Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Қубла Арал бойы тарийхы ҳәм археологиясы: изертлеўлер, излениўлер».«Өзбекстан Қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязов оқыўлары» атамасында илимий–теориялық конференция болып өтти.
Илажды университет ректоры, профессор А.Реймов кирис сөз бенен ашты.
Буннан кейин университеттиң тарийх факультетиниң деканы, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент С.Сулайманов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий изертлеў институты директорының орынбасары, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент М.Қарлыбаев, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, шайыр Х.Дәўлетназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илимпаздың археология илимин раўажландырыў, республикамыздағы тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди үйрениў, оны келешек әўладқа жеткериўдеги пидәкерлик мийнетине тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Қубла Аралбойы тарийхы ҳәм археологиясын үйрениўде белгили илимпаз, профессор Ғайратдин Хожаниязовтың мийнети айрықша есапланады. Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх факультетин тамамлағаннан соң Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Археология бөлимине жумысқа қабыл етиледи ҳәм өмириниң ақырына шекем сол жерде мийнет етеди. Кейин ала Москва қаласында илимий стажировкада болып, бир нешше археологиялық экспедициялар қурамында археологиялық естеликлерди қазыў жумысларына қатнасады. Усы дәўирде археолог илимпаз Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты аймақларындағы археологиялық естеликлерде ( Айбүйир қала, Топырақ қала, Қалмақ қырылған) алып барылған изертлеўлерде белсене қатнасады.
Ғ. Хожаниязов өткен әсирдиң 80-жылларынан баслап Арқа-Қарақалпақ, Қубла-Қарақалпақ, Қызыл қала, Жампық қала, Миздахқан сыяқлы археологиялық отрядларға басшылық етип, өз бетинше изертлеўлерди даўам еттиреди. Оның илимий бағдары қорғаныў қурылысларының тарийхы менен байланыслы болып, Қубла Аралбойы қалаларының фортификациясы сол дәўирге шекем турақлы изертленбеген еди. Нәтийжеде илимпаз тәрепинен Қубла Арал бойларындағы антик ҳәм орта әсирлерге тийисли болған бир қатар тарийхый естеликлер анықланды. Мине солардың қатарында Ақшүңгил (1978-жыл Қоңырат районы), Кетменши баба (2000-жыл Тақыятас районы), Дали-қала (2003-жыл Беруний районы), Миздахқандағы Сулайман Хаддади ханақасы (1989-жыл Хожели районы), Қырантаўдағы зороастризм некрополы (1999-жыл Нөкис районы) ҳәм Ақшахан қаланы қоршап турыўшы арнаўлы узын оазис дийўалының (1982-жыл Беруний районы) табылыўы Аралбойы археологиясында үлкен ашылыў болды. Сондай-ақ илимпаздың басламасы ҳәм изертлеўлери нәтийжесинде халқымыздың ардақлы перзентлери Мурат шайық, Жийен жыраў, Өтеш шайыр, Әжинияз, Ережеп тентек Қулшы улы ҳәм басқалардың қәбирлери анықланды ҳәм естелик белгилери қойылды.
Илимпаздың әмелге асырған әҳмийетли жойбарларынан бири бул Ақшахан қала тарийхый естелиги менен байланыслы. 1982-1985-жыллары алып барылған археологиялық изертлеўлер нәтийжесинде қаланың тийкарғы аймағы анықланды ҳәм естеликтиң әййемги Хорезм мәмлекетиниң пайтахты болғанлығы ҳаққындағы дәслепки болжаўлар айтылды. Бул жерде 1995-жылдан баслап Қарақалпақстан-Австралия халықаралық экспедициясы турақлы изертлеў жумысларын алып бармақта.
Конференцияда илимпаздың жумысларын үйрениў, оны келешек әўладқа жеткериў, археология тараўының пидайысы болған оның исмин мәңгилестириў мәселелери кең түрде сөз болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги