Жақында Ташкент қаласында тек ғана жергиликли жәмийетшилик емес, ал пайтахттан алыста жасаӯшы қәнигелердиӊ итибарын тартқан әжайып ӯақыя жүз берди.
Бул туӯралы елеге шекем социаллық тармақларда сѳз етилмекте
. Бул жерде гәп Ташкенттеги «Baktria press» баспасында басып шығарылған «Прыжок» китабыныӊ Әлийшер Наӯайы атындағы Ѳзбекстан миллий китапханасында жәмийетшиликке таныстырылыӯы ҳаққында бармақта. Бул әжайып мийнет қарақалпақтыӊ дүньяға белгили алымы Марат Кѳптилеӯович Нурмухамедовтыӊ кѳп қырлы ѳмири, илимий , жәмийетлик-сиясий жумысларына бағышланған.
Ол ҳақыйқатында да жарқын, әжайып тулға еди. Марат 16 жасында орта мектепти орыс тилинде питкерип шығып, соӊынан Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын, соныӊ менен параллель Хожели педагогика училищесинде сырттан оқып тамамлады. Ал, 20 жасында Москвадағы СССР Илимлер Академиясыныӊ шығыстаныӯ институтыныӊ аспирантурасына оқыӯға кирип, үш жылдан соӊ, сол ӯақыттағы еле үйренилмеген «Рус әдебиятыныӊ қарақалпақ совет әдебиятыныӊ раӯажланыӯына тәсири» деген темада кандидатлық диссертациясын табыслы қорғайды. Ол жаӊа дәӯирдиӊ адамы еди. Ѳзиниӊ айрықша идеялары, пикирлери, практикалық(әмелият) жумыслары менен сол ӯақыттағы үлкен елдиӊ илимий-жәмийетлик турмысына бәрҳа жаӊа жаӊалықлар киргизип барды.
Китаптыӊ таныстырыӯ кешесин тереӊ билим ҳәм шеберлик пенен алып барған педагогика илимлериниӊ докторы, профессор Юсуф Абдуллаев тәрепинен М.К.Нурмухамедовтыӊ илимий изленислери, филология илиминиӊ, соныӊ ишинде тюркологияныӊ раӯажланыӯына салмақлы үлес болып қосылғаны ҳәм бул мийнетлер оған дүнья жүзилик илимий жәмийетшилик арасында жоқары абырай алып келгенлигин бир-неше мәрте атап ѳтилди. Ол Илимлер Академиясыныӊ Қарақалпақстан филиалы ҳәм Қарақалпақстан Жазыӯшылар Аӯқамыныӊ баслығы, Ѳзбекстан Илимлер Академиясыныӊ кѳп жыллық вице-президенти, СССР Тюркология комитети баслығыныӊ орынбасары сыяқлы оғада үлкен лаӯазымға сайланған Ѳзбекстаннан шыққан биринши ӯәкил, Қарақалпақтыӊ биринши академиги еди.
Ѳзиниӊ қысқа ѳмири даӯамында ол жоқары маманлықтағы кѳп санлы кадрларды таярлаӯ менен бирге қарақалпақ, ѳзбек, орыс тиллеринде 400 ден аслам монография, китап, сабақлық ҳәм илимий мақалалар жазды ҳәм оныӊ кѳплеген мийнетлери сол ӯақыттыӊ ѳзинде түркмен, қазақ, украин, инглис, венгер, түрк ҳәм басқа да тиллерге аӯдарылды.
Бул әжайып китап тек Марат Кѳптилеӯович ҳаққында емес, ал, оныӊ әкеси Қарақалпақстанныӊ биринши басшысы болып, 1937-жылғы репрессияныӊ бийгүнә қурбанына айланған Кѳптилеӯ, жалғыз ѳзи бес жетим баланы тәрбиялаған, соныӊ екеӯи әкеси қамалғаннан соӊ қайтыс болған анасы Пердегүл, кемпир апасы Дәӯлет апа, зайыбы Вероника Валентиновна, Дәме, Рая, Мәрьям Нурмухамедовалар менен ҳәр бир бѳлим ҳәм қатарда сѳз еткени менен жүдә әҳмийетли. Бул китап автордыӊ елимизге белгили кѳркем ѳнер таныӯшы ҳәм жәмийетлик искер қызлары Мариника Маратовна Бабаназарова, профессионал тарийхшы Ирина Маратовна Нурмуҳаммедова ҳәм оныӊ баласы усы презентацияны тиккелей видеобайланыс арқалы бақлап турған Артур Нурмухамедовлардыӊ архив шаӊларын жутқан пидайы мийнетлери, соныӊ менен бирге белгили исбилермен Армен Садгянлардыӊ финанслық жәрдеми болмағынанында жарыққа шықпаған болар еди.
Ѳзбекстан телевидениеси ҳәм радиосында ѳз хабаршысы болып ислеген дәӯирде Москвада М.Нурмухамедов пенен бир неше мәрте гезлескен едим. Мине арадан кѳп жыллар ѳтип, мен оныӊ менен жақын қатнаста болмағаныма ҳәм оннан интервью алмағаныма ѳкинемен. Қалай болғанында да? Бирақ, мен оныӊ бәрқулла ҳәрекетшеӊ, сондай искер ҳәм белсенди адам екенлигин кѳретуғын едим. Бир мәрте оны Пречистенкедеги Москва илимпазлар үйинде СССР Илимлер Академиясыныӊ жыллық мәжилисинде, сондай-ақ, 1981-жылы Воровский кѳшесиндеги Әдебиятшылар үйиниӊ үлкен залында СССР Жазыӯшылар Аӯқамыныӊ пленумында кѳрдим. Пленумда бир күн даӯамында ѳзбек, соныӊ ишинде, қарақалпақ әдебияты мәселелери додаланды. Ол ӯақытта Марат Кѳптилеӯович Қарақалпақстан Жазыӯшылар Аӯқамыныӊ баслығы емес(Аӯқамды сол жыллары Ибрайым Юсупов басқаратуғын), бирақ, ол миллий әдебияттағы машқалаларды жақсы түсинетуғын кѳрнекли алым сыпатында мирәт етилген еди. Сол жыллардағы ғалаба қытшылық дәӯирде ѳткерилген илажларды бақлағанымда тәнепис пайытлары ҳәмме буфетке қарай асыққанын байқағанман. Ал, Әдебиятшылар үйинде басқа мәмлекетлик мәкемелердиӊ ассортиментинде жоқ әжайып арнаӯлы буфет болып, оған СССР Жазыӯшылар Аӯқамыныӊ ағзалық билети менен ғана кириӯге болатуғын еди. Ал, Марат Кѳптилеӯович болса, усындай тәнепислер пайытында ѳзиниӊ кәсиплеслери арасында лаӯазымлы адамлар менен ушырасып, биресе, Академияныӊ ѳндирислик мәселелери, биресе, Нѳкис университети бойынша сѳйлесер еди.
1986-жылы Марат Кѳптилеӯович «Түрк фольклоры бойынша III халықаралық Конгресси»не кетип, Анкара-Измир автотрассасында автоапатшылыққа ушыраған қорқынышлы июнь айы мениӊ еле есимде. Мен сол ӯақытта Москвада едим. Айырым мағлыӯматларға қарағанда бул 20-июнь(жума күни түнде), ал, басқасында болса, 21-июнь шемби күни жүз берген. Қалай болғанында да бизлер Москвада бул қайғылы апат туӯралы 1986-жылдыӊ 22-июнь екшемби күнинде билдик.
Дүйшемби күни СССР Министрлер Кеӊеси жанындағы Ѳзбекстан ССР Министрлер Кеӊесиниӊ турақлы ӯәкилханасында толық мағлыӯматлар шықты. Қабыллаӯханада Ѳзбекстан ССР Министрлер Кеӊеси баслығы Р.Х.Кадыровтыӊ СССР Министрлер Кеӊеси баслығы Н.И. Рыжковка пейитти алып кетиӯ ушын жәрдем сорап жазған жедел ҳүкиметлик телеграммасы жатар еди. Турақлы ӯәкил Т.Ю. Юлдашев сол күни командировкада, ал, оныӊ орынбасары емлеӯханда еди. Сол ӯақытта турақлы ӯәкилхананыӊ бир хызметкери менен бирге АТС-1(Кремлевка) арқалы СССР Сыртқы ислер министрлиги менен байланысыӯға туӯра келди. Себеби, автоавария СССР шегарасынан сыртта жүз берген еди. Сыртқы ислер министрлигинде автоаварияда үш адам қазаланып, соныӊ екеӯи совет пуқарасы, биреӯи оларды Анқара аэропортында күтип алған Конгресстиӊ шѳлкемлестириӯ комитетинен бир түрк ҳаялы екенин айтып түсиндирди. Екинши қайтыс болған алым Уфадан болып,, Сыртқы ислер министрлиги еки пейитти де алып келиӯ бойынша шуғылланып атырған екен.
Сол ӯақытта Түркияда гезектеги әскерий аӯдарыспақтан соӊ, әскерийлер ҳәкимият басына келген еди. Мәмлекет президенти болса, армия генералы, бурынғы Бас Штабтыӊ баслығы, қасарысқан антисоветши, НАТО әскерий блогы менен тығыз бирге ислесиӯдиӊ тәрепдары еди. СССР Сыртқы ислер министриниӊ орынбасары телефон арқалы бизлерге бундай жағдайда арнаӯлы жүк самолётын жибериӯ туӯралы гәп болыӯы мүмкин емеслигин айтты. Түрклер жүк самолётыныӊ ушыӯы ушын ҳеш қандай рухсат бермейди екен. Бирақ, барлық рәсмий ҳүжжетлерди тезлик пенен питкерип, пейитлерди самолётлардыӊ турақлы авиарейси арқалы тезирек Шереметьевоға алып келиӯ ушын ҳәрекетлер исленип атырғанлығы түсиндирилди.
Күнниӊ екинши ярымында СССР Сыртқы ислер министрлигине Түркия Республикасыныӊ елшиси шақырылып, аӯызеки түрде болып ѳткен ӯақыяны муқыятлап тексерип, айыпкерлерди жазалаӯды ҳәм қазаланғанлардыӊ денесин Ӯатанына қайтарыӯға жәрдем бериӯин сорады. Соныӊ менен параллель СССР дыӊ Түркиядағы елшиси (дипломат, ҳәзирги Россия Сыртқы ислер министри менен фамилиялас) консуллық ҳүжжетлерди рәсмийлестириӯди тезлестириӯ бойынша шифровка жиберилди.
Бюрократия ҳәмме жерде, қәлеген дүзимде де қатал болады.Дипломатлардыӊ күш салыӯларына қарамастан «Аэрофлот»тыӊ Анқарадан пейитлерди тийеген турақлы рейси Шереметьеваға тек пийшемби күни ғана қонды.
Ол жерден Нѳкистен келген Қарақалпақстан ҳүкимети ӯәкиллери менен биргеликте Ѳзбекстанныӊ турақлы ӯәкилханасы хызметкерлери пейитти Домодедоваға алып келди. Мениӊше алжаспаған болсам,, Москва-Ташкент жѳнелисиндеги ИЛ-86 аэробусы арнаӯлы жүкти түсириӯ ушын жолаӯшыларға түсиник берместен, Нѳкис аэропортына режелестирилмеген қоныӯды шѳлкемлестирди. Қайсы мақсетте бул биймәни қайғылы ӯақыяныӊ усы мәӯритине тоқтап атырсыз деп сорарсыз. Сол ӯақытта Түркиядағы еки-үш жергиликли газеталарда бул апатшылық туӯралы жәрияланды. Бирақ, елде жәриялылық, қайта қурыӯ ҳәӯижге шығыӯына қарамастан , ҳеш қайсы совет газетасынде бул ҳаққында бирде-бир сѳз жазылмады. Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметлери атынан республикалық газеталарда жәрияланған некрологта да «… қайғылы түрде қаза тапты…» деп айтылды. Қай жерде қашан, қандай жағдайда, неге усылай жүз берди? Ҳәкимият тәрепинен бул сораӯларға тыянақлы жуӯаптыӊ берилмеӯи, жәмийетшиликти қәӯетерлендирип, оларда жаӊадан-жаӊа сораӯлар пайда етти. Әсиресе, бул ѳзлериниӊ әжайып, сүйикли устазынан қәпелимде айрылып қалған Нѳкис мәмлекетлик университети студентлери арасында бақланды.
Башқурт ағайинлер ушын еки совет алымыныӊ қазаланған орны ӯақыт ѳтиӯи менен муқаддес зыяратлаӯ орнына айланды. Олар бул жерди таӯып белги қойды ҳәм Түркияға барса яки бул жерден ѳтсе, миннетли түрде тоқтап, муқаддес Қуран сүрелерин оқыйды. Башқурт зыяратшылары арасында бул орынға пияда, гейде велосипедте барғанлығы айтылады. Ал, бизлер буны неге ислемеймиз? Бизлердиӊ арамызда Түркияға барыӯшылар аз ба? Айырым ӯақытлары бул елде болғанымызда Ѳзбекстанныӊ ярымы Түркияға кѳшип келгендей болып түйиледи. Мениӊше Марат Кѳптилеӯовичти еслеп, бизлер де усындай дәстүрлерди енгизсек күтә жақсы болар еди.
Бул Презентацияны таярлаӯ барысында , сѳзге шығыӯшылар, илаж қатнасыӯшылары менен танысқанымда, илим, жоқары билимлендириӯ тараӯларында соӊғы ӯақытлары Ташкентте Қарақалпақстан ӯәкиллериниӊ кѳбейгенлигиниӊ гүӯасы болдым ҳәм бул халық ушын мақтаныш, абырай оятып атырғанын үлкен қанаатланыӯшылық пенен түсиндим. Олар арасында айрықша дәстүрге ийе абырайлы университет ректоры, проректорлары, факультет деканлары да бар. Олар халықаралық шѳлкемлерде де жумыс ислейди.Сондай-ақ, олар жаӊадан шѳлкемлестирилген белгили жоқары оқыӯ орынларын, соныӊ ишинде, күтә қурамалы болған телекоммуникация технологиялары, атом энергетикасы, машина қурылысы ҳәм басқа да тараӯларды басқарады. Мүмкин бул М,К.Нурмуҳаммедов дәӯиринде себилген туқымлардыӊ жемиси шығар.
«Прыжок» китабыныӊ муқабасына китап дүзиӯшилери тәрепинен илимпаздыӊ күнделиклериниӊ биринен табылған «Ҳәмме нәрсе күтә тез, күтә тез, оғада тез, салыстырылмалы тез раӯажланады. XXI әсир адамы сен мақтанба? Сенде еки бас емес, сондай-ақ, дүньяныӊ тѳрттен бирин қурайтуғын қытайлылар да еки бас жоқ. Сениӊ меннен ҳеш қандай айырмашылығыӊ жоқ, тек сен меннен бир әсир кейин жасайсаӊ. Мен де XIX әсирде жасаған адамлар алдында мақтана алмайман. Ҳәр ким ѳз дәӯириниӊ жаратыӯшысы», деген сѳзлер келтирилген.
Қандай сѳзлер! Олар 40 жылдан кѳбирек бурын жазылғанына қарамастан, бүгинги күни де күтә әҳмийетли ҳәм заманға үнлес. Мен алымныӊ бул сѳзлерин бизлерге, барлық келешеги еле алдында болған жасларға қалдырған ӯәсияты деп қабыллайман. Олар ѳмирде ҳәр бир қәдемин, кѳп мәнили айралық сѳзлери менен тастыйықлап жүриӯи тийис.
Рахимжон Султанов,
журналистика ветераны.
Қарақалпақстан хабар агентлиги