Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 19-23-апрель күнлери аралығында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»на бағышланып «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!»  сүрени астында  Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнери фестивалы шеңберинде көплеген дөретиўшилик ушырасыўлар, көргизбелер көтериңкилик руўхта өткерилмекте. 

Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи менен биргеликте «Сүўретлеў өнеринде миллийликтиң сәўлелениўи» атамасында илимий конференция өткерилди.

Онда музей директоры Т.Мкртычев белгили художник «П.Беньков дөретиўшилиги» ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. Cондай-ақ, музейдиң «Сүўретлеў өнери» бөлими баслығы А.Айтмуратованың «Музей фондындағы қарақалпақ художниклери дөретпелери», көркем өнер изертлеўшиси Ш.Абдураҳманованың «Ўатан топырағында жаралған шығармалар ғана мәңги жасайды» (скульптор А.Ҳотамов дөретиўшилиги) ҳәм «Қарақалпақ художниклериниң  дөретпелеринде милийликтиң сәўлелениўи» ҳәм «Қарақалпақ жас художниклери» темасындағы лекциялары тыңланды.

Илаж қатнасыўшылары қарақалпақ сүўретлеў өнериниң қәлиплесиўи  ҳәм онда миллийликти өзинде сәўлелендирген художниклердиң шығармалары ҳаққындағы мағлыўматларға ийе болып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги