Ҳәзирги ўақытта дүньяда суўға болған мүнәсибет кескин өзгермекте. Сонлықтан да, ЮНЕСКОның қарары менен ҳәр жылы март айының 22-күни «Дүнья жүзилик суў ресурслары күни» деп, дағазаланды.

Жылдан-жылға Әмиўдәрья арқалы республикамызға жетип келип атырған суў муғдарының азайып баратырғанлығы себепли биз ушын бул әҳмийетли мәселелердиң бири болып қалмақта.

Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан Республикасының суў ресурслары жер үсти ҳәм жер асты суўларынан ибарат. Тийкарғы суў дәреклери Әмиўдәрья, Сырдәрья, Зарафшан, Шыршық, Ангрен, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Ферғана алабының кишкене дәрьялары. Республикамыз тәрепинен жылына орташа 53-55 млрд. м3 суў жумсалып, соннан Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьядан 33.4 млрд. м3. киши дәрья ҳәм сайлардан 17.4 млрд. м3. жер асты суўларынан 0.44 млрд. м3. ҳәм коллектор суўларынан 1.7 млрд. м3. суў алынады. Жәми жумсалатуғын суўдын 80 проценти қоңсы мәмлекетлерден жетип келеди. Қалған 20 проценти ямаса 11 млрд. м3. суў Өзбекстан аймағында пайда болады. Сондай-ақ, республикада суўдың тийкарғы тутыныўшысы аўыл хожалығы есапланып, суўғарыў жумыслары ушын суў дәреклеринен бир жылда орташа 47-49 млрд. м3 яки жәми жумсалатуғын суўдың 90-92 проценти алынады. Соннан орташа 37 млрд. м3 муғдары вегетациялық дәўирде, 12 млрд. м3 муғдары гүзги-қысқы дәўирде жумсалады.

– Трансшегаралық суўлардан тийисли үлесимизди алыў, оларды узақ аралықтан алып келиў, аймақларға жеткерилген суўды ҳәр бир пайдаланыўшыға әдил түрде бөлистириў жумыслары, азғана ой жуўыртып қарағанның өзинде, оғада ири көлемдеги руўхый ҳәм материаллық, күш салыўларды талап ететуғынын түсиниўге болады,-дейди «Өзагроинспекция»ның Шоманай районлық бөлиминиң аға инспекторы Ж.Нураев. – Соның ушын да, келип турған суўдың қәдирине жетип, оннан үнемли түрде пайдаланыў тәртиплерин қатаң түрде сақлаўымыз зәрур.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы, «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў  ҳаққында» ғы Нызамы, Mинистрлер Кабинетиниң 2013-жыл 19-марттағы 82-санлы қарары менен тастыйықланған Реже, суўдан пайдаланыў қатнасықларын тәртиплестириўдиң ҳуқықый тийкарлары болып табылады.

Усы нызам ҳүжжетлери талапларына сәйкес суў менен тәмийинлеўши ҳәм оннан пайдаланыўшы (тутыныўшы) арасында дүзилген шәртнама әмелде суўдан пайдаланыў, тутыныў ҳуқықын беретуғын тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

Мәселен, Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 19-марттағы қарары менен тастыйықланған Режениң 59-бәнтинде суўдан пайдаланыў ҳәм тутыныў тәртибин бузғанлық ушын пуқаралар ҳәм лаўазымлы шахслар Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодексине муўапық ҳәкимшилик жуўапкерликке тартылыўы белгиленген. Сондай-ак, Режениң 60-бәнтинде суўдан пайдаланыўшылар ҳәм тутыныўшыларға олар тәрепинен аўыл хожалығы, балықшылық хожалығы, санаат, энергетика ҳәм коммунал турмыслық зәрүрликлер ушын суў алыў тәртиби бузылған жағдайда суўдан тутыныўшылар тәрепинен лимиттен артықша суў алынғаны ушын – лимиттен артықша алынған ҳәр мың кубометр суў ушын-белгиленген базалық есаплаў муғдарының 20 проценти муғдарында, ал суў алыўға руxcат етилмеген орынлардан суў алғанлығы ушын, сондай-ақ, суўдан пайдаланыўшылар ҳәм тутыныўшылар тәрепинен суўды өзбасымшалық пенен ийелегенлиги ушын алынған ҳәр мың кубометр суў ушын – белгиленген базалық есаплаў муғдарының 30 проценти муғдарында жәрийма санкциялары қолланылыўы белгиленген.

Сондай-ақ, бир жыл даўамында суўдан пайдаланыў ҳәм тутыныў тәртибиниң бузылыўы тәкирарланған жағдайда усы бәнтте көрсетилген жәрийма санкциялары он есе муғдарында қолланылыўы белгилеп қойылған.

Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодексиниң 74-статьясы 2-бөлимине муўапық, жасалма суў ағымлары (ашық ҳәм жабық каналлар, коллектор-дренаж тармақлары) суў бассейнлери (суў қорлары, сел суўлары топланатуғын орынлар, хәўизлер ҳәм басқалар) және басқа да жасалма суў объектлеринен алынатуғын суўдан пайдаланыў ҳәм суўды тутыныў қағыйдаларын бузыў, яғный, суўдан хожасызларша пайдаланыў. Суўлардың ҳәм суў обьектлериниң ҳалатына тәсир етиўши гидротехникалық ҳәм басқа да жумысларды өзбасымшалық пенен орынлаў, суў объектлеринен белгиленген суў алыў лимитлери, суўдан пайдаланыў ҳәм суўдан тутыныў режелерин бузыў пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Усы статьяда нәзерде тутылған ҳуқуқ бузарлықлар ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайталанса пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазымлы шахсларға он есесинен жигирма есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўга себеп болады.

75-статьясы 1-бөлими бойынша суў объектлеринен алынатуғын ҳәм оларға қойылатуғын суў муғдарының дәслепки есабын жүргизиў ҳәм ағып келип қосылып атырған суўлардың сапасын анықлаў қағыйдаларын бузыў, сондай-ақ, мәмлекетлик суў кадастрин жүргизиўдиң белгиленген тәртибин бузыў – лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайталанса лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

76-статьясы 2-бөлими бойынша суў хожалығы имаратлары ҳәм қурылмаларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў – лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының жети есесинен он есесине шекем шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Сонлықтан, суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў, ҳәр бир пуқараның миннетли ўазыйпасы болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги