўдырып атырғанлығы мәселесине Нөкис қаласы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Р.Ибрагимов жуўап берди:

– «Биз қаладағы ишки жоллардың бүгинги күндеги жағдайын қәнигелер менен биргеликте үйренип шығып, тараўдағы кемшиликлерди сапластырыў бойынша басқышпа басқыш жумыслар алып барылмақта. 2021-жылда «Абат аўыл» бағдарламасына Нөкис қаласынан «Ақ жағыс» ҳәм «Наўқанбағ» МПЖлары киргизилген болып, бүгинги күнде бул аймақты абадандастырыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта. Мақалада келтирилген «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынын 2022-жылдың «Абат аўыл» бағдарламасына киргизиў бойынша усыныслар берилген. Басқышпа-басқыш алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары даўамында жоқарыдағы машқалалар унамлы шешим табады.»

Нөкис қаласы ҳәкимлиги буннан былай да журналист ҳәм блогерлер ушын ҳәмийше ашық ҳәм олар менен биргеликте нәтийжели ислесиў жумысларын даўам еттиреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги