Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги «2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап–қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2021-жылдан баслап ҳәр жылы апрель айының биринши ҳәптеси елимизде «Китапқумарлық ҳәптелиги» деп белгиленди.
Бул илаж республикамыздың барлық қала ҳәм районлары қатарында Нөкис районында да көтериңкилик жағдайында даўам етпекте. Атап айтқанда, «Биз уллы журт, уллы тарийх, уллы мәденият жаратқан халықпыз» сүрени астында Биринши Ренессанстың ири тулғалары есапланған Мухаммад Хорезмий, Аҳмад Фарғоний, Абу Райхан Беруний, Әбу Әлий Ибн Сино, Маҳмуд Замаҳшарий, Имом Бухарий, Имом Термизий, Абу Мансур Матуридий, Екинши Ренессанс ўәкиллери болған Мырза Улығбек, Әлий Қушчи, Лутфий, Әлийшер Наўайы, Бабур, Шарафиддин Әлий Яздий, Камоладдин Бегзад сыяқлы тулғалардың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған көргизбе және видеороликлер жаслардың нәзерине усынылды.
Райондаға кәсип-өнер мектебинде Әмир Темурдың туўылғанының 685 жыллығына бағышлап «Уллы сәркарда», Өткир Хашимов, Абдулла Ариповлардың 80, Батыр Закировтың 85 жыллығына бағышланып әдебий кешелер жасларымызда айрықша тәсир қалдырды. Илаж даўамында белгили шайыр ҳәм жазыўшы, көркем өнер ийелериниң дөретиўшилигине бағышланған көргизбелер шөлкемлестирилип, китапқумар жасларымыз тәрепинен олардың шығармаларынан үзиндилер атқарылды.
Районлық мəлимлеме-китапхана орайында Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың 70 жыллық мүнәсибети менен «Халқы қәдирлеген жазыўшы», Қутанкөл мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Мәденият сарайында Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Алтынгүл Өтениязова менен «Ийбели ҳаял» атамаларында ушырасыў өткерилди.
2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын 2020-2021-жылларда әмелге асырыў бойынша қабыл етилген «Жол картасы»нда халықтың, әсиресе жаслардың арасында шаңарақлық китап оқыў дәстүрин жолға қойыў мақсетинде «Ең жақсы китапқумар шаңарақ» таңлаўын өткериў нәзерде тутылған. Усы тийкарда районымыздағы китапқумар шаңарақ ағзалары менен жаслардың ушырасыўы өткерилип, олардың тәжирийбелери менен ортақласты. Буннан гөзленген мақсет, шаңарақлық китапқкумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.
Кердер аўыл пуқаралар жыйынындағы көшпели китапхана тәрепинен 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Зейинли жаслар» интеллектуаллық ойыны да оқыўшыларды китапқумарлыққа қызықтырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды. Илаж барысында қатнасыўшылар арасында ким көп китап оқығанлығы және бир мәрте көзге тасланды.
Соның менен бирге, Қырантаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Жаңа әсирдиң ең кишкене китапқумарлары» атамасында таңлаў өткерилди. Онда тәрбияланыўшылар еки топарға бөлинген ҳалда бес шәрт бойынша беллести. Буннан тысқары, киши жастағы китапқумарлар арасында «Реңли әлем» атамасындағы беллесиў айрықша әҳмийетке ийе болды. Онда оқыўшылар өзлери оқыған китапларының қаҳарманларын реңли қағазлар арқалы жаратты.
Улыўма алғанда, өткерилген түрли атамалардағы илажлар даўамында китап оқыўға қызығыўшы жаслар қамтып алынды. Олардың биразлары китапханамызға ағза болды. Деген менен, китапқумарлық мәўсимлик илаж емес. Солай, екен, бул бағдардағы үгит-нәсият жумыслары даўам етеди.
Оразгүл АЛЛАЯРОВА,
Нөкис районлық Мәлимлеме-китапхана орайының қәнигеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги